Қытай миллий ядро корпорациясы пуқаралық ядро бағдарламалары тараўындағы ең ири мәмлекетлик кәрхана болып есапланады. Компания уранды излеў ҳәм байытыўдан баслап, Қытай ҳәм сырт елде атом электр станцияларын қурыўға шекемги жойбарлардың толық шынжырын әмелге асырады.
Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы “CNNC” баслығы ҳәм жәмәәтин Қытай атом санаатының 70 жыллығы менен қутлықлады.
Сөйлесиў даўамында Өзбекстанда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Қытай компаниясының заманагөй технологиялар трансфери ҳәм уран кәнлерин өзлестириўдеги қатнасыўы, перспективалы майданларда геологиялық-излеў жумысларын алып барыў, сондай-ақ, тыныш атом тараўында кооперацияны кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратты.