Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында өткен илажда Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тийкарғы бағдарларда кеңейтиў перспективалары, әҳмиетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер көрип шығылды.
Өзбекстан Президенти сөзиниң басында ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң Орайлық Азия мәмлекетлери менен дослық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў, анық жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыў арқалы регионның турақлы раўажланыўын қоллап-қуўатлаўдағы орнын атап өтти.
2023-жылы Сиань қаласында өткен биринши саммиттен соң "Орайлық Азия - Қытай" форматындағы бирге ислесиўде үлкен табысларға ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Атап айтқанда, секретариат шөлкемлестирилди, министрлер ҳәм экспертлердиң ушырасыўлары менен мәжилислерин өткериў механизмлери иске қосылды, кең көлемли бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый базасы қәлиплестирилмекте.
Орайлық Азия мәмлекетлериниң Қытай менен товар алмасыў көлеми артып бармақта, усы жылы бул көрсеткиш 100 миллиард долларға жетиўи күтилмекте.
- Бизиң пикиримизше, бир тәрептен исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик мәканына айланған Орайлық Азияның өзиндеги терең трансформация процесслери, екинши тәрептен, Қытай басшылығының қоңсы мәмлекетлер менен дослық қатнасықларын раўажландырыў ҳәм "Мәкан ҳәм жол" глобал концепциясын алға қойыўға исенимли умтылысы бул форматтағы бирге ислесиўдиң раўажланыўына имканият бермекте, -деди мәмлекетимиз басшысы.
Соң Өзбекстан жетекшиси регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша өз көзқарасын билдирди.
Бәринен бурын, бул ретки ушырасыў халықаралық жағдай сезилерли дәрежеде төменлеген бир шараятта өтип атырғаны атап өтилди.
Бәсекиниң артыўы кескинликтиң күшейиўине, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўға жаңа қәўип-қәтерлердиң пайда болыўына алып келмекте.
- Таласлы халықаралық мәселелер ҳәм қарама-қарсылықлы машқалаларды шешиў ушын күш қолланыў қуралларынан пайдаланыў өзин ақламайды ҳәм оған жол қойып болмайды, деп есаплаймыз, -деди Президент. - Барлық келиспеўшиликлер ҳәм қарама-қарсылықлар суверенитетти ҳүрмет етиў, халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң режесине тийкарланып тек ғана дипломатиялық ҳәрекетлер жолы менен - сөйлесиўлер столында шешилиўи шәрт.
Усы мүнәсибет пенен саммит даўамында регионаллық турақлылықты тәмийинлеўге улыўма үлес қосатуғын Мәңги жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнаманың қабыл етилиўи тарийхый әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Бул шәртнаманы раўажландырыў мақсетинде анық механизм ҳәм жойбарларды киргизген ҳалда Узақ мүддетли шериклик концепциясын ислеп шығыў усыныс етилди.
Өзбекстан жетекшисиниң атап өткениндей, Қытай менен саўда, инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиў Орайлық Азияның барлық мәмлекетлерин социаллық-экономикалық раўажландырыў стратегияларын әмелге асырыўда күшли локомотив болып хызмет етпекте.
Регион мәмлекетлериниң өсип баратырған потенциалы ҳәм Қытайдың санаат тараўындағы жетекшилигин бирлестириў билимлер менен алмасыў ҳәм технологиялар трансфериниң нәтийжели механизмлерине ийе болған улыўма кең имканиятлар мәканының пайда болыўына алып келиўи мүмкин екени атап өтилди.
Жаңа экономикалық шериклик бағдарламасын тез пурсатта қабыл етиў ҳәм Бас министрлердиң орынбасарлары дәрежесинде Саўда ҳәм инвестициялар бойынша аймақлараралық кеңести шөлкемлестириў бул бағдардағы әмелий қәдем болады. Өзбекстан тәрепи кеңестиң биринши мәжилисин усы жылдың ақырына шекем өткериўге таяр екени билдирилди.
Саўда байланысларын хошаметлеў мақсетинде Өзбекстан Президенти "Санлы мәкан ҳәм жол" шеңберинде "Санлы Жипек жолы" көп тәреплеме саўда платформасын шөлкемлестириў басламасын алға қойды.
Сондай-ақ, регламент ҳәм стандартларды жақынластырыў, экспорт өнимлерин Қытай талаплары тийкарында сертификатлаў ушын Ташкент қаласында Санаатта стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў регионаллық орайын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бизнес, жетекши илимий-изертлеў институтлары ҳәм инженерлик орайларын тартқан ҳалда, технологиялар трансфери бойынша өз алдына "жол картасы"н қабыл етиў усынысы билдирилди.
Өзбекстан жетекшиси экономикалық потенциалды нәтийжели жүзеге шығарыў ушын санаат ҳәм инфраструктуралық өз-ара байланыслылықты күшейтиў зәрүр екенлигине айрықша тоқтап өтти. Усы мақсетте "Орайлық Азия - Қытай" санаат ҳәм инфраструктура мәканы" узақ мүддетли стратегиясын ислеп шығыў усыныс етилди.
Қытай инвестициялары, технологиялық ҳәм илимий шешимлерин тартқан ҳалда өз-ара байланысқан санаат кластерлери, технопарклер ҳәм логистика хаблары системасын жаратыў солардың қатарына киреди.
Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай энергетика системаларын өз-ара байланыстырыў, соның ишинде, жоқары күшлениўли электр узатыў линиясын қурыў мегажойбарын әмелге асырыў мәселелери де дыққат пенен үйренилиўи керек.
Регионаллық әҳмийетке ийе ири жойбарларды қоллап-қуўатлай алатуғын нәтийжели финанслық қуралларды енгизиў мәселеси айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
- Бүгинги күнде әмелде болған халықаралық механизмлер, әлбетте, әҳмийетли рол атқармақта, бирақ регионның инвестицияға болған талабын толық қаплай алмай атыр. Экспертлердиң жуўмағына бола, Орайлық Азияны инфраструктуралық раўажландырыўда капитал қойылмалардың жетиспеўшилиги бир неше жүз миллиард долларға баҳаланбақта," - деди Өзбекстан жетекшиси.
Усы мүнәсибет пенен инфраструктуралық басламаларды алға қойыў ушын нәтийжели платформа бола алатуғын "Орайлық Азия - Қытай" раўажланыў фондын шөлкемлестириў имканиятын көрип шығыў усыныс етилди.
Орайлық Азия ҳәм Қытайдың транспорт жағынан өз-ара байланыслылығын раўажландырыў және бир тийкарғы бағдар сыпатында атап өтилди.
"Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолы қурылысының басланғаны Евроазия мәканындағы жаңа транспорт ҳәм транзит коммуникациялары системасының әҳмийетли элементи екени атап өтилди. Соның менен бирге, Трансаўған темир жол магистральы жойбарын әмелге асырыў және де кең имканиятлар есигин ашады.
- Бул стратегиялық тараўдың келешегине байланыслы улыўма көзқарасларды ислеп шығыў ушын транспорт уйымларымызға дала изертлеўлерин алып барыў, логистика инфраструктурасын модернизациялаў имканиятларын үйрениў, алтернатив коридорлар бойынша жүклерди тасыў бойынша сынаў түриндеги жойбарларын әмелге асырыў ушын эксперт топарларын қәлиплестириў бойынша тапсырма бериўимиз зәрүр, деп есаплайман,-деди Өзбекстан жетекшиси.
Бул топарлардың жумысының нәтийжелери тийкарында келеси саммитке шекем транспорт коридорлары ҳәм заманагөй транзит инфраструктурасының бирден-бир картасын қәлиплестириў бойынша анық ҳәм тийкарланған усыныслар ислеп шығылыўы керек.
Мәмлекетимиз басшысы климат өзгериўиниң турақлы раўажланыў ушын үлкен қәўип-қәтерлерине итибар қаратып, 2030-жылға шекем мөлшерленген "Жасыл" раўажланыў бағдарламасын қабыл етиўди жеделлестириў, сондай-ақ, шөллениўге қарсы гүресиў, деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў, қурғақшылық ҳәм шөл аймақларында биоэкологиялық турақлылықты арттырыў бойынша қарым-қатнас ҳәм шериклик ушын Экологиялық альянсты дүзиўге шақырды.
- Жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар тараўындағы бирге ислесиў имканиятларына айрықша тоқтап өтиўди қәлер едим. Әйне усы бағдарлар бүгинги күнде миллий экономикалардың бәсекиге шыдамлылығын белгилеп, узақ мүддетли өсиўдиң драйвери болмақта, - деди Президентимиз.
Экономикалық бирге ислесиўдиң турақлы санлы инфраструктурасын қәлиплестириў мақсетинде үлкен мағлыўматлар базалары ҳәм процессинг орайларының Өз-ара интеграцияласқан банклер тармағын жаратыў, сондай-ақ, тийкарғы энергетика ҳәм транспорт бағдарлары бойлап "Орайлық Азия - Қытай" оптикалық талшықлы байланыс линиясының санлы трассасын қурыў усыныс етилди.
- Халықларымыздың бир-бириниң мәдениятын өз-ара байытыў ҳәм жақынласыўға болған улыўмалық умтылысы - бул бизиң бийбаҳа байлығымыз болып есапланады. Бүгин қабыл етилип атырған Өз-ара сапар етиўлерди жеңиллетиў бойынша баслама ҳәм Мәдений-гуманитарлық илажлар бағдарламасы әне усы мақсетлерге қаратылған, - деди Президентимиз.
Бул бағдардағы бирге ислесиўди және де беккемлеў мақсетинде Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытайдың тарийхый-мәдений ресурсларын өзинде жәмлеген, изертлеўшилер, студентлер, туристлер ҳәм креатив индустрия ўәкиллерин қамтып алған "Жипек жолы мәдений мийрасы" бирден-бир санлы порталын жаратыў усыныс етилди.
Сондай-ақ, профессионал билимлендириў тараўында бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыў, университет ректорлары форумлары, пәнлер академиялары ҳәм илимий-изертлеў орайлары басшыларының ушырасыўларын өткериў арқалы улыўма илимий-билимлендириў платформасын қәлиплестириў мақсетке муўапық екенлиги көрсетип өтилди.
Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиў тийкарғы әҳмийетли бағдарлардан бири болып қалмақта. Усы мүнәсибет пенен Президентимиз терроризм, экстремизм, радикализм, наркотрафик, нызамсыз миграция ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўде арнаўлы хызметлер ҳәм қәўипсизлик кеңеслери арқалы көп тәреплеме мәлимлеме алмасыў механизмлерин жолға қойыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
- Биз ушын тек ғана қоңсы емес, ал улыўма тарийхый-мәдений ҳәм экономикалық мәканымыздың ажыралмас бөлеги болған Аўғанстан машқалаларына халықаралық жәмийетшиликтиң итибары төменлеп атырғаны айрықша тәшўиш оятпақта, -деди Өзбекстан жетекшиси.
Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң Аўғанстан менен бирге ислесиўинде топланған бай тәжирийбени атап өтип, Өзбекстан Президенти усы мәмлекеттиң тиклениўине жәрдемлесиў ҳәм оны регионаллық интеграция процесслерине тартыў мәселелерин көрип шығыў бойынша жоқары дәрежедеги топарды шөлкемлестириўди усыныс етти.
Топардың ушырасыўын Термиз қаласында Аўғанстан ўәкиллериниң қатнасыўында өткериўге таярлық билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында Өзбекстан "Орайлық Азия - Қытай" форматындағы ашық сөйлесиў, прагматикалық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў тәрепдары екени атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында мәмлекет басшылары Астана декларациясы ҳәм Мәңги жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды.
Сондай-ақ, ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлердиң салмақлы топламы қабыл етилди.
Саммит жуўмағында кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, шөллениўге қарсы гүресиў, билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў орайлары ҳәм тосқынлықсыз саўда бойынша бирге ислесиў платформасын иске қосыў мәресими болды.












