Мәҳәллениң шараяты аўыр. Ишки жоллар оңлаўға мүтәж, көше шырақлары ҳәм лотоклар жоқ. Бул жерде 5 мыңнан аслам халық жасайды. 62 кәмбағал шаңарақ, 118 жумыссыз бар, 157 адам миграцияда.

Негизинде, районлараралық жол бойында жайласқан мәҳәлледе исбилерменлик, саўда ҳәм хызметлерди раўажландырыў бойынша имканият көп. Бос турған имаратларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қуўатлылыққа киргизиў мүмкин.

Президентимиз аймақтағы машқалалар бойынша халықтың пикирлерин тыңлады.

Енди бул мәҳәллени түп-тийкарынан өзгертип, "Жаңа Өзбекстан" нәпесин алып келемиз. Көшелер абат етилип, келбети жаңаланады. Адамлардың жасаўы, сейил етип, балалары менен дем алыўы ушын мүнәсип шараятлар болады, - деди Шавкат Мирзиёев.

Жуўапкерлерге мәҳәллени үлги етиў бойынша көрсетпе берилди. Соның ишинде, оған қала орталығын алып кириў ҳәм исбилерменлик ушын шараятларды жақсылаў бойынша мастер-реже ислеп шығылады. Оның тийкарында орынлар таяр жойбар ҳәм инфраструктура менен интакерлерге усыныс етиледи. Нәтийжеде мәҳәллениң потенциалы артып, әтираптағы 5 мәҳәлле ушын орайға айланады.

Заманагөй мәҳәлле гүзары ҳәм сейил етиў орны қурылады, балалар ҳәм спорт майданшалары, китапхана, кәсип ҳәм тил үйретиў орайы, банк шақапшасы шөлкемлестириледи. Мектеп ҳәм бақшалар мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы шеңберинде капитал оңланады. Көшелер асфальтланып, саяманлы ҳәм мийўели тереклер, гүл нәллери егиледи. Гөнерген ҳәм өнимдарлығы төмен бағлар толық жаңаланады. Социаллық шәртнама тийкарында адамлар өз үйлерин тәртипке келтиреди.

Улыўма, пүткил мәмлекетимизде төменги системада жумысларды "жанландырыў" бойынша қарар ислеп шығылып атырғаны айтылды. Район ҳәм мәҳәллелерге жаңаша көринис алып кириў ушын бюджеттен жәми 5 триллион сум ажыратылады. Соның ишинде, Наманганда Косонсой ҳәм Нарын районларына 100 миллиард сумнан, қалған районлардың екеўден "аўыр" мәҳәллесине болса 5 миллиард сумнан қаратылып, оларды мийнетте үлгили, турмыста абадан, исбилерменликте жетекши аймаққа айландырыў илажлары көриледи.