Елимиздиң ең күшли қылышпазлары Ташкентте жыйналды
Ташкентте қылышласыў бойынша үлкенлер арасында Өзбекстан
чемпионаты басланды. 8-майға шекем даўам ететуғын жарыста елимиздиң барлық
аймақларынан ең күшли спортшылар қатнаспақта. Бириншилик Халықаралық қылышласыў
федерациясы тәрепинен енгизилген жаңа қағыйдалар тийкарында өтпекте.
Итибарлы тәрепи, жарысларға ашық-айдын ҳәм қалыс төрешилик
етиў мақсетинде сырт ел реферилери тартылған.
Конкур бойынша халықаралық турнир жуўмақланды
Ташкентте конкур бойынша жәҳән кубогиниң аймақлық басқышы
жуўмақланды. Жарыстың соңғы күнинде жерлеслеримиз 1 гүмис ҳәм 3 бронза медалын
қолға киргизди.
Гүмис медаль:
115 см: Лочин Тоҳиржонов («Golden Star»)
Бронза медаллары:
130 см: Мирёқуб Исмоилов («Just Perfect»)
115 см: Фаррух Усмонов («Bucephal»)
6 тосқынлықлы жөнелис: Ашрафхон Негматов («Casamira»)