Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында"ғы Пәрманына түсиник

    Сиясат 7 желтоқсан 2025 626

    Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен "Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында"ғы Пәрманға қол қойылды.

    Пәрман менен Өзбекстан Республикасы Конституциясының 109-статьясы 23-бәнтине муўапық, жынаят ислегенлиги ушын жазаны өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен 615 пуқара әпиў етилди.

    Әпиў етилгенлердиң 220 сы тийкарғы жазадан толық азат етилди, 123 шахс жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 97 шахсқа тайынланған жаза жеңил жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 175 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.

    Әпиў етилгенлердиң 9ы сырт ел пуқаралары, 29ы ҳаял-қызлар, 23и 60 жастан асқан ер адамлар, 264и 30 жасқа шекемги шахслар (соннан 2 еўи жас өспиримлер) ҳәм 9ы қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан шахслар болып есапланады.

    Пәрманның орынланыўы шеңберинде әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм жақынлары қушағына қайтарыў, оларды социаллық бейимлестириў, пайдалы мийнетке тартыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестирип, жәмийетте мүнәсип орын ийелеўине жәрдемлесиў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тапсырмалар берилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates