Өзбекстан - Россия өз-ара пайдалы бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў, бәринен бурын, Санкт-Петербург қаласы менен экономикалық кооперация жойбарларын ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлериниң өсип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди - өткен жылдың жуўмақларына бола аймақлар дәрежесиндеги экспорт-импорт көлеми 20 процентке артты. Пайтахтымызда Исбилерменлик орайының жумысын жолға қойыў, сондай-ақ, Жаңа Ташкент аймағында "Петербург массиви"н қурыў жойбарын таярлаў жумыслары алып барылмақта.

Россия делегациясының бул ретки сапары ўақтында металлургия, үскене қурылысы, жол қурылысы, фармацевтика ҳәм денсаўлықты сақлаў, азық-аўқат санааты, аўыл хожалығы, логистика ҳәм басқа да тараўларда 23 кооперациялық жойбарды әмелге асырыў бойынша "жол картасы" қабыл етилди.

Жеке меншик медицина, билимлендириў, коммунал хожалық, санлы технологиялар, миграция ҳәм туризм тараўларында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша анық усыныслар қоллап-қуўатланды.

Жедел гуманитарлық байланысларды даўам еттириў ҳәм биргеликтеги мәдений илажларды турақлы шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Усы жылдың октябрь айында еки мәмлекет аймақлары кеңесиниң екинши мәжилисин нәтийжели өткериўге қаратылған илажларды көриўге келисип алынды.