Ушырасыўда Өзбекстан - Корея айрықша стратегиялық шериклик
қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў
мәселелери көрип шығылды.
Жоқары мәртебели мийман Өзбекстан Президентине Корея
Республикасы Президенти Ли Чже Мённың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Мәмлекет басшыларының Нью-Йорк қаласында болып өткен ушырасыўының жуўмақлары
қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Терең тарийхый дослық байланыслары, уқсас менталитет, дәстүр
ҳәм қәдириятларға тийкарланған еки тәреплеме байланыслар избе-из раўажланбақта.
Өзбекстан Президенти Қубла Корея менен саўда-экономикалық
ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Өз-ара саўда ҳәм инвестициялар көрсеткишлери турақлы артып
бармақта. Усы жылдың басынан товар алмасыў 12 процентке артты. Елимизде дерлик
1 мың қоспа кәрхана жумыс алып бармақта, Корея инвестицияларының улыўма көлеми
8 миллиард доллардан артты. Корея компаниялары ушын арнаўлы санаат зонасын
шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылмақта.
Корея Эксимбанки ҳәм оның фондлары менен көп жыллық ҳәм
нәтийжели бирге ислесиўге жоқары баҳа берилди, олардың қатнасыўындағы
жойбарлардың улыўма портфели 2 миллиард доллардан асламды қурамақта.
Көп тармақлы клиника, химия орайы, фармацевтика бағы
қурылмақта. Бүгин Ташкент - Хийўа жөнелиси бойынша «Hyundai Rotem» маркалы биринши поезд
қатнаўын баслады.
Өзбекстан Президенти тийкарғы бағдарларда жаңа инвестициялық
жойбарлар портфелин таярлаў ҳәм аймақлараралық алмасыўларды жеделлестириў зәрүр
екенлигин атап өтти. Мәмлекетлик қаржыларды басқарыў системасын санластырыўда
Корея тәрепиниң жәрдемине үмит билдирилди.
Болажақ жоқары дәрежедеги илажларға, соның ишинде, усы
жылдың гүзинде Сеул қаласында болып өтетуғын "Орайлық Азия - Корея"
саммитине таярлық көриў әҳмийетли екени атап өтилди.