Ҳүжжетке еки мәмлекет ҳүкиметлери атынан Өзбекстанның БМШтағы турақлы ўәкили Улуғбек Лапасов ҳәм Эритрияның БМШтағы турақлы ўәкили София Тесфамариам Йоханнес қол қойған.

Эритрея ўәкилханасы бул ўақыяны өз-ара ҳүрмет ҳәм БМШ Режеси принциплери тийкарындағы еки тәреплеме қатнасықлардың жаңа басқышы сыпатында баҳалады.

Мағлыўмат ушын, Африкадағы бул мәмлекет, Өзбекстан рәсмий мәмлекетлераралық қатнасықлар орнатқан 161-мәмлекет болды.