Аудиторияның ашылыўы Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди беккемлеў, халықларымыз арасындағы көп жыллық дослық ҳәм тарийхый байланыслардың естелигин сақлаўдың және бир айқын белгиси болады.
Бизге белгили, Екинши жер жүзилик урыс жылларында Өзбекстан мыңлаған эвакуацияланған пуқараларға баспана берди. Олардан 1941-1943-жыллары Ташкентте Белоруссия халық шайыры Якуб Колас жасап, дөретиўшилик еткен. Оның Өзбекстандағы өмири ҳәм дөретиўшилиги менен байланыслы архив ҳүжжетлери ҳәм естелик белгилери бул әҳмийетли тарийхый дәўирди сәўлелендиреди.









