2025-жылы ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы Самарқанд қаласында өткерилиўине таярлық көрилмекте. Бул абырайлы илажды мүнәсип өткериў мақсетинде көплеген жоқары билимлендириў шөлкемлери қатарында Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетине Бразилияның абырайлы ЖООлары менен бирге ислесиў байланысын орнатыў ўазыйпасы қойылған еди.

Усы мақсетте Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети делегациясы Бразилияға хызмет сапары менен барды. Усы жылдың 27-ноябрь күни ӨзМЖТУ делегациясы Бразилияның жәҳән рейтинглеринде жоқары орынды ийелеген Сао-Пауло университетине барды.

ӨзМЖТУ ректоры Илҳомжон Тохтасинов басшылығындағы делегацияны Сао-Пауло университети Халықаралық бирге ислесиў бойынша директорының орынбасары профессор Ларисса Дриэмеиэр күтип алды.

Сапар шеңберинде еки университет ўәкиллери арасында ушырасыў шөлкемлестирилди. Сөйлесиў ўақтында ҳәр қыйлы шөлкемлестириў мәселелери, соның ишинде, Өзбекстанда өткерилиўи режелестирилип атырған ЮНЕСКОның 43-сессиясында мийманлардың қатнасыўы бойынша өз-ара пикирлер алысылды. Сондай-ақ, Өзбекстанның басламалары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сапар шеңберинде мәдений-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестирилди. Илаж алдынан ӨзМЖТУ ректоры профессор И.Тохтасинов шығып сөйлеп, еки университет арасындағы беккем байланыслар ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, Өзбекстан билимлендириў системасындағы реформалар ҳәм шет тиллерин оқытыў ҳаққында сөз етти.

Илаж даўамында ӨзМЖТУ ҳаққындағы видеоролик көрсетилди, сондай-ақ, делегация ағзалары тәрепинен Өзбекстанның уллы шахслары ҳаққында мағлыўмат берилди. Илаждан Өзбекстан мәденияты ҳәм үрп-әдетлерине байланыслы көргизбели материаллардың презентациясы, Өзбекстан байрағы, миллий кийимлер, өнерментшилик үлгилери көрсетилди.

Қатнасыўшыларға патир, мазалы затлар, қурғақ мийўелер усыныс етилди.

Миллий тағамымыз болған палаў таярланып, қатнасыўшыларға тартылды.

Мағлыўмат орнында: QS World ranking‘ рейтингинде 92-орынды ийелеген Сао Пауло университети 1934-жыл 25-январьда шөлкемлестирилген. Ҳәзирги күнде 100 мыңнан аслам студентлерге билим берип атырған Сао Пауло университетинде көплеген Нобел талабанлары, миллий Конгресс ағзалары, тийкаршылары ҳәм белгили бразиялы компания басшылары, жәмийетте әҳмийетли орын ийелеген шахслар тәлим алған.

Сондай-ақ, Сао Пауло университети Бразилияның ең ири изертлеў мәкемелери қатарына киреди. Жоқары сапалы конференция ҳәм журналларда басып шығарылған илимий мақалалардың 25 проценттен асламы усы университет изертлеўшилерине туўры келеди.