Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери, спорт шөлкемлериниң басшылары және 170 мыңға шамалас хызметкерлерди бәнт еткен 200 ден аслам исбилерменлердиң қатнасыўында мәжилис өткерилди.

Мәжилисте исбилерменлик субъектлерин спортқа тартыў ҳәм олар арасында жарыслар өткерилиўин системалы түрде жолға қойыў мақсетинде Өзбекстан корпоратив спорт ассоциациясы шөлкемлестирилди.

Онда Саўда-санаат палатасының баслығы Д.Ваҳобов Өзбекстан корпоратив спорт ассоциациясының баслығы, "AKFA GROUP" тийкарын салыўшысы Ж.Ортиқхўжаев баслықтың биринши орынбасары, "International Beverages Tashkent" ЖШЖ ЖК директорлар кеңесиниң баслығы Ш.Эргашев баслықтың орынбасары, Ш.Сатторов атқарыўшы директор етип сайланды.

Ушырасыўда корпоратив спортты раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, ассоциация тәрепинен исбилерменлер арасында спорт жарысларын системалы шөлкемлестириў тийкарында шебер жасларды таңлап алыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, ҳәр қыйлы спорт түрлери бойынша ассоциация Басқарыў кеңесиниң ағзалары сыпатында төмендеги ири исбилерменлер белгиленди:

Бекзод Маматқулов - футбол ҳәм футзал;

Зафар Ҳошимов - баскетбол;

Баҳодир Абдуллаев - стол тенниси;

Мурод Назаров - жеңил атлетика.