Ушырасыў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайнниң сәлеми ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди.
Өткен жылы Самарқанд қаласында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Иордания кең көлемли шериклик қатнасықларын және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Жедел еки тәреплеме сөйлесиўлер ҳәм алмасыўлар қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көлеми ҳәм қоспа кәрханалар саны артпақта.
"Жол картасы" тийкарында парламентлерде шөлкемлестирилген "дослық топарлары" жумысын жеделлестириў, мәмлекет басшылары тәрепинен ерисилген келисимлердиң нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеўде олардың ролин күшейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Саўда, санаат кооперациясы, туризм, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў тараўларындағы байланысларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Усы мәниде, усы жылы Ташкент қаласында өткерилетуғын Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси ҳәм жетекши компаниялардың бизнес форумын нәтийжели өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.