Федерация Кеңесиниң Баслығы мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм мәмлекетшилик жумысында жаңа табыслар тиледи.
Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын, соның ишинде, нәтийжели парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў, санаат кооперациясы, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыў бойынша жедел бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.








