ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлар координаторы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитети ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимликлери менен биргеликте шөлкемлестирилген илажды қоллап-қуўатлады.
Семинарға мийнет миграциясынан қайтқан ҳаял-қызлар, мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери, экспертлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери сыяқлы жүзге шамалас адам қатнасты. Қатнасыўшылар туризм ҳәм миймандослық тараўында теориялық ҳәм әмелий билим алып, тәжирийбе алмасты, өз бизнесин жолға қойыў ҳәм раўажландырыў имканиятларын үйренди.
"Мийнет миграциясынан қайтқан ҳаял-қызлар тек ғана қолайлы көнликпе ҳәм тәжирийбе алып келмейди, ал өз мәҳәллеси раўажланыўына үлес қосыўға умтылады. Бул потенциалды жүзеге шығарыў инклюзив экономикалық өсиў ушын айрықша әҳмийетке ийе", - деп атап өтти Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Өзбекстандағы жойбарлары координаторы, елши Антти Картунен.
Семинар ЕҚБШның ҳаял-қызлар мийнет миграциясын нәтийжели басқарыў ҳәм ҳаял-қызлардың экономикалық реинтеграциясына жәрдемлесиўге қаратылған бюджеттен тысқары жойбары шеңберинде өткерилди. Жойбар Германия, Норвегия, Түркия ҳәм Корея Республикасының жәрдеминде әмелге асырылмақта.






