Рәсмий емес руўхта болып өткен қызғын сәўбетте Жаңа Өзбекстандағы реформалардың әмелге асырылыўы, атап айтқанда, оларды жедел алға қойыўда ўатанласлар ҳәм диаспора шөлкемлериниң үлеси менен байланыслы мәселелер додаланды.

Ушырасыўда жаслар ҳәм исбилерменлер ушын сөйлесиў майданын жаратыў мақсетинде "Ўатанласлар халықаралық бизнес марафоны"на старт берилди.

Қатнасыўшылар Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық, илимий ҳәм билимлендириў байланысларын кеңейтиў ҳәм беккемлеў, миллий экономиканың тийкарғы тармақларына алдынғы АҚШ технологияларын енгизиў, медицина, транспорт ҳәм логистика тараўларында инновацияларды алға қойыў, елимизде маркетплейслерди раўажландырыў бойынша өз усынысларын билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы Ўатанымыздың раўажланыўына қосып атырған үлеси ушын ўатанласларымызға миннетдаршылық билдирип, билдирилген барлық усыныс ҳәм басламалар министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен пуқта үйренилип, ең перспективалылары әмелде өз көринисин табатуғынын атап өтти.

Өзбекстан Президенти АҚШта 500 ден аслам "Эл-юрт умиди" стипендиантларына айрықша итибар қаратты. Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың билим ҳәм тәжирийбесин елимизде қолланыўға имканият жаратыў миллий сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев студентлердиң оқыў ҳәм кәсиплик жумысларында табыслар тилеп, мәмлекетимиз жаслардың басламалары ушын бәрқулла ашық екенин, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екенин атап өтти.

Ушырасыў қатнасыўшылары, өз гезегинде, Өзбекстан жетекшисине диаспора ҳәм жас әўладқа итибары, жаслардың потенциалын жүзеге шығарыў ушын жаратылған шараятлар ҳәм имканиятлар ушын миннетдаршылық билдирип, Ўатанымыздың раўажланыўына және де үлкен үлес қосыўға таяр екенин атап өтти.