Сондай-ақ, илажда Түркия, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Венгрия, Арқа Кипр парламентлериниң ағзалары, Түркий мәмлекетлер парламент ассамблеясының баслығы, Халықаралық түркий мәденият шөлкеми (Түрксой) ҳәм Түркий инвестиция қорының ўәкиллери де қатнасты.
Мәжилисте түркий мәмлекетлер арасында ҳәр тәреплеме ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тез раўажландырыўға, стратегиялық шерикликти беккемлеў ҳәм парламентлер арасында исенимли қатнасықларды орнатыўға итибар қаратылды.
Өзбекстан делегациясы ағзалары атап өткениндей, түркий мәмлекетлер басшылары арасындағы ашық ҳәм прагматикалық қатнасықлар еки ҳәм ҳәр тәреплеме байланысларды раўажландырыўда беккем тийкар болып хызмет етеди. Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылып атырған халықаралық басламаларда парламенттиң қатнасыўының әҳмийети де атап өтилди.
Социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый тараўларда бирге ислесиўди жақсылаў, түркий мәмлекетлер арасындағы қоспа жойбарлар ҳәм келисимлердиң парламентлик қадағалаў арқалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў әҳмийетли екенлигине итибар қаратылды.
Мәжилис қатнасыўшылары халықаралық шөлкемлер менен қатнасықларды ҳәм парламентлераралық байланысларды беккемлеўге қаратылған ҳәрекетлерди даўам еттириўге келисип алды.
Илаж жуўмағында Түркий мәмлекетлер парламент ассамблеясының халықаралық ислер бойынша комитетлери баслықлары ушырасыўының биргеликтеги билдириўи қабыл етилди ҳәм Түркий мәмлекетлер парламент ассамблеясының халықаралық ислер бойынша комитетлери баслықларының гезектеги ушырасыўын Қырғызстанның Бишкек қаласында 2025-жылдың сентябрь айында өткериўге келисип алынды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.