Бул арқалы системада жүдә көп тийкарғы бағдарлар, кәсиплик билимлендириў системасын 2030-жылға шекем реформалаўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери белгилеп берилди. Қарар тийкарында 2026/2027-оқыў жылынан баслап мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасында үзликсиз кәсипке бағдарлаў системасын енгизиў режелестирилмекте. Бунда "Әтирапымыздағы кәсиплер" бағдарламасы тийкарында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринен баслап кәсиплер ҳаққында дәслепки түсиниклер "Кәсиплер әлипбеси", "Кәсиплер дүньясы", "Мениң келешектеги кәсибим" бағдарламалары менен беккемленеди. Соңғы басқышта оқыўшылардың қызығыўшылығы, қәбилети ҳәм таланты мектеп кеңесгөйлери тәрепинен анықланып, оларды академиялық билимлендириў ямаса кәсип-өнер бағдарларына мақсетли бағдарлаў жумыслары орынланады.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мағлыўматына бола, 2024/2025-оқыў жылында 600 мыңнан аслам оқыўшы 9-классты питкерген. Бүгин олардан 161 мыңы оқыўын техникумларда даўам еттирмекте. Быйылғы оқыў жылында болса 9-класс питкериўшилериниң (622 мың) 34 процентин профессионал билимлендириў шөлкемлерине тартыў режелестирилген. Бул елимизде маман кадрлар таярлаў ҳәм мийнет базарының талапларына сәйкес қәнигелер жетистириўге қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Ҳәзирги күнлерде жаслардың кәсип-өнерге қызығыўшылығын және де арттырыў, оларды кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде жаратылған шараятлар менен жақыннан таныстырыў мақсетинде мектеплерде Кәсиплик билимлендириў агентлиги менен биргеликте "Ашық есиклер күни" илажлары шөлкемлестирилмекте. Бул арқалы оқыўшылар техникумлардағы заманагөй материаллық-техникалық база, үскенеленген оқыў ханалары, әмелий лабораториялар, устахана ҳәм билим алыўшылар ушын жаратылған қолайлы орталықты өз көзи менен көрмекте. Сондай-ақ, жаслар өзлерин қызықтырған бағдарлар бойынша әмелий көргизбелерде қатнасыў, технологиялық процесслерди тиккелей бақлаў имканиятына ийе болмақта.

Жақын арада, питкериў имтиханын тапсырып болған оқыўшылар таңлаўда екиленбеўи, анық мақсетке ийе болыўы ушын өз алдына сораўнамалар өткерилмекте. Көпшилик сораўнамалар таллаўынан дуал билимлендириўге қызығыўшылық үлкен екени көринеди. Әсиресе, 9-класс питкериўшилериниң көпшилиги кәсиплик билимлендириўдиң усы формасын абзал көрмекте. Ата-аналар болса дәстүрий техникумларды, көбирек теориялық билим алыўды жақлайды.

Дуал тәлимниң абзаллықлары неде?

Мәмлекетимизде жумыс бериўшилердиң талабы тийкарында орта буўын кадрларын таярлаў процеси бойынша нәтийжели жумыслар исленбекте, — дейди Профессионал билимлендириў агентлигиниң мийнет базары ҳәм билимлендириў интеграциясы басқармасының баслығы Фаррух Машарипов. — Атап айтқанда, экономиканың барлық тараўында маман ҳәм заманагөй кәсиплик көнликпелерге ийе орта буўын кадрларын таярлаў, жаслардың кәсип ҳәм қәнигеликлерди ийелеўге қызығыўшылығын есапқа алып, өз кәсиплик көнликпелерин раўажландырыў ушын кәсиплик билимлендириў шөлкемлеринде дуал билимлендириў түринде оқытыў жолға қойылды. Дәстүрий билимлендириў системасы тийкарынан теориялық билимлерге бағдарланған болып, әмелий көнликпелер жетиспейди. Усы мәнисте, дуал билимлендириў системасы - билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясы тийкарында кадрлар таярлаў модельи сыпатында әҳмийетли. Ол мийнет базарындағы кадрлар жетиспеўшилигин сапластырыў ҳәм жаңа технологиялардан пайдалана алатуғын маман жас кадрларды жеткерип бериўге хызмет етеди.

Дәстүрий билимлендириўге салыстырғанда абзаллықларын санап өтсек, бәринен бурын, өндирис ҳәм кәсиплик билимлендириў интеграциясы, яғный теориялық билимлер менен бирге әмелий көнликпелер қәлиплеседи. Оқыўшылар теориялық билимлерди реал жумыс шараятларында қолланыў имканиятына ҳәм сол арқалы жумыс тәжирийбесине ийе болады. Сондай-ақ, оқыўшылардың мийнет базарына бейимлесиў процеси жолға қойылады. Қалаберди, питкериўшилердиң жумысқа жайласыў имканияты кеңейеди, жумыс бериўшилер менен билимлендириў мәкемеси арасында бирге ислесиў беккемленеди.

Мәмлекетимиз басшысының қарары менен кәсиплик билимлендириў системасын 2030-жылға шекем реформалаўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери сыпатында кәсиплик билимлендириў системасында дуал билимлендириўдиң үлесин әмелдеги 9 проценттен 40 процентке жеткериў белгиленди. Бүгин техникумларда шөлкемлестирилген дуал билимлендириў формасы әмелде билимлендириўдиң теориялық бөлеги, яғный 30 проценти техникумларда, билимлендириўдиң әмелий бөлеги 70 проценти кәрхана ҳәм шөлкемлерде өткериледи.

Кәсиплик билимлендириўге қабыллаў режеси қандай?

2026/2027-оқыў жылында техникумлардың қабыллаў параметрлери тастыйықланды. Онда 642 техникумға 373 кәсип ҳәм қәнигелик бойынша 336 мың 627 квота бериледи. Соннан 264 мың 372 ямаса 78,5 проценти мәмлекетлик грант. Күндизги билимлендириўге 232 мың 837, дуал билимлендириўге 99 мың 350, кешки билимлендириўге 4440 орын ажыратылады.

9-класс питкериўшилери тийкарында 516 техникумға 184 мың 207 мәмлекетлик грант тийкарында, соннан дуал билимлендириўге 53 мың 960 қабыллаў параметрлери тастыйықланды. 11-класс питкериўшилери тийкарында 587 техникумға 122 мың 740 қабыллаў әмелге асырылатуғын болса, соннан 39 мың 180 дуал билимлендириўге ажыратылады.

Дуал тәлим формасын таңлағанлар жасларды нелер күтпекте?

2026/2027-оқыў жылынан баслап дуал билимлендириў системасы тийкарында ҳәр бир аймақта 14 "жасыл" техникум шөлкемлестириў ҳәм оларда дуал билимлендириў тийкарында билим алып атырған оқыўшыларға стипендия төлеў әмелияты жолға қойылады. Онда ҳәр бир оқыўшыға пәнлерди өзлестириўине қарамастан, базалық есаплаў муғдарының 1 есеси муғдарында, пәнлерди өзлестириў көрсеткишлери 85 проценттен жоқары болған ҳәм кәсиплер бойынша республикалық ҳәм сырт ел таңлаўларының жеңимпазы болған оқыўшыларға базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында стипендия төлениўи нәзерде тутылған. Нәтийжеде усы оқыў жылында дуал билимлендириўде оқып атырған 100 мың оқыўшыға стипендия төленеди.

Буннан тысқары, оқыўшының дуал тәлим формасында оқыған дәўири оның улыўма мийнет стажын есаплаўда инабатқа алынады. Бул болса Мийнет кодексине дуал билимлендириў түсинигин киргизиў зәрүрлигин көрсетеди.

Жумыс бериўшилердиң мәпи неде?

Негизинде, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары тийкарында ашылып атырған жумыс орынларында орта буўын кадрларына талап артыўы нәтийжесинде профессионал билимлендириў шөлкемлеринде кәрхана ҳәм шөлкемлердиң буйыртпасы тийкарында жыл даўамында дуал билимлендириў түринде оқытыў зәрүрлиги жүзеге келди. Соның ушын да кәсиплик билимлендириў шөлкемлеринде жумыс бериўшилердиң буйыртпасы тийкарында дуал билимлендириў түринде оқытыў системасы жолға қойылды.

Бүгин мәмлекетимиздеги 510 техникумда 140 кәсип ҳәм қәнигелик бойынша 14 мың 300 кәрхана ҳәм шөлкем менен биргеликте 67 мың 400 оқыўшы дуал билимлендириў формасында оқымақта. Оқыўшыларға кәрхана ҳәм шөлкемнен 17 мың 100 қәниге әмелият басшысы сыпатында бириктирилген. Сол арқалы олар керекли кадрларды тиккелей өзи таярлап атыр. Мақсетлери анық, умтылыўшаң оқыўшы болса оқыў менен бирге келешектеги жумыс орны ушын көнликпе пайда етпекте. Бул өз-өзинен "билимлендириў – өндирис – бәнтлик" шынжырын беккемлейди.

Буннан тысқары, техникумларда дуал тәлимде оқып атырған оқыўшылар ҳәм питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў көрсеткишинен келип шығып исбилерменлик субъектлерине қосымша балл берилип атыр.

Кәсип-өнер билимлендириўи трансформациясындағы ең оптимал жол

Техникумларда дуал билимлендириўди раўажландырыў заманагөй кәсип-өнер билимлендириўин трансформациялаўдың ең нәтийжели бағдарларынан бири. Болмаса ең раўажланған мәмлекетлер бул усылды нәтийжели деп таппаған болар еди. Быйылғы жылы Германия, Швейцария, Австрияда өзбекстанлы 20 кәсиплик билимлендириў шебери стажировка өтейди. Себеби, бул модель тек ғана теориялық билимлер ҳәм әмелий көнликпелер арасындағы үзилисти сапластырып қоймастан, ал дүнья мийнет базарының талапларына сәйкес, бәсекиге шыдамлы ҳәм тез бейимлесетуғын кадрлар таярлаў имканиятын береди.

Техникумларда дуал билимлендириўди кеңейтиў жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм миллий экономиканың турақлы өсиўин тәмийинлеўде әҳмийетли стратегиялық фактор сыпатында көринеди. Соның ушын да быйылғы жылы 60, келеси жылы 150, 2028-жылы болса қалған барлық кәсиплик билимлендириў бағдарламалары кәсиплик стандартлар ҳәм халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында жаңаланатуғыны белгиленди.

 

Муножат МЎМИНОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы