Соңғы жыллары дүнья көлеминде социаллық қорғаў системасы инсанға бағдарланған жаңа басқышқа көтерилди. Бул нелерде көринбекте? Мәселен, бурын социаллық хызметлер тийкарынан институционаллық формада интернатлар, арнаўлы мәкемелер ҳәм турақлы күтим үйлеринде көрсетилген болса, енди инсанды өзи жасайтуғын орталықта қоллап-қуўатлаў концепциясы қәлиплеспекте. Бул өзгерислер тосыннан емес, әлбетте. Олар демографиялық, экономикалық ҳәм социаллық факторлар тәсиринде жүзеге келген системалы эволюция нәтийжеси. Халықтың қартайыўы мәмлекетлер алдына жаңа ўазыйпаларды қояды. Мәселен, Европа Аўқамы мәмлекетлеринде 65 жастан асқан халықтың үлеси 20 проценттен көп ҳәм бул көрсеткиш жыл сайын өсип бармақта. Японияда болса бул сан 28 проценттен жоқары. Бундай шараятта барлық жәрдемге мүтәжлерди интернатларға жайластырыў ҳәм экономикалық, ҳәм социаллық жақтан мақул шешим емес. Сол себепли дәслеп Скандинавия мәмлекетлери, кейин Германия, Франция ҳәм Японияда үй шараятында хызмет көрсетиў системасы басқышпа-басқыш енгизилди.
Бул моделдиң тийкарғы идеясы жүдә әпиўайы, бирақ терең мәниге ийе. Оған бола, инсан қай жерде жасаўды қәлесе, сол жерде мүнәсип турмыс кешириў имканиятына ийе болыўы керек. Бул модель инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдиң әҳмийетли көриниси болып есапланады. Себеби инсан үйинде, таныс орталықта өзин қәўипсиз, еркин ҳәм қәдирли сезеди. Соның менен бирге, ол өзиниң социаллық байланысларын сақлап қалады. Бул болса руўхый турақлылық ҳәм турмыс сапасы ушын шешиўши әҳмийетке ийе.
Өзбекстанда да социаллық қорғаў системасында усы заманагөй қатнас избе-из енгизилмекте. Мәмлекетлик сиясаттың орайында инсан қәдирин улығлаў идеясы турған шараятта халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына хызмет көрсетиўде жаңа механизмлер ислеп шығылмақта. Үй шараятында социаллық-турмыслық жәрдем көрсетиў хызмети мине усы реформалардың логикалық даўамы сыпатында қәлиплести.
Бул хызмет өзгелердиң күтимине мүтәж жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған болып, оларға тиккелей жасаў орнында комплексли хызмет көрсетиўди нәзерде тутады. Бул жерде "комплексли қатнас" түсиниги айрықша әҳмийетке ийе. Себеби инсанның зәрүрликлери тек турмыслық жумыслар менен шекленбейди. Ол бир ўақыттың өзинде психологиялық, социаллық ҳәм функционаллық жәрдемге де мүтәж болыўы мүмкин. Хызмет қурамына кириўши ўазыйпалар күнделикли турмыс ушын ең зәрүрли талапларды қамтып алады.
Аўқат таярлаў, үйди тазалаў, кийим-кеншеклерди жуўыў сыяқлы жумыслар инсанның тийкарғы турмыслық мүтәжликлерин тәмийинлеўге қаратылған болса, гигиена илажларын әмелге асырыў саламатлық ҳәм жеке күтимди тәмийинлейди.
Соның менен бирге, медицина мәкемелерине бирге ислесиў хызмети арқалы пуқаралардың медициналық хызметлерден толық пайдаланыўына шараят жаратылады. Бул хызметтиң ең әҳмийетли инновациялық тәреплеринен бири тьюторлық элементи болып есапланады. Бул бағдар арқалы пуқараларға өзине-өзи хызмет көрсетиў көнликпелери үйретиледи, санлы технологиялардан пайдаланыўға бағдарланады. Мысал ушын, онлайн мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў, электрон китаплар оқыў, заманагөй гаджетлер менен ислесиў сыяқлы көнликпелер инсанның еркинлигин арттырады.
Мәмлекетимизде үй шараятында 17 мың 897 социаллық-турмыслық хызмет көрсетилгени атап өтилген. Бул көрсеткиш усы хызмет түри халық арасында талап жоқары екенин ҳәм система әмелде жедел ислеп атырғанын билдиреди.
Аймақлар бойынша ең жоқары көрсеткиш Әндижан ўәлаятында дизимге алынған. Үй шараятында социаллық-турмыслық хызметлер кекселер ушын тек ғана жәрдем емес, ал турмыс сапасын сақлап қалыўдың әҳмийетли қуралы болып табылады.
Социаллық хызмет көрсетиў процеси системалы ҳәм реже тийкарында шөлкемлестириледи. Ҳәр бир пайдаланыўшы ушын өз алдына реже-график ислеп шығылып, оған жуўапкер социаллық хызметкер бириктириледи.
Мине, усындай системалы қатнастың әмелдеги нәтийжесин Янгиқорған районында жасаўшы Мақсудахон Бекматова мысалында көриў мүмкин. Ол операциядан соң аўыр жағдайға түсип, өз бетинше ҳәрекетлене алмайтуғын, турақлы күтимге мүтәж жағдайда еди. Жалғыз жасаўы болса оның жағдайын және де қыйынластырған. Сол себепли оған үй шараятында социаллық-турмыслық жәрдем хызмети мәнзилли тәризде көрсетилди.
Реже-график тийкарында бириктирилген социаллық хызметкер көрсеткен турақлы хызметлер нәтийжесинде Мақсудахан апаның турмысында унамлы өзгерислер бақланды. Атап айтқанда, оның менен турақлы байланыс орнатылып, тәрбиялаў жумыслары системалы жолға қойылды. Физикалық шынығыўлар арқалы белсендилиги басқышпа-басқыш тикленди. Бул болса оның тек ғана физикалық емес, ал руўхый жағдайына да унамлы тәсир көрсетти. Нәтийжеде Мақсудахан апа әсте-ақырын өзине-өзи хызмет етиў қәбилетин тиклеп, күнделикли ҳәрекетлерди өз бетинше орынлай алыў дәрежесине жете баслады. Ең әҳмийетлиси, ол өз үйинде, өз орталығында мүнәсип ҳәм турақлы турмыс кешириў имканиятына ийе болды. Бул болса үй шараятында көрсетилип атырған социаллық хызметлердиң инсан тәғдиринде қандай әҳмийетке ийе екенлигин айқын көрсетеди.
Бундай нәтийжелерге ерисиўде хызметлердиң тек ғана мәнзилли емес, ал анық тәртипке салынған ҳәм ашық-айдын шөлкемлестирилгени де әҳмийетли. Соның менен бирге, системада белгиленген тәртипке муўапық, егер пуқара социаллық қоллап-қуўатлаў орайы ямаса "Мүриўбет" интернат-үйине ўақтынша жайластырылса ямаса санаторий ҳәм емлеў мәкемесинде болса, усы дәўирде үй шараятындағы хызмет көрсетиў тоқтатылады. Бул қатнас ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм хызметлерди ҳақыйқый мүтәжлик бар болған жағдайларда нәтийжели көрсетиў имканиятын береди.
Кексе адам ушын ең үлкен қәдирият оның үйи, естеликлери ҳәм әдеттеги орталығы болып есапланады. Бул хызмет арқалы олар өз үйинен шықпастан турып, зәрүр барлық жәрдемди алыў имканиятына ийе болады. Соның менен бирге, бул хызмет социаллық изоляцияның алдын алыўда да әҳмиетли орын иелейди.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, социаллық хызмет шаңарақтың жүгин жеңиллестиреди. Көпшилик жағдайларда кекселерге ғамхорлық етиў ўазыйпасы шаңарақ ағзаларының мойнына түседи. Үй шараятында социаллық хызметлер арқалы бул жүк бир бөлеги мәмлекет ҳәм жәмийет тәрепинен қапланады. Бул болса шаңарақлар ушын үлкен жеңиллик.
Хызметтиң нәтийжелилигин баҳалаў механизмлериниң енгизилгени де оның заманагөйлигин көрсетеди. Пайдаланыўшының қанаатланыў дәрежеси, шағымлардың бар екенлиги ҳәм үй жағдайының баҳаланыўы арқалы хызмет сапасы турақлы мониторинг етиледи. Бул болса системаны турақлы жетилистириў имканиятын береди.
Үй шараятында социаллық-турмыслық жәрдем көрсетиў хызмети инсанға мүнәсибет өзгергенин көрсетиўши әҳмийетли өлшем. Жаңа хызмет модели арқалы жәмийетте ғамқорлық, жуўапкершилик ҳәм инсан қәдирине ҳүрмет және де беккемленеди. Ең әҳмийетлиси, ҳәр бир инсан өз үйинде, өз орталығында мүнәсип турмыс кешириў имканиятына ийе болады.
Лазизжон НУРИДДИНОВ,
Социаллық қорғаў миллий агентлиги жуўаплы хызметкери