баннер
15 Mar 2025
10:10

    Өзбекстан - Россия: парламентлераралық бирге ислесиў анализи ҳәм келешектеги режелерди додалаў

    Бүгин, 14-март күни Олий Мажлис Сенатында Россия Федерал Мәжилиси Мәмлекетлик Думасы Баслығы Вячеслав Володин басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

    Ушырасыў алдынан Сенат Баслығы Танзила Норбоева мәртебели мийманды елимизге сапары менен қутлықлап, сапар етиў парламентлераралық қатнасықларды жаңа руўхта даўам еттириўдеги әҳмийетли қәдем екенин атап өтти.

    Еки мәмлекет арасында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди турмысқа енгизиў ушын нызамлы тийкарлар жаратыў парламентлер алдындағы тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады. Бул ушырасыў халықларымыздың мәплеринен келип шығатуғын мақсетлерди әмелге асырыў жолындағы жедел сөйлесиўлер ушын қолайлы пурсат болып есапланады, делинеди сәўбетте.

    Бүгинги күнде Өзбекстан-Россия қатнасықлары жаңа басқыш - көп қырлы стратегиялық аўқамласлық ҳәм исенимли бирге ислесиў дәрежесине көтерилди. Онда еки мәмлекет президентлери белгилеп берген перспективалы ўазыйпалар ҳәм олардың орынланыўы әҳмийетли орын ийелейди.

    Ушырасыўда өткен жылы өз-ара саўда айланысы 15 процентке өсип, 12 миллиард долларды қурағаны айтып өтилди.

    Сөйлесиў ўақтында миграция мәселесинде әҳмийетли ўазыйпалар бар екенлиги ҳәм бул процессте еки мәмлекет пуқараларының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўдың нызамлы шешимлерин биргеликте табыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Соның менен бирге, Өзбекстан - Россия парламентлериниң байланысларының бүгинги жағдайы талланып, еки мәмлекет қатнасықларында парламентлераралық тығыз бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

    Бул бағдарда Олий Мажлис Сенаты ҳәм Россия Федерациясы Федерал Кеңеси арасында қоспа комиссия жумыс алып барып атырғаны, еки мәмлекет парламентлериниң жоқары палаталары басшыларының турақлы түрде өткерип атырған ушырасыўлары исенимли бирге ислесиў орталығында өз нәтийжесин берип атырғаны атап өтилди.

    Өз гезегинде, мәртебели мийман шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди. - Биз Өзбекстанды Россияның 10 исенимли шериклеринен бири деп есаплаймыз. Мәмлекетлеримиз арасында қәлиплескен беккем дослық ҳәм исенимли шериклик сиясатын қоллап-қуўатлаймыз, - деди В.Володин. - Парламентлеримиздиң избе-из ҳәм нәтийжели жумысынан мәпдармыз және бирге ислесиўимизди жоқары пәтлерде даўам еттириў тәрепдарымыз.

    Сондай-ақ, сөйлесиў даўамында келешекте өз-ара қатнасықларды буннан былай да беккемлеў, ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы үстинен қадағалаў, нызамшылық тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм Жаслар парламентиниң байланысларын жеделлестириў бойынша пикир алысылды.

    Өзбекстан тәрепи Россия парламенти администрациясы ҳәм ўәкиллерин жақында Ташкентте өткерилетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы илажларында белсене қатнасыўын қанаатланыўшылық пенен қабыл ететуғынын билдирди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.




    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech