Тийкарғы спикерлер арасында
Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Танзания Бирлескен Республикасы
Президенти Самия Сулуҳу Ҳасан ҳәм Қытай Халық Республикасы Баслығының
орынбасары Хан Чжен бар.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң
басында барлық қатнасыўшыларды қызғын қутлықлап, Өзбекстанның тарийхы, айрықша
руўхыйлығы ҳәм инсан тәғдири менен тығыз байланыслы болған Санкт-Петербург
қаласына және бир мәрте барыў имканияты ушын миннетдаршылық билдирди.
Транспорт жөнелислериниң өзгериўи, жаңа өндирис
шынжырларының қәлиплесиўи, заманагөй технологиялық платформалардың пайда болыўы
ҳәм жасалма интеллекттиң кеңнен енгизилиўи менен байланыслы дүньяны терең қайта
қурыў процесслерине баҳа берилди.
- Бәсеки тек ғана базар ҳәм тәбийғый ресурслар ушын
емес, ал технологиялар, алгоритмлер, логистика ҳәм инфраструктура тараўында да
барған сайын көбейип бармақта, - деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, ҳәзирги шараятта
бирлестириўши роль атқаратуғын, өз әтирапында кооперация, турақлылық ҳәм өз-ара
пайда мәканын қәлиплестириўге уқыплы болған мәмлекетлер ҳәм регионлардың әҳмийети
артып бармақта.
- Өзбекстан мың жыллар даўамында Уллы Жипек жолының
жүреги болған. Самарқанд, Бухара ҳәм Ташкент арқалы тек ғана товарлар емес, ал
идеялар ҳәм билимлер, мәдений ҳәм диний дәстүрлер өз-ара байыған. Соның ушын
ашық-айдынлық биз ушын ҳәмийше таңлаў емес, турмыслық зәрүрлик ҳәм цивилизация
коды болып келген,-деди Өзбекстан Президенти.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан - Россия стратегиялық
шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының әҳмийетли бағдарларын талқылап,
саўда-экономикалық бирге ислесиў, аймақлараралық байланыслар, санаат
кооперациясы ҳәм энергетика тараўындағы шериклик сапа жағынан раўажланып
атырғанын атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Россияның технологиялық ҳәм санаат
тараўындағы бирге ислесиўин кеңейтиў мақсетинде бирден-бир санлы платформа
арқалы өз-ара байланысқан өндирис кластерлери системасын - "Евроазия
технологиялық санаатласыў белбеўи"н қәлиплестириў басламасы алға қойылды.
Жумыс орынлары, логистика, төлем хызметлери, жаңа экспорт
имканиятларын жарататуғын санластырыў да бирге ислесиўдиң перспективалы бағдары
сыпатында көрсетип өтилди.
Санлы саўда ҳәм қала хызметлерин тәртипке салыў
қағыйдаларын жақынластырыў, Өзбекстан ҳәм Россия брендлерин және де алға
қойыўды өз ишине алатуғын Биргеликтеги санлы экосистеманы қәлиплестириўди
баслаў усыныс етилди.
өз-ара платформаларда, бәнтликтиң бирден-бир санлы
профилин жаратыў, жасалма интеллектке тийкарланған өнимлерди раўажландырыў.
Өзбекстан дүньядағы ең жас мәмлекетлерден бири екенин
есапқа алып, билимлендириў, кәсипке таярлаў ҳәм мийнет базарын өз-ара
байланыстырыў мақсетинде инсан капиталын раўажландырыў бойынша биргеликтеги
онлайн платформаны жаратыў басламасы алға қойылды.
Бирге ислесиўдиң мәдений-гуманитарлық бағдарын
беккемлеў мақсетинде қоспа көркем өнер ҳәм кино фестивальлары, музей
көргизбелери, гастрономиялық ҳәптеликлер ҳәм музыкалық илажларды өткериўди
нәзерде тутатуғын "Самарқандтан Петербургқа шекем" креатив туристлик
коридорын қурыў жойбарын иске қосыў усыныс етилди.
Жалпы мәжилистиң қатнасыўшыларына экономикалық
тараўдағы системалы реформалардың әҳмийетли жетискенликлери айрықша көрсетип
өтилди.
- Биз буннан он жыл алдын Жаңа Өзбекстанды
ашық-айдынлық, инклюзивлик ҳәм прагматизм тийкарында қурыўды баслаған едик. Бул
дәўирде узақ мүддетли өсиў ушын беккем тийкар жаратылды: қолайлы исбилерменлик
орталығы, турақлы санаат базасы ҳәм жаңа инфраструктура, - деди мәмлекетимиз
басшысы.
Өзбекстанның тийкарғы абзаллықларынан бири жас,
белсенди ҳәм тез өсип баратырған халық - исбилерменлик, технология, хызмет
көрсетиў ҳәм санаатты раўажландырыў ушын узақ мүддетли база екени атап өтилди.
Онда ерисилип атырған өсиў тек ғана жедел емес, ал
турақлы, инклюзив, адамлардың турмыс сапасын арттырыўға бағдарланған болыўы
керек.
Қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, базар
институтларын жетилистириў, бәсеки дәрежесин ҳәм өндирис потенциалын арттырыў
арқалы глобаллық инвестициялардың кирип келиўи ушын шараятлар избе-из
қәлиплестирилип атырғаны атап өтилди.
Форум қатнасыўшылары шөлкемлестирилип атырған Ташкент
халықаралық финанс орайының арнаўлы ҳуқықый ҳәм салық режиминен пайдаланыўға,
сондай-ақ, усы жылдың 16-18-июнь күнлери Ташкент халықаралық инвестициялық
форумының жумысында қатнасыўға мирәт етилди.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы ашықтан-ашық
сөйлесиў бүгин турақлы раўажланыўдың тийкарғы шәрти болып атырғаны, исеним,
бирге ислесиўге таярлық ҳәм биргеликте шешим табыўға умтылыў бар жерде жаңа
имканиятлар пайда болып атырғанын және бир мәрте атап өтти.