Парламентлераралық бирге ислесиўди және де тереңлестириўге байланыслы кең көлемли мәселелер, сондай-ақ, сиясий, экономикалық, гуманитарлық ҳәм регионаллық тараўлардағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары додаланды.

Сөйлесиў ўақтында еки мәмлекет басшыларының исенимли сиясий ерк-ықрары себепли Өзбекстан-Қазақстан қатнасықлары ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық дәрежесине көтерилгени атап өтилди.

Парламентлераралық қатнасықлар ҳәм еки тәреплеме, ҳәм көп тәреплеме түрде жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди. Орайлық Азия мәмлекетлериниң Екинши парламентлераралық форумының жуўмақлары ҳәм Қазақстан делегациясының Парламентлераралық аўқамның 150-ассамблеясында қатнасыўы жоқары баҳаланды.

Гезектеги мәжилиси усы жылдың төртинши шерегинде Өзбекстанда өткерилетуғын еки мәмлекет Сенатлары арасындағы бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссияның нәтийжели жумысы атап өтилди.

Сондай-ақ, тәреплер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Турақлы раўажланыў тараўындағы мақсет ҳәм ўазыйпалардың әмелге асырылыўын қадағалаў бойынша Парламентлик комиссия ҳәм Қазақстан Республикасы Парламентиниң усындай комиссиясы арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары да додаланды.

Ушырасыў жуўмағы бойынша парламентлераралық сөйлесиўди тереңлестириў ҳәм халықаралық майданда биргеликтеги басламаларды алға қойыўға қаратылған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Сенаты арасында 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша "жол картасы"на қол қойылды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.