Бул жетекши компания менен бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, "Euronews"тиң кең аудиториясын Өзбекстанның бай мәдений-тарийхый мийрасы, мәмлекетте жүз берип атырған әҳмийетли сиясий-экономикалық процесслер, сондай-ақ, оның инвестициялық ҳәм туризм потенциалы ҳаққында хабардар етиў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы биргеликтеги мәлимлеме жойбарларын әмелге асырыў ҳәм профессионал кадрлар таярлаў бағдарындағы жедел ҳәрекетлерди, сондай-ақ, "Euronews" Ташкент қаласында өз офисин ашыўды режелестирип атырғанын қоллап-қуўатлады.
"Euronews Academy" бағдарламасы шеңберинде өзбекстанлы журналистлерди алдынғы профессионал стандартлар тийкарында оқытыў режелери қоллап-қуўатланды.
Барлық перспективалы бағдарлар бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириў мақсетинде биргеликтеги "жол картасы"н таярлаўға келисип алынды.