Майыплық пенсиясын проактив түрде тайынлаў тәртиби белгиленди

    Социаллық турмыс 1 шілде 2025 2161

    "Майыплық пенсиясы ҳәм компенсацияларды проактив түрде тайынлаў тәртибин белгилеў ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (398-санлы, 30.06.2025 ж.) қабыл етилди.

    Қарар менен "Майыплық пенсиясын проактив түрде тайынлаў бойынша мәмлекетлик хызметти көрсетиў" схемасы тастыйықланды.

    Қарарға бола, проактив түрде пенсия тайынланғаны ямаса тайынлаўдан бас тартылғаны ҳаққындағы мағлыўматлар пуқараларға СМС-хабар көринисинде жибериледи.

    Онда СМС-хабарды жеткериў имканияты болмағанда хабарлар республикалық бюджет қаржылары есабынан пуқараның жасаў мәнзилине жеткерип бериледи.

    2025-жыл 1-октябрьге шекем "Пенсия" мәлимлеме системасында пуқаралардың ЖШШИР мағлыўматлары тийкарында олардың атына рәсмийлестирилген мобил байланыс абонент номерлерине қоңыраў етиў имканияты жаратылады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates