Илажда Япония Бас министри Санаэ Такаичи, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.

Орайлық Азия ҳәм Япония арасында саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, регионға Япония инвестицияларын ҳәм алдынғы технологияларын тартыў, санаат кооперациясын кеңейтиў, исбилермен топарлар арасындағы тиккелей байланысларды беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Биргеликтеги экономикалық жойбарлар таныстырылды.

Sumitomo, Chubu Electric Power, Shikoku Electric Power компаниялары тәрепинен JBIC ҳәм NEXI жәрдеминде Өзбекстанда еки қуяш электр станциясын қурыў, модернизациялаў сыяқлы Өзбекстан-Япония инвестициялық басламалары усылардың қатарына киреди.

Toyota Tsusho қатнасыўында IТ-инфраструктура, Sojitz компаниясы тәрепинен көп тармақлы медицина орайының шөлкемлестирилиўи, JOGMEC қатнасыўында жаңа әҳмийетли минерал кәнлериниң өзлестирилиўи.

Жетекшилердиң қатнасыўында тийисли жойбарлар бойынша салтанатлы түрде ҳүжжетлер алмасылды.