Транспорт министрлигиниң хабар бериўинше, Нөкис қаласында халыққа сапалы жәмийетлик транспорт хызметин көрсетиўди жолға қойыў, ҳәрекет қурамын жаңалаў, жолаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде “Sapsan avtotrans” ЖШЖ тәрепинен 12 дана “YUTONG” маркалы автобуслар алып келинди.
Сондай-ақ, “Baz Nukus Kompleks” ЖШЖ тәрепинен Нөкис қаласы ушын Қытай Халық Республикасында ислеп шығарылған 100 дана заманагөй автобусларды сатып алыў бойынша тийисли шәртнамаға қол қойылған.