Бирақ кейинги жыллары бул тенденция өзгерди. Енди бул талап мәўсим таңламай атыр. Жылдың қайсы дәўири болмасын, адамлардың электр энергиясынан пайдаланыўы турақлы артып бармақта. Бул елимиздеги раўажланыў, халықтың абаданлығының өсип барыўы, экономика тармақларының раўажланыўы сыяқлы унамлы факторлар менен байланыслы. Бирақ мәселениң басқа тәрепи сонда, талап артыўы энергетика тараўы ўәкиллери алдына халықты үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў ўазыйпасын қояды.
Гәп 38,5
миллионнан аслам ўатанласларымызды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў
ҳаққында бармақта. Бул сан кейинги жылларда жедел өсип атырғаны көпшиликке
белгили. Қалаберди, халық саны менен бирге мәмлекет экономикасы да жедел
раўажланбақта, қысқа ўақытта көрсеткишлер бираз жоқарылаған. Демек, электр токына
талап та соған жараса артып бармақта. Бир ғана мысал, 2016-жылы елимизде электр
энергиясынан пайдаланыў 45,7 миллиард киловатт саат болған болса, 2025-жылы бул
көрсеткиш 71 киловатт саатқа жетти.
Бул санлар
өз-өзинен пайда болып атырған жоқ. Талапқа жараса усынысты қәлиплестириў ушын
тараўда үлкен өзгерислер, ири реформалар болып өтпекте. Анығырағы, Өзбекстан энергетика
тараўы соңғы он жылда мәмлекет экономикасының тийкарғы бағдарына айланып, ең
көп инвестиция тартылатуғын тармаққа айланды. Өткен ўақытта мәмлекетимиз
басшысының басшылығында энергетика тараўында мәмлекетлик-жеке меншик
шерикликтиң заманагөй механизмлери жаратылып, инвесторлар ушын ашық-айдын
қағыйдалар енгизилди. Кейинги тоғыз жылда тараўға дерлик 35 миллиард доллар
муғдарында тиккелей инвестиция тартылып, 9 гигаватт жаңа генерация қуўатлылығы
иске қосылғаны буны айқын дәлиллейди. Соған жараса мәмлекетимизде электр
энергиясын ислеп шығарыў көлеми дерлик 40 процентке артып, 60 миллиард киловатт
сааттан 85 миллиард киловатт саатқа жетти.
Бул елимиз
бойлап мыңлаған шаңарақларға электр энергиясы кирип барды, дегени. Негизинде,
тараўдағы реформалардан гөзленген тийкарғы мақсет те усы - адамларды разы етиў,
халықтың электр энергиясына талабын толық қанаатландырыў. Бирақ бул енди
тармақта ҳеш қандай үзилис, авариялық жағдай болмайды, дегени емес. Ҳәр қыйлы
ҳаўа-райы шараятында бундай жағдайлардың бақланыўы тәбийғый.
Қалаберди,
жыллар даўамында тараўға жетерли итибар қаратылмағаны себепли елимизде энергетика
инфраструктурасының тийкарғы бөлеги физикалық жақтан ескирген. Бүгин системаға
үлкен қаржы ажыратылып атырғанының себеби сонда. Соның есабынан бир неше он
жыллар даўамында исленбеген реформалар әмелге асырылмақта. Жаңа тармақлар
тартылып, шетки аймақларға шекем электр энергиясы кирип бармақта.
Ҳәр бир
жойбар жаңа тармақлар дегени
Бундай
ҳәрекетлер елимиздиң барлық аймақларында жедел әмелге асырылмақта. Соның
есабынан халықты электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў көрсеткиши артып
бармақта. Буннан 9-10 жыл алдынғы жағдай менен ҳәзирги жағдайды салыстырған ҳәр
қандай инсан буны айқын сезеди. Себеби тараў ўәкиллериниң тийкарғы мақсети әйне
электр тәмийнатының үзликсизлигин тәмийинлеўге қаратылған. Бул тиккелей
халықтың турмыс тәризи, санаат кәрханаларының раўажланыўы менен байланыслы
мәселе екени жуўапкершиликти және де арттырады.
Электр энергиясы
халыққа электр жеткерип бериў тармақлары ҳәм подстанциялар арқалы жеткерип
бериледи. Соның ушын олардың саз жағдайда ислеўи тийкарғы мәселе болып
есапланады. Бүгин "Өзбекстан миллий электр тармақлары" акционерлик
жәмийети қурамындағы 14 аймақлық филиал қарамағында 35-500 киловаттлы 38 мың
682 километр узынлықтағы электр узатыў тармақлары және 1672 подстанция бар.
Олардың улыўма қуўатлылығы 60 мың 341 мегаватт толық қуўатлылыққа тең.
Халыққа
электр энергиясын үзликсиз жеткерип бериў ушын, бәринен бурын, магистраль
электр тармақлары ҳәм подстанцияларды турақлы модернизациялаў ҳәм
реконструкциялаў зәрүр. Бул әдетте инвестициялық жойбарлар есабынан әмелге
асырылады. Көпшилик ири жойбарларды халықаралық финанс шөлкемлери
қаржыландырмақта. Атап айтқанда, халықаралық финанс институтларынан тартылған
кредитти өзлестириў дәрежеси 2021-жылға салыстырғанда дерлик 5 есеге артты.
Бүгинги
күнде биргеликте 19 инвестициялық жойбарды қаржыландырыў ушын 1,4 миллиард
доллар кредит тартылған. Бул жойбарлар шеңберинде аймақларда 2385 километр
электр узатыў тармағын тартыў ҳәм 8062 мегавольт ампер қосымша қуўатлық жаратыў
жумыслары орынланбақта.
Бул бағдарда
2030-жылға шекем мөлшерленген режелер де бар. Олар тек ғана реже емес, ал анық
жойбарлар болып есапланады. Соның ишинде, 2030-жылға шекем магистраль электр
тармақлары ҳәм подстанцияларды раўажландырыў және жаңа электр станцияларын энергетика
системасына интеграциялаў мақсетинде улыўма баҳасы 4,1 миллиард долларлық 119
инвестициялық жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған. 18 жойбар шеңберинде
4375 километрлик улыўма қуўатлылығы 500 киловатт болған электр узатыў
тармақлары тартылады. Бул жойбарлардың 7 ин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик
тийкарында инвесторлар әмелге асырады.
Бир бөлегин альтернатив энергия қаплайды
Режелер,
жойбарлар жақын бир неше жылларды қамтып алып атырғаны бийкарға емес. Себеби,
электр энергиясына талап күн сайын өсип бармақта ҳәм оны тәмийинлеў ушын
алдыннан илажлар көриў зәрүр. Мәселен, 2030-жылға барып мәмлекетимиз
тутыныўшыларының электр энергиясына жыллық талабы ҳәзирги 74 миллиард киловатт
сааттан 110 миллиард киловатт саатқа шекем артыўы есап-санақ етилген. Демек,
жеткерип бериў дәреклерин де соған жараса арттырып барыў керек. Бул талаптың
бир бөлеги болса альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыў көрсеткишин
арттырыў есабынан қапланады.
Бүгин
мәмлекетимизди электр энергиясы менен тәмийинлеў ҳаққында сөз болғанда
альтернатив энергия дәреклерине айрықша итибар қаратылып атырғаны рас. Ҳәр
қалай Өзбекстан "жасыл" энергетика бағдарында қысқа ўақытта өз
тәжирийбесин жаратып, регионда жетекшилик етпекте. Ҳәттеки алдынғы мәмлекетлер
елимиздиң бул бағдардағы исенимли қәдемлерин тән алып, бул бағдарға иркилместен
инвестиция киргизбекте.
Мәмлекетимизде
"жасыл" энергетиканы раўажландырыў бағдарындағы реформалар әмелде де
айқын көзге тасланбақта. Атап айтқанда, бүгин елимиз бойлап улыўма қуўатлылығы
5582 мегаватт болған 20 ири қуяш ҳәм самал электр станциясы жумыс алып
бармақта. Сондай-ақ, улыўма қуўатлылығы 1545 мегаватт болған 12 энергия сақлаў
системасы иске қосылды. Бул "жасыл" станциялар 2022-жылы 434 миллион
киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарған болса, 2025-жылы бул көрсеткиш
10,5 миллиард киловатт саатқа жетти. Усы жылдың усы дәўирине шекем ислеп
шығарылған "жасыл" энергетика қуўатлылығы да 4 миллиард киловатт саат
көрсеткиш пенен өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 29 процентке жоқары
екени атап өтилди. Бул Өзбекстан картасында "жасыл" энергетика қамтып
алыўы кеңейип атырғанын көрсетеди.
Өзбекстанда
2030-жылға барып қуяш ҳәм самал электр станцияларының улыўма қуўатлылығын 21
гигаваттқа жеткерип, жылына 60 миллиард киловатт саат "жасыл" энергия
ислеп шығарыў режелестирилген. Сонлықтан, елимизде альтернатив энергия
дәреклерине өтиў көрсеткиши ҳәм талап, ҳәм зәрүрлик жағынан артып бармақта.
Санаат кәрханаларын альтернатив энергия системасына өткериў илажлары
көрилмекте. 2027-жылға шекем ири кәрханалар ҳәм туризм орынларында 752
мегаваттлы қуяш станциясы және 812 мегаваттлы сақлаў қуўатлықларын
шөлкемлестириў режелестирилген.
Басқа
аймақларда да жумыслар жедел орынланбақта. Көплеген хожалықлар әллеқашан қуяш
панельлеринен пайдаланыўға өткен. Нәтийжеде елимизде электр энергиясын ислеп
шығарыў көлеминде қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң үлеси артпақта.
2023-жылы бул көрсеткиш 15 процентти қураған болса, 2025-жылдың ақырында 25
проценттен асты. Бул санлар Өзбекстанның турақлы ҳәм кем углеродлы энергетика
келешегине садықлығын көрсетеди.
Улыўма,
миллий экономикамыздың тийкарғы бағдарларынан бирине айланған ҳалда энергетика
тараўында локализациялаў дәрежеси артып бармақта. Тармақта пайдаланылатуғын
қурылмалардың көпшилиги жергиликли кәрханаларда ислеп шығарылмақта. Тәжирийбели
жергиликли қурылыс шөлкемлериниң қурамында бүгин 70 тен аслам бригада ҳәм
мыңнан зыят арнаўлы техника бар. Олар бир айда 84 километр ҳәм бир жылда 1000
километрден аслам 500 киловаттлы электр узатыў тармақларын тартыў имканиятына ийе.
Бүгин
мәмлекетимиздиң энергия тәмийнаты тараўында қаржы да, жергиликли қуўатлылық та,
шараят ҳәм потенциал да жетерли. Тек ғана оларды системалы ҳәм турақлы иске
қосыў, жаңа қуўатлықларды жаратыўға қаратылған жойбарлардың көлемин арттырыў
керек. Алдымызға қойылған мине усы мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў арқалы
елимизде электр энергиясының үзликсизлигин тәмийинлеўге бел байлағанбыз. Онда
заманагөй технологияларды қолланыў есабынан үнемлиликти және де арттырыў да
тийкарғы ўазыйпаларымыздан.
Феруз
ҚУРБОНОВ,
“Өзбекстан миллий электр тармақлары” АЖ
басқарма баслығының орынбасары