Ушырасыў алдынан Илҳам Алиев Өзбекстан жетекшисине Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыўға мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы, өз гезегинде, туўысқан Әзербайжан Президенти ҳәм халқын быйыл 8-октябрь күни болып өткен Жеңистиң бес жыллығы менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан Президентиниң усы жыл июль айында Әзербайжанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Әзербайжан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Барлық дәрежелерде нәтийжели алмасыўлар даўам етпекте.

Жыл басынан товар алмасыў 15 процентке артты. Автомобиль қурылысы, энергетика, туризм ҳәм басқа да тармақлардағы биргеликтеги санаат кооперациясы жойбарлары жеделлик пенен әмелге асырылмақта.

Жетекшилер болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм илажлар режесин де көрип шықты.