Өзбекстан Журналистлер аўқамы ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте миллий ҳәм халықаралық журналистиканың ең жоқары жетискенликлерин кеңнен ғалаба ен жайдырыў, Жаңа Өзбекстан руўхына сәйкес жаңаша пикирлеўди қәлиплестириў, миллий контентти байытыў, елимизде инсан қәдирин улығлаў, адамлардың сана-сезимин жоқарылатыў, жәмийетимизде ашық-айдынлық орталығын беккемлеў, ҒХҚ хызметкерлериниң пуқаралық позицияларын көрсетиўи ушын шараят жаратыў және журналистлерде сын көзқарастан-аналитикалық пикирлеўди ҳәм дөретиўшилик жумысқа жаңаша қатнасларды хошаметлеў мақсетинде "Алтын қәлем" XIX Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўын жәриялайды.

Тийкарғы сыйлықлар:

1 Бас миллий сыйлық

Телевидение бағдары бойынша:

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2-, 3-орынлар);

Радио жөнелиси бойынша:

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2-, 3-орынлар);

Баспа басылымлар бағдары бойынша:

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2-, 3-орынлар);

Интернет басылымлары бағдары бойынша:

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2-, 3-орынлар).

Сырт елли журналисттиң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын - 1 биринши орын, 4 екинши орын (ТВ, радио, баспа ҳәм интернет басылымлары бағдарлары бойынша).

Сондай-ақ, 12 хошаметлеўши номинация енгизиледи. Таңлаўдың хошаметлеўши номинациялары бойынша қосымша дағаза бериледи.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине:

Таңлаўдың Бас миллий сыйлығы ийесине арнаўлы диплом, "Алтын қәлем" статуэткасы ҳәм жеңил автомобиль салтанатлы түрде тапсырылады.

Биринши орынды алған жеңимпазлар диплом, "Алтын қәлем" статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 200 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен;

Екинши орынды алған жеңимпазлар диплом, "Алтын қәлем" статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 175 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен;

Үшинши орынды алған жеңимпазлар диплом, "Алтын қәлем" статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 150 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен;

Таңлаўдың хошаметлеўши номинациялары жеңимпазлары диплом, "Алтын қәлем" статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 100 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.

Таңлаўда ҳәр бир қатнасыўшының 2024-жыл 30-апрельден 2025-жыл 30-апрельге шекем баспа ҳәм интернет басылымларында жәрияланған, радио ҳәм телевидениеде эфирге узатылған 5 тен 7 ге шекемги материаллары көрип шығылады. Егер дөретиўшилик жәмәәт - газета редакциясы таңлаўда қатнасатуғын болса, газетаның 5 тен 7 санына шекем, теле ямаса радиоканал жәмәәти таңлаўда қатнасатуғын болса, 5 тен 7 ең жақсы көрсетиў ямаса ең жақсы еситтириўдиң электрон варианты (ямаса силтемеси) қосымша етиледи.

"2024-жылы басып шығарылған публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап ушын" хошаметлеўши номинациясы бойынша таңлаўда қатнасыў тилегинде болғанлар Өзбекстан Журналистлер аўқамына китабынан биреўин усынады.

Таңлаўға усынылатуғын дөретиўшилик жумысларға төмендеги ҳүжжетлер де қосымша етиледи:

автор ҳәм оның профессионал жумысы ҳаққындағы қысқаша мағлыўмат (объективка);

автордың паспорт ямаса ИД-карта нусқасы, телефон номери.

Жәмәәтлик қатнасыўшы ҒХҚның дизимнен өткерилгенлигин тастыйықлаўшы гүўалық нусқасы ҳәм шөлкем басшысының паспорт ямаса ИД-карта нусқасы.

Таңлаўға дөретиўшилик жумыслар Өзбекстан Журналистлер аўқамы ҳәм оның аймақлық бөлимлери, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң жәрдеминде мәмлекетимиздиң сырт еллердеги ўәкилханалары арқалы, сондай-ақ, авторлардан тиккелей электрон түрде таңлаў баспасөзде жәрияланған күннен баслап усы жылдың 25-майына шекем қабыл етиледи.

Баспасөз бағдары бойынша дөретиўшилик жумыслар:

газета ямаса журналда жәрияланған материаллардың нусқасы (пдф форматта);

Интернет басылымлары бойынша материаллардың силтемеси (линк, силтемеси) көрсетилген ҳалда;

телевидение бойынша видеоматериаллар (3 минуттан 30 минутқа шекем телеграм форматында (аннотациясы, қысқаша мазмуны баяны менен);

радио бағдары бойынша аудиоматериаллар (3 минуттан 30 минутқа шекем, аннотациясы, қысқаша мазмун баяны менен);

Хошаметлеўши номинация - фотожурналистика бойынша дөретиўшилик жумыслар (JPEG, TIFF ҳәм PNG форматында аннотациясы, қысқаша мазмун баяны менен)

Өзбекстан Журналистлер аўқамының 99-466-10-25 номерине ашылған (Өзбекстан Журналистлер аўқамы) телеграмына жиберилиўи соралады.

Усы жылдан баслап "Алтын қәлем" Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў 27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамына бағышлап шөлкемлестириледи.

Таңлаў жеңимпазлары усы сәне мүнәсибети менен өткерилетуғын байрам илажында салтанатлы түрде сыйлықланады.