Бул Министрлер Кабинетиниң "Өзбекстанның миллий тәбийғый мийрас объектлери ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында"ғы 106-санлы қарарында белгиленген.
Қарарға муўапық, тәбийғый объектти Өзбекстанның миллий тәбийғый мийрасы дизимине киргизиў ушын оның аймағындағы биофизикалық процесслер ҳәм рельеф түрлери тәбийғый ҳалда сақланған болыўы керек. Сондай-ақ, биологиялық көп түрлиликтиң сақланыўы, аймаққа ҳәм экосистемаларға тән флора ҳәм фауна түрлери ҳәм олардың тарқалыў орынларының бар екенлиги, көшип жүриўши түрлердиң жасаў, көбейиў ҳәм уялаў орынлары, биологиялық көп түрлилик ямаса инсаният ушын әҳмийетке ийе болған гидрологиялық объектлер ҳәм басқа да бир қатар критериялар есапқа алынады.
Сондай-ақ, тәбийғый объектлерди миллий мийрас дизимине киргизиў бойынша усыныс киргизиў ҳуқықы мәмлекетлик уйымлар, хожалық бирлеспелери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқараларға берилген. Бул дизимге киргизилген объектлердиң аймағы ҳәм шегаралары анық белгиленеди. Бул аймақларда тәбийғый орталыққа зыян жеткериўи мүмкин болған жумыслар шекленеди ямаса қадаған етиледи.
Бул режениң талаплары кейин ала миллий тәбийғый мийрас объектлерин ЮНЕСКО ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң абырайлы дизимлерине киргизиў ушын да ҳуқықый тийкар болады.