Бүгин мәмлекетимизде "Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын" деген ийгиликли идея тийкарында өткерилип атырған кең көлемли реформалар себепли Қарақалпақстан да өзиниң жаңа раўажланыў дәўирине қәдем қоймақта.
Президентимиз Аралбойы аймағын турақлы раўажландырыў,
ол жерде жасап атырған халықтың турмыс сапасын ҳәм дәрежесин турақлы арттырып
барыў мәселелерине турақлы итибар қаратпақта. Бул ҳаққында сөз болғанда,
2017-жылдан ҳәзирги күнге шекем Қарақалпақстанды раўажландырыў, абат ҳәм абадан
аймаққа айландырыўға қаратылған 80 нен аслам пәрман ҳәм қарарлар қабыл
етилгенин атап өтиў керек. Бул ҳүжжетлер тийкарында жаратып берилген кең
имканиятлар себепли барлық тараўда жаңаланыў ҳәм жедел өсиў жүз бермекте.
Мысал ушын, Қарақалпақстанның жалпы аймақлық өними
2017-жылы 13 триллион 500 миллиард сум ямаса 1 миллиард 600 миллион долларды
қураған болса, өткен дәўирде бул көрсеткиш 4 есеге өсип, усы жылдың басында 54
триллион сум ямаса 4 миллиард 500 миллион доллардан асты. Халықтың жан басына
туўра келетуғын жалпы аймақлық өнимниң көлеми 2017-жылдағы 7,5 миллион сумнан
26,5 миллион сумға жетти.
Қысқа мүддетте бизнес ҳәм инвестициялар ушын қолайлы
орталық, исбилерменлерге дәрамат табыўы ушын жаңадан-жаңа имканиятлар
жаратылғаны нәтийжесинде ҳәзирги ўақытта бул аймақта заманагөй санаат ҳәм күшли
исбилерменлер қатламы қәлиплести. Буны өткен дәўирде кәрханалардың саны еки
есеге көбейип, 26 мыңға, санаат өнимлериниң көлеми болса 4,2 есеге өсип, 29
триллион сумға жеткени мысалында да көриў мүмкин. 2017-жылы 6 миллион доллар
сырт ел инвестициясы өзлестирилген болса, бул көрсеткиш дерлик 500 есеге өсип,
2025-жылы 2 миллиард 500 миллион долларды қурағаны дыққатқа ылайық. Экспорт
көлеми болса 2017-жылға салыстырғанда 13,5 есеге артып, 2025-жылы 435 миллион
долларға жетти.
Халық ҳәм исбилерменлер ушын берилген айрықша
жеңилликлер ҳаққында айтатуғын болсақ, исбилерменлер ушын пайда салығы,
айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң мүлк ҳәм жер салығы ставкалары
2 есеге азайтылды. Социаллық салық 1 процент етип белгиленди. Нәтийжеде
2023-2025-жылларда 17 мыңнан аслам исбилерменниң ықтыярында 567 миллиард сумнан
аслам қаржы қалды.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан ушын жойбарларды
әмелге асырыў орайы, Исбилерменликке көмеклесиў дирекциясы, Қарақалпақстанды
социаллық-экономикалық раўажландырыў қоры жумыс алып бармақта. Аймақта 7 жыл
мүддетке 14 процентлик, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен кредитлер берилиўи
жолға қойылды. Санаат кәрханалары ушын электр энергиясынан 15 процентлик
жеңиллик берилиўи нәтийжесинде 2500 ден аслам кәрхананың ҳәр айда орташа 4-5
миллиард сум қаржысы үнемленбекте.
Бундай имканиятлар себепли киши бизнестиң жалпы
аймақлық өнимдеги үлеси 2020-жылдағы 62,5 проценттен 2025-жылы 65,5 процентке
көтерилди. Санааттағы үлеси болса сәйкес түрде 24,7 проценттен 41,3 процентке,
хызмет көрсетиўде 52,2 проценттен 74 процентке, экспортта 21,6 проценттен 43,7
процентке жетти.
Халықтың жасаў шараятын жақсылаў ҳәм турақ жайға
талабын қанаатландырыў мақсетинде исленип атырған жумыслар себепли соңғы төрт
жылда Аралбойында 8749 квартиралы 224 көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға
тапсырылды. 1734 пуқараға 53 миллиард 400 миллион сумлық субсидия ажыратылып,
басланғыш төлеми қаплап берилди. Усы жылы болса және 4206 квартиралы 103 көп
қабатлы турақ жай қурылмақта.
Мәмлекетимиз басшысының айрықша тапсырмасы тийкарында
ҳүкиметтиң тийисли қарары қабыл етилип, жарамсыз жағдайдағы дерлик 18 мың 500
турақ жай жаңадан қурылды ҳәм оңланды. Усы тәризде аўыр шараятта жасап атырған
70 мыңға шамалас адамның турақ жай шараяты түп-тийкарынан жақсыланды. Президент
Администрациясының басшысы С.Мирзиёева Хожели районындағы Сарышүнгил, Жаңа жап
ҳәм Күн нуры мәҳәллелеринде термиттен зыян көрген 147 үйде жасап атырған
адамлар менен жеке ушырасып, пикирлести. Буннан кейин бул шаңарақларды басқа
жерге көшириў ушын бюджеттен 33 миллиард сум ажыратылды.
Тақыятас районында өткен әсирдиң 50-жылларында
ағаштан ўақтынша жатақхана сыпатында қурылған 5 барак типиндеги жайда
жасайтуғын тоқсаннан аслам шаңарақ та талапқа жуўап беретуғын жайларға
көширилди. Қоңырат районының Бостан ҳәм Жаслық елатлы пунктлеринде авариялық
жағдайдағы көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғын пуқараларға жаңадан қурылған
көп қабатлы турақ жайлар бийпул тапсырылды.
Әлбетте, Қарақалпақстанның шетки район ҳәм
аўылларындағы бундай үлкен дөретиўшилик жумыслары аймақтың
социаллық-экономикалық көринисин түп-тийкарынан өзгертип атыр. Усы жерде және
бир мысал келтириўди орынлы деп билемиз. Нөкис қаласынан 440 километр, Қоңырат
районы орайынан 340 километр узақлықта жайласқан Қарақалпақстан посёлкасы
елимиздиң арқа дәрўазасы болып есапланады. Үстирттиң қус ушса қанаты, адам
жүрсе аяғы күйетуғын шексиз тегисликлериниң қойнында жайласқан бул аўыл
турмысында Президентимиздиң 2018-жылы берген тапсырмасынан кейин түпкиликли
өзгерислер жүз берди.
Атап айтқанда, 25 көп қабатлы турақ жай, ишки жол ҳәм
жоллар оңланды. Көшелерге жақтыландырыўлар орнатылды. Жас шаңарақлар, кем
тәмийинленген ҳәм майыплығы болған пуқаралар ушын 24 арзан турақ жай, бажыхана
хызмети хызметкерлери ҳәм шегарашылар ушын хызмет үйлери қурылды.
Аймақтағы 41 километрлик ишимлик суў тармағы
жақсыланды, 16 километр ишки жоллар, 21 трансформатор, 3 километр газ тармағы
ҳәм 16 газ бөлистириў пункти, метеостанция, темир жол вокзалында оңлаў
жумыслары орынланды, 2 бәндирги қурылды.
Сегиз социаллық объект, соның ишинде, еки улыўма
билим бериў мектеби, еки мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, жас өспиримлер
спорт мектеби, колледж, шаңарақлық поликлиника имараты толық оңланды. Өткен әсирдиң
90-жылларынан берли қараўсыз қалып кеткен клуб заманагөй мәденият сарайына
айландырылды. Мәҳәлледе футбол ҳәм балалар майданшасы қурылды. Тигиў цехы иске
қосылып, 80 ҳаял-қыз турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинленди. Бир сөз бенен
айтқанда, усы алыс шегара аймағында исленген жумыслар мәмлекетимиздиң халықшыл
сиясатының және бир әмелий көриниси болды.
Аймақта жолларды абат етиўге де айрықша итибар
қаратылмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстанда кейинги 5 жылда 6579 километр
узынлықтағы жолларда қурылыс-реконструкция ҳәм оңлаў жумыслары орынланды. Соның
ишинде, 2533 километр асфальт ҳәм бетон жолларда қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары
орынланған болса, 4046 километр жолға шебен төселди.
"Қоңырат - Бейнеў" автомобиль жолының 240
километр бөлегине цемент-бетон қапламасының жатқарылғаны тек ғана Аралбойы
аймағы емес, ал мәмлекетимиз турмысындағы үлкен ўақыялардан бири болды. Әмиўдәрья
үстинде темир жол ҳәм автомобиль жолынан ибарат ири қоспа көпир қурылып,
пайдаланыўға тапсырылыўы менен қарақалпақстанлылар ҳәм хорезмлилердиң әсирлик
әрманы орынланды.
Кейинги 9-10 жылда социаллық тараўда да кең көлемли
реформалар әмелге асырылды. Атап айтқанда, мәмлекет қарамағындағы 264 балалар
бақшасында қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары орынланып, қамтып алыўы
2016-жылдағы 25 проценттен 84 процентке жеткерилди ҳәм Қарақалпақстан бул
бағдарда ең алдынғы аймақлардан бирине айланды.
Сондай-ақ, 224 мектептиң қурылғаны ҳәм толық
оңланғаны есабынан мыңлаған жаңа оқыўшы орны ашылды, үш сменалы оқыў толық
сапластырылды.
Реформалар басланғанынан берли аймақтағы жоқары оқыў
орынларының саны 6 дан 11 ге жеткерилди. Жоқары билимлендириў мәкемелерине
қабыллаў көрсеткиши 2016-жылдағы 9 проценттен 55 процентке көтерилди. Булардың
барлығында қарақалпақстанлы жаслар ушын ажыратылып атырған қосымша квоталар
әҳмийетли тийкар болмақта. Аймақта өндирис көлеминиң кеңейиўи нәтийжесинде
кадрларға талап артты. Сол себепли Президентимиздиң пәрманына тийкар 2022-2023
оқыў жылынан баслап ҳәзирги күнге шекем қарақалпақстанлы жаслар ушын қосымша 30
мың 700 орын ажыратып берилди.
Аралбойында 2023-2025-жылларда 253 миллиард 395
миллион сум есабынан 67 денсаўлықты сақлаў объектинде қурылыс-оңлаў жумыслары
орынланды. Медицинаның раўажланыўына қаратылып атырған итибардың нәтийжесинде
халық арасында кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм өлимшилик дәрежесин бир неше
есеге азайтыўға ерисилди. Дем алыў системасы кеселликлери азайыўы бақланбақта.
Соның ишинде, бирлемши кеселлениў 2022-жылы ҳәр 100 мың халыққа салыстырғанда
42 мың 449 ды қураған болса, бүгинги күнге келип бул көрсеткиш 33 мың 294 ке
түсти. Дем алыў системасы бойынша улыўма кеселлениў болса 100 мың халыққа 14
мың 798 ди қураған болса, ҳәзир 10 мың 50 ге түсти. Итибарлы тәрепи, бундай
унамлы өзгерис турақлы сақланып қалмақта.
Мәмлекетимиз басшысының "Мәденият Мойнақтан
басланады" деген ийгиликли басламасы тийкарында районда жүз берип атырған
өзгерислер адамды қуўандырады. Бурын үмитсиз ҳәм перспективасыз бир аймақ
сыпатында қаралған Мойнақ бүгин жаңа имканиятлар ҳәм раўажланыў аймағына
айланды. Қысқа мүддетте районның архитектуралық көриниси жаңаланды,
инфраструктура сезилерли дәрежеде жақсыланды, көплеген өндирис кәрханалары
шөлкемлестирилди.
Бозатаў қайта шөлкемлестирилген ўақытта район орайы
тасланды ҳалға келип қалған еди. Бул жердеги дөретиўшилик жумыслардың нәтийжесинде
бүгин аймақ Аралбойындағы ең сулыў ҳәм абат орынлардан бирине айланды.
Президентимиз жумысының дәслепки дәўирлеринен Арал
теңизиниң қурыўы менен байланыслы машқалаларды сапластырыўға үлкен итибар
қаратып келмекте. Мәмлекетимиз басшысы 2018-жыл ноябрьде Қарақалпақстан
Республикасына сапары даўамында илимпаз ҳәм қәнигелер менен ушырасып, қурыған
теңиздиң унамсыз тәсирин азайтыў бойынша ҳәр тәреплеме пикирлескен еди.
Жуўмағында теңиз орнында жасыл қаплама - қорғаў тоғайларын жаратыў бойынша
жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берген еди.
Сол жылдың декабрьинен баслап елимиз бойлап жаңа
ҳәрекет басланды. Мәмлекетимиздиң барлық аймақларының ўәкиллери, Айрықша
жағдайлар ҳәм Аўыл хожалығы министрликлери системасы және тоғай хызметкерлери қыстың
25-30 градуслық суўығына қарамастан, әмелий жумысларға киристи.
Биринши мәўсимниң өзинде 1 миллион 125 мың гектар
майданда қумды услап қалыў ҳәм ығаллықты сақлап турыў ушын жер таярлаў
жумыслары орынланды. 461 мың гектар жерге саҳра шараятына сай сексеўил, черкез,
қандым, қарабарақ сыяқлы өсимликлер егилди.
Усы жерде салыстырыў ушын бир мысал келтиремиз.
1984-2018-жылларда, яғный 34 жыл даўамында Аралбойы аймағында 350 мың гектар
майданда тоғай жаратылған болса, 3-4 айдың өзинде бул майданнан 111 мың гектар
көп жасыл қаплама жаратылды. Бул шын мәнисиндеги тарийхый ўақыя, Аралбойында
жаңа дәўирдиң басланыўы еди. Президентимиздиң басшылығында келешек әўладларға
таза ҳаўа, ашық аспан, гөззал тәбият, абат ҳәм абадан Ўатан қалдырыў
мақсетиндеги уллы жумыслардың басламасы еди.
Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы бойынша сол
ўақыттан берли ҳәр жылы Арал теңизиниң қурыған ултанында қыс ҳәм бәҳәр
айларында жасыл қапламалар жаратыў бойынша ҳүкиметимиздиң айрықша қарары қабыл
етилмекте. Бул ҳүжжетлерде орынланатуғын барлық жумыслардың көлеми ҳәм
финанслық дәреги анық белгилеп берилип атырғаны үлкен әмелий әҳмийетке ийе.
Өткен жылларда Аралға жаңа өмир бағышлаўға қаратылған
жумыслар улыўма халықлық ҳәрекетке айланды. Онда Айрықша жағдайлар министрлиги,
аўыл хожалығы ҳәм тоғай хызметкерлери менен бирге, жаслар, нураныйлар,
зыялылар, көркем өнер шеберлери, депутатлар, бир сөз бенен айтқанда, пүткил
халқымыз белсене қатнаспақта. Қурыған теңиз түби көп миллетли халқымыздың
мәртлик ҳәм жигерлилик, аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт мектебине айланды.
Бақлаў ҳәм есап-санақларға бола, 2018-2025-жылларда
егилген өсимликлердиң орташа көгерип шығыўы 55-60 процентти қурамақта.
2019-2020-жылларда жаратылған тоғайларда сексеўилдиң бойы орташа 2-3 метрге
жеткен. Ҳәзир өсимликлердиң туқым топлап, әтирапқа шашылыўы - тәбийғый тиклениў
процеси бақланбақта.
Мәмлекетимиз жетекшиси Қарақалпақстанға ҳәр бир
сапарында Арал теңизинде исленип атырған жумыслар менен танысыўға айрықша ўақыт
ажыратады. Теңиз түбиндеги жумыслар мәмлекетимиз басшысының турақлы итибары ҳәм
қадағалаўында. Қандай ушырасыў, сөйлесиў болмасын, бәрқулла жумыслардың қалай
барып атырғаны ҳаққында сорайды.
Президентимиз 2022-жыл февраль айында Арал теңизи
түбинде исленип атырған жумыслар менен тиккелей танысты, "жетписинши километр"
деп шәртли белгилеп алынған аймақты барып көрди. Айтыў мүмкин, жайнап көгерип
атырған сексеўиллер менен "сөйлести" ҳәм "кеўиллести". Тап
перзентиниң камалын көрген әкедей қуўанды. Қоршаған орталықты қорғаў,
Аралбойында жасап атырған халықтың денсаўлығы, турмыс шараяты менен байланыслы
бул жумысларды бир мүддетке де тоқтатпаў, зәрүр қаржы ҳәм қуралларды ажыратыў
бойынша қосымша көрсетпе ҳәм тапсырмалар берди.
Әне усындай итибар себепли Аралда орынланып атырған
жумыслардың унамлы нәтийжелери әлле қашан көзге таслана баслаған. Ҳәзирги
ўақытқа шекем 2 миллион 97 мың гектар майданда шөл тоғайы пайда болды. Буның
ушын 8500 тоннаға шамалас шөл өсимликлериниң туқымы егилди. Нәтийжеде аймақта
алдын тез-тез бақланатуғын қум-шаң бораны кескин азайды, ҳаўа қурамындағы майда
қум бөлекшелериниң муғдары болса 70-75 процентке азайған. Жаўын-шашын
муғдарының артыўы бақланбақта. Усы жылдың февраль айында Мойнақта жаўын-шашын
муғдары орташа нормаға салыстырғанда 196 процент көп болды. Арал түбине март
айында да қар жаўды.
Аралдың қурыған ултанында исленип атырған жумыслар
халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен тән алынбақта. Атап айтқанда, БМШ Бас
хаткериниң орынбасары, БМШтың Шөллениўге қарсы конвенциясы атқарыўшы хаткери
Иброҳим Тиау 2023-жылы бул аймақта болып, көргенлеринен таң қалғанын жасыра
алмады. Иброҳим Тиау Өзбекстанның жасыл дүньяны қайта тиклеў бағдарындағы
басламалары ҳәм ерисип атырған жетискенликлери исенимли екенин атап өтип,
мәмлекетимиз жер деградациясының алдын алыў, жерлерди қайта тиклеў бойынша жетекши
мәмлекетлердиң қатарына киргени, әмелий ҳәрекетлери менен ҳәммеге үлги бола
алатуғынын айтты.
Өзбекстандағы қырқтан аслам сырт мәмлекет
елшиханалары ҳәм халықаралық шөлкемлер ўәкилханаларының ўәкиллери де 2023-жылы
Мойнақ қаласы ҳәм Арал түбинде болып, өзгерислерге жоқары баҳа берди. Жақында
БМШтың Тоғай форумы баслығы Исмаил Белен ҳәм Тоғай форумы секретариатының
директоры Жулетте Биао да теңиз түбиндеги кең көлемли жумыслар менен жақыннан
танысып, Өзбекстанның Арал аймағында жаңа экологиялық система жаратыў
бағдарындағы тәжирийбесин жоқары тән алғаны бийкарға емес, әлбетте.
Бул сийрек ушырасатуғын тәжирийбе қоңсы мәмлекетлерде
де үлкен қызығыўшылық оятпақта. Мысал ушын, 2020 ҳәм 2024-жыллары қазақстанлы
илимпаз ҳәм қәнигелерден ибарат илимий топар өз-ара тәжирийбе алмасыў ушын усы
аймақта болды. Көклемзарластырыў бойынша жойбардың нәтийжелери оларды таң
қалдырды. Самолёт жәрдеминде себилген туқымлардың жоқары өнимдарлығы олар ушын
әҳмийетли жаңалық болғанын айрықша атап өтти.
Қазақстан делегациясы елимизде топланған тәжирийбени
жақыннан үйренип, шөллениў машқаласын шешиўде жаңа билим ҳәм имканиятларға ийе
болды. Келешекте олар өз мәмлекетиниң қубла бөлегиндеги шөл аймақларында қумның
ҳәрекетлениўине тосқынлық ететуғын "жасыл белбеў"ди жаратыў бойынша биргеликтеги
жойбарды әмелге асырыўды режелестирмекте.
Өткен жылы Аралда Өзбекстан Аўыл хожалығы
министрлигиниң илимий-изертлеў станциясы жумыс баслады. Ол жерде илимпаз ҳәм
қәнигелер шорланған топырақтың өнимдарлығын тиклеў, шорға шыдамлы өсимликлердиң
раўажланыўы ҳәм шаңланыўын бақлаў, топырақ, қум көшиўи, суў ҳәм климат
өзгерислери сыяқлы процесслерди таллаў менен шуғылланады.
Қәнигелердиң айтыўынша, станция Аралбойы аймағында экосистеманы
тиклеўге қаратылған жаңа илимий қатнасларды сынақтан өткериў, алынған
нәтийжелерди системалы таллаў ҳәм оларды әмелиятқа енгизиў имканиятын береди.
Бул болса регионның узақ мүддетли экологиялық турақлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли
илимий платформа болып хызмет етеди.
2026-жылы 215 мың гектар майданда жасыл қаплама
жаратыў белгиленген болса, оннан көбирек - 231 мың 530 гектар майданға 690
тонна сексеўил ҳәм басқа да өсимликлер егилди. Бул илажларға тоғай хожалығының
622 жумысшысы, 730 арнаўлы техника ҳәм агрегат, 2 самолёт тартылды.
Қулласы, ҳәзир Арал теңизи ашық аспан астындағы
илимий лабораторияға, жаңа илимий-әмелий идеялар ҳәм қолланбалар жаратылатуғын
инновациялық аймаққа айланып бармақта.
Әҳмийетлиси, бул жерде бой тиклеп атырған жаңа
тоғайлар қушағында халықаралық илимий әнжуманлар, дослық ҳәм туризм
фестиваллары, жаслардың қатнасыўында ҳәр қыйлы илажлар, үш әўлад ушырасыўларын
өткериў дәстүрге айланбақта.
Жақында Қазақстанның Астана қаласында Аралды қутқарыў
халықаралық қорының шөлкемлестириўши мәмлекетлери басшылары кеңесиниң мәжилиси
болып өтти. Онда Президентимиз 2027-2029-жылларда Аралды қутқарыў халықаралық
қорының президенти етип сайланды. Кеңес мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы
тәрепинен климат өзгериўи ҳәм суў жетиспеўшилиги күшейип баратырған шараятта
қор жумысының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм оның ролин күшейтиўге қаратылған бир
қатар әмелий басламалар алға қойылды. Бул Арал теңизи бассейнинде экологиялық
жағдайды жақсылаў, суў ресурсларын басқарыў ҳәм социаллық-экономикалық
машқалаларды шешиў бойынша исленип атырған жумыслар тек ғана мәмлекетимизде
емес, ал регионымызда да системалы даўам ететуғынын аңлатады.
Улыўма, Қарақалпақстан абырайлы халықаралық форумлар,
рәңбәрең мәдений илажлар тез-тез өткерилетуғын мәденият ҳәм көркем өнер орайына
айланып бармақта. Мысал ушын, Бозатаў районында 2021-жылдан берли шөлкемлестирилип
киятырған "Жаслар ҳаўазы" фестивалы көп миллетли мәмлекетимиз
жасларын бирлестирип атырғаны менен оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Өткен жылы апрельде және бир ири илаж - Арал мәденият
саммити табыслы өткерилди. Бул дәстүрий форум Аралбойы аймағында қолайлы
тәбийғый орталық жаратыў, аймақтың бийбаҳа мәденияты ҳәм тарийхый мийрасын
қәстерлеп сақлаў және кеңнен ғалаба ен жайдырыў, усы бағдарларда
илимий-изертлеў жумыслары, инновациялық жойбарлар ҳәм дөретиўшилик басламаларды
әмелге асырыў ушын халықаралық бирге ислесиў ҳәм қарым-қатнасты кеңейтиўге
хызмет етеди.
Президентимиздиң басламасы менен 2024-жылы Нөкис
қаласында дүньяда ең үлкен қарақалпақ отаўы бой тикледи ҳәм "Гиннестиң
Рекордлар китабы"на киргизилди. Өткен жылы болса қарақалпақ халқының миллий
саз әсбабы - қобыз, жыраўшылық көркем өнери ҳәм қара үйдиң ЮНЕСКОның мәдений
мийрасы дизимине киргизилгени қарақалпақ мәденияты ҳәм дәстүрлерине көрсетилип
атырған итибардың көриниси болып есапланады.
Өткен жылы Нөкис қаласынан 130 километр узақлықтағы уллы
Бөршитаў етегинде қурылған өзбек, қарақалпақ, қазақ, түркмен, бир сөз бенен
айтқанда, түркий халықлардың әййемги мәденияты ҳәм турмыс тәризин өзинде
сәўлелендирген этноаўыл комплекси туристлер ең көп келетуғын орынлардан бирине
айланды.
Сондай-ақ, Елликқала районындағы "Ақшакөл"
туристлик рекреациялық зонасы, Тахтакөпир районындағы Қаратерең дем алыў
комплексинде үлкен дөретиўшилик жумыслары орынланды ҳәм туристлер ушын барлық
шараятқа ийе жаңа туризм объектлери пайда болды.
Бундай ири жойбарлар нәтийжесинде аймақтың туристлик
потенциалы избе-из артып бармақта. Атап айтқанда, 2021-жылы Қарақалпақстанда 61
мийманхана жумыс алып барған болса, бүгин дерлик 2 есеге көбейип, 109 ға жетти.
2021-жылы сырт елли туристлердиң саны 20 мыңды қураған болса, өткен жылы 400
мыңнан асты.
Бүгин экономиканы турақлы раўажландырыў, халықтың
турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған бундай жумыслар басқа да тараўларда
әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Қараөзек районындағы Тебинбулақ кәни
тийкарында жылына 58 миллион тонна темир рудасын қазып алыў қуўатлылығына ийе
завод қурылысы қызғын даўам етпекте.
Халықтың, әсиресе, экономика тармақларының энергия
ресурсларына талабын тәмийинлеў мақсетинде Қоңырат, Қараөзек ҳәм Беруний
районларында дүньяға белгили "ACWA Power" компаниясы менен биргеликте қуўатлылығы 7200
мегаваттлы ири самал электр станциялары қурылмақта. Қоңырат ҳәм Мойнақ
районларында нефть-газ тараўында улыўма баҳасы 200 миллион долларлық 4 жойбар
әмелге асырылмақта.
Жәҳән банкиниң инвестициясы есабынан Нөкис қаласында
канализация тармақлары ҳәм объектлеринде қурылыс-оңлаў жумыслары басланды. Тап
усындай жумыслар Тақыятас ҳәм Хожели районларында да орынланады.
Әмиўдәрья, Беруний, Қараөзек, Қоңырат ҳәм Мойнақ
районларында Азия раўажланыў банки қаржысы есабынан ишимлик суў тәмийнатын
жақсылаўға қаратылған үлкен көлемдеги жумыслар жедел алып барылмақта.
Бир сөз бенен айтқанда, Қарақалпақстанды ҳәр
тәреплеме раўажландырыў, бәринен бурын, экологиялық кризис ақыбетлерин
жумсартып, қыйын шараятта жасап атырған халық ушын қолайлы шараятлар жаратыў
жаңа Өзбекстанның раўажланыў жолындағы реформалардың бас мақсетлеринен бирине
айланған. Барлық жаңа баслама ҳәм ҳәрекетлер усы аймақ халқы ушын мүнәсип
турмыс шараятларын жаратыўға қаратылған.
Мәмлекетимиз басшысының турақлы итибары ҳәм ғамхорлығын
сезинип жасап атырған Қарақалпақстан халқы жоқары шеклерге қарай исеним менен
бармақта. Бул болса усы елди экологиялық машқалалар ийриминде қалған аймақтан
жаңаланыў, дөретиўшилик, жаңа имканиятлар орайына айландырмақта.
Турсынхан ХУДАЙБЕРГЕНОВ,
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аралбойы регионын турақлы
раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи