Олий Мажлис Сенатының Баслығы Болгария Республикасы Президенти менен ушырасты

    Усы жыл 10-июньде Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева IV Ташкент халықаралық инвестициялық форумында қатнасыў ушын елимизге рәсмий сапар етип келген Болгария Республикасы Президенти Румен Радев пенен ушырасыў өткерди.

    Өзбекстан парламенти жоқары палатасының басшысы жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, Болгария Президентиниң сапары еки тәрептиң өз-ара пайдалы шерикликти беккемлеў ҳәм тереңлестириўге умтылысын тастыйықлайтуғынын атап өтти.

    Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Болгария қатнасықлары 28 еки тәреплеме ҳүжжетти өз ишине алған беккем шәртнамалық-ҳуқықый тийкарда избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.

    Болгария Президенти Румен Радев мәмлекетимизде болып өтип атырған Ташкент халықаралық инвестициялық форумының Орайлық Азия мәмлекетлериниң экономикалық раўажланыўы ҳәм халықаралық инвестициялық бирге ислесиў ушын әҳмийетли платформа екенин атап өтти.

    Сөйлесиў даўамында парламентлераралық қатнасықларды жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда парламентлераралық сөйлесиўдиң орны ҳәм әҳмийетине итибар қаратылып, Болгария Президентиниң Олий Мажлис Сенатына сапары парламентлер арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириўге күшли түртки болатуғыны атап өтилди.

    Тәреплер еки мәмлекет парламентлери арасында системалы бирге ислесиўди жолға қойыў, соның ишинде, палаталар ҳәм тийисли комитетлердиң басшылары дәрежесинде турақлы ушырасыўлар өткериў, парламентлераралық дослық топарларының биргеликтеги режелерин ислеп шығыў, сондай-ақ, нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў зәрүр екенлиги ҳаққында бирдей пикир билдирди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates