Россия Федерациясына әмелий сапар шеңберинде Н.А.Римский-Корсаков атындағы Санкт-Петербург мәмлекетлик консерваториясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонға Лев Толстой атындағы халықаралық тынышлық сыйлығын тапсырыў мәресими болып өтти.

Жоқары сыйлықты Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң қатнасыўында халықаралық сыйлық төрешилериниң баслығы, Мариинск театрының көркемлик басшысы ҳәм бас директоры, Россия үлкен театрының бас директоры, дирижёр Валерий Гергиев тапсырды.

Үш мәмлекет жетекшилери Орайлық Азия регионында тынышлық ҳәм қәўипсизликти беккемлеўге қосқан үлкен жеке үлеси ушын ҳүрметли сыйлыққа ийе болды.

Төрешилер тәрепиниң қарарында атап өтилиўинше, үш мәмлекет басшылары тәрепинен 2025-жыл 31-март күни Хоженд қаласында Мәмлекетлик шегаралардың тутасыў ноқаты ҳаққындағы шәртнама ҳәм Мәңги дослық ҳаққындағы Хоженд декларациясына қол қойылғаны халықаралық ҳуқықтың үстинлиги тийкарында улыўма ҳәм теңдей қәўипсизликти тәмийинлеў, халықлар арасында өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге салмақлы үлес қосқан.

Сыйлық инсаныйлық идеяларына садықлықтың нышаны болып, Орайлық Азияны тынышлық, абаданлық ҳәм дөретиўшилик мәканы сыпатында қәлиплестириўге қосып атырған улыўма үлесимиздиң тән алыныўы сыпатында баҳаланатуғыны атап өтилди. Дос Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан қатнасықларында жаңа беттиң ашылыўы үш мәмлекет халықларының сиясий ерк-ықрары ҳәм исенимге, жақсы қоңсышылыққа болған умтылысы себепли жүзеге шыққаны атап өтилди.