Сөйлесиўде соңғы күнлерде бақланып атырған Жақын Шығыстағы ўақыялардың кескин кескинлесиўи регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа, мәмлекетлераралық қатнасықларға үлкен зыян келтирип атырғаны айрықша атап өтилди.

Пүткил мусылман үммети ушын мүбәрек Рамазан айында мәмлекетлердиң суверенитети, пуқаралардың тынышлығы ҳәм татыўлығына қәўип туўдырыўшы ҳәр қандай ҳәрекетлерге, келиспеўшиликлер менен машқалаларды тыныш ҳәм дипломатиялық жоллар менен шешиўге жеделлик пенен шек қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз жетекшиси усы қыйын күнлерде Иордания басшысы ҳәм халқына тилеклес екенин ҳәм қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Иордания Патшасы, өз гезегинде, дослық мүнәсибети, шын жүректен қоллап-қуўатлаў ҳәм тилеклеслик сөзлери ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди. Оманға болажақ жоқары дәрежедеги тарийхый сапар табыслы ҳәм нәтийжели болатуғынына исеним билдирди.