Мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги қәўетерли заманда мәмлекетимизде жәмийетлик қәўипсизликти исенимли тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири екенин атап өтти. Усы мақсетте Ишки ислер министрлигиниң Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти шөлкемлестирилип, оның қурамына ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жәмийетлик тәртипти сақлаў, жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳәм пробация хызметлери киргизилди. Ҳәзирги ўақытта ИИМ жеке қурамының дерлик 30 проценти усы департаменттиң үлесине туўра келеди.
Бундай үлкен ҳәм қурамалы системаны нәтийжели басқарыў жаңаша қатнасларды талап ететуғыны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен презентация даўамында тараўда басқарыў ҳәм санлы қадағалаўдың заманагөй механизмлерин енгизиў, нәтийжелилик көрсеткишлерин "жазалаў системасынан - халыққа хызмет ететуғын системаға" принципи тийкарында қайта көрип шығыў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Мәҳәллелерде профилактика жумысларын шөлкемлестириў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Бүгинги күнде республикамыздағы 9 мыңға шамалас мәҳәлледе 10 мыңнан аслам профилактика инспекторы хызмет етпекте. Өткен жылы олар тәрепинен пуқаралардың 2,5 миллионнан аслам мүрәжаты көрип шығылып, 470 мыңнан аслам жағдай бойынша материаллар судларға жиберилген. Соның менен бирге, инспекторлар үстинен басқарыў буўынларының ҳәдден тыс көбейип кеткени ақыбетинде мәҳәллелерде қәўипсизлик ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў мәселелерине жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атырғаны атап өтилди.
Сол себепли профилактика инспекторларын оларға тән болмаған ўазыйпалардан азат етип, оларды тиккелей өз жумысы - мәҳәлледе қәўипсизликти тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, халықтың машқалалары менен мәнзилли ислесиўге толық бағдарлайтуғын система жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, күнлик инструктажды онлайн тәризде өткериў әмелиятын жолға қойыў, хызметти "Мениң инспекторым" электрон системасы арқалы шөлкемлестириў, суд-медициналық экспертиза мәкемелери менен мағлыўматлардың электрон алмасыўын жолға қойыў, инспекторларды хызметтен ажыралмаған ҳалда онлайн оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыўды тәмийинлеў, мәҳәлледе қәўипсизликти тәмийинлеўге жәрдемлесетуғын "Жәмийетлик жәрдемшилер" топарларын қәлиплестириў усыныс етилди.
Сондай-ақ, айырым ҳуқықбузарлықлар бойынша қарар қабыл етиў ўәкиллигин бериў, 6 кем әҳмийетли қылмыс бойынша ҳәкимшилик ескертиў системасын енгизиў мәселелери көрип шығылды.
Бул инспекторға тиккелей мәҳәлледе ислеў имканиятын берип, жумыс нәтийжелилигин арттыратуғыны, халық пенен жақыннан ислесиў имканиятын арттыратуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, үзликсиз профилактика жумысларын жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Буның ушын жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақлардағы машқалалардың ерте алдын алыўға хызмет ететуғын, мәҳәлле дәрежесинде профилактика инспекторы, мектептеги инспектор-психолог ҳәм мәҳәлледе жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлар бойынша инспекторларды бирлестиретуғын бир пүтин механизм жаратылады. Усы мақсетте реал ўақыт режиминде мағлыўматлар алмасыўын ҳәм бирден-бир мағлыўматлар базасына кириўди тәмийинлейтуғын профилактика мәлимлеме системасы енгизиледи.
Кадрлар таярлаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Жәмийетлик қәўипсизлик хызметкерлерин таярлаў системасы әмелият пенен тығыз байланысқан мәнзилли дуал оқытыў тийкарында қайта көрип шығылып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, Ишки ислер министрлиги Академиясы ҳәм Жәмийетлик қәўипсизлик университети арасындағы бирге ислесиўде профилактика инспекторлары, пробация инспекторлары, патруль-пост, жол-патруль ҳәм қорғаў хызметлери қәнигелерин мақсетли таярлаўдың жаңа модели усыныс етилди. Бунда теория ҳәм әмелият төмендегише бирлестириледи: биринши курста - 80/20, екинши курста - 60/40, үшинши курста - 50/50.
Оқыў процесинде социаллық профилактиканы әмелге асырыў, процессуал ҳәрекетлерди орынлаў, стандарт емес жағдайларда дурыс қарарлар қабыл етиў, жаўынгерлик таярлық, психологиялық турақлылық, қарым-қатнас мәденияты ҳәм бөлимлерди басқарыў сыяқлы әмелий компетенциялар қәлиплестириледи.
Тыңлаўшы ҳәм студентлер стажёр лаўазымларына тайынланады, жумысларды еркин алып барыў ҳәм қарар қабыл етиў ўәкиллигине ийе болады, олардың жумысы устаздың қадағалаўы ҳәм жуўапкершилиги астында әмелге асырылады. Оқыў тамамланғанынан соң 5 жыл даўамында оларды мониторинг етиў, маманлық дәрежесин системалы арттырып барыў жолға қойылады.
Президентимиз билдирилген усынысларды мақуллап, мәҳәллелерде жәмийетлик қәўипсизликти исенимли тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, пуқаралардың мүрәжатларына жедел мүнәсибет билдириў, хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған анық шешимлер ислеп шығыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.