Жоқары мәртебели мийман халқымыздың бай мәдений мийрасы, өнерменчилик ҳәм әмелий көркем өнерин сәўлелендиретуғын көргизбелерди тамашалады. Танц жәмәәтлериниң шығыўлары көрсетилди.

Бул жерде халқымыздың уллы өтмиши нышанлары жәмленген, тарийхый қалаларымыздағы дыққатқа ылайық орынларының нусқалары қурылған. Миллий дәстүрлеримиз бенен бирге дос халықлар менен байланыслар тарийхы да сәўлелендирилген.

Бундай мазмун-мәнис, тарийх ҳәм бүгинги күнниң үнлеслиги мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Өзбекстан-Иордания саммитиниң тийкарғы илажлары, соның ишинде, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер 26-август күни болып өтеди.