Мәмлекетимиз басшысы Россия жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар, дос Россия халқына болса раўажланыў тиледи.

Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан-Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлериниң өсиў пәтин даўам еттириў, жетекши кәрхана ҳәм компаниялардың санаат, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы кооперация жойбарларын алға қойыў, еки мәмлекет аймақларының исбилерменлик байланысларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўлар даўам етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Тәреплер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ илажлар режесин додалады.