Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында

    19 қараша 2025 1224

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 18-ноябрьдеги "Экология ҳәм туризм тараўларында халықтың талапларына жедел жуўап бериў бойынша басқарыў системасын жаратыў илажлары ҳаққында"ғы ПП-217-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

    I. Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети жумысын жолға қойыў

    1. Төмендегилер:

    (а) Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң (кейинги орынларда - Экология комитети) шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;

    (б) Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети ҳаққындағы реже 2-қосымшаға муўапық;

    (в) Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң Экологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы (Экополиция) ҳаққындағы реже 3-қосымшаға муўапық;

    (г) Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети системасында мәмлекетлик инспектор статусына ийе хызметкерлерге арнаўлы атақлар бериў тәртиби ҳаққындағы реже 4-қосымшаға муўапық;

    д) 2025-2027-жыллары Экополиция хызметкерлерин арнаўлы техника ҳәм транспорт қураллары менен тәмийинлеў бағдарламасы 5-қосымшаға муўапық;

    Экология, қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы реформаларды буннан былай да күшейтиў бойынша илажлар бағдарламасы 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

    Экология комитетиниң "Қоршаған орталықты қорғаў тараўында қәнигелестирилген аналитикалық қадағалаў орайы" мәмлекетлик мәкемеси негизинде "Миллий экологиялық мониторинг орайы" мәмлекетлик мәкемеси шөлкемлестирилсин.

    3. Төмендегилер:

    (а) Экология комитети өз жумысында тиккелей Өзбекстан Республикасы Президентине есап береди;

    (б) Экология комитети өз жумысын барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден, олардың лаўазымлы шахсларынан ғәрезсиз түрде әмелге асырады, бул лаўазымлы шахслардың оның жумысына араласыўы қадаған етиледи;

    (в) нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерде белгиленген Министрлер Кабинетиниң экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў саласындағы ўәкилликлери оларға тийисли өзгерислер киргизилгенге шекем тиккелей Экология комитети тәрепинен әмелге асырылады;

    (г) Экология комитети Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң ҳуқық ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланады;

    (д) Экология комитетиниң ағымдағы жумысына басшылық етиў Өзбекстан Республикасы Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы тәрепинен әмелге асырылады;

    (ж) Экология комитети баслығының Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын 4 орынбасары болады, статусы, мийнетке ҳақы төлеў, медициналық хызмет көрсетиў ҳәм транспорт тәмийнаты шәртлери бойынша тийислисинше Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасарларына теңлестириледи;

    (з) Экология комитетиниң лаўазымлы шахсларына бурынғы жумыс орнында берилген көп жыллық хызметлери, әскерий ҳәм арнаўлы атақлары (класс дәрежелери, маманлық категориялары, дипломатиялық дәрежелери ҳәм басқалар) ушын үстеме ҳәм қосымша төлемлер сақланып қалады;

    (и) Экология комитетинде ислеген дәўири әскерий ҳәм арнаўлы атақлар алыў ушын зәрүр болған ис стажына қосылады;

    (к) мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўшы хызметкерлердиң формалы кийим-кеншеклерин ҳәм олар ушын парықлаў белгилерин сатып алыў менен байланыслы қәрежетлер Экология комитетиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылады;

    (л) Экополиция хызметкерлерин арнаўлы техника ҳәм транспорт қураллары менен тәмийинлеў Экология комитетиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылады;

    (м) Тоғайзарластырыў ҳәм жасыл аймақларды көбейтиў, шөллениўге қарсы гүресиў агентлиги, Гидрометеорология хызмети агентлиги, Шығындыларды басқарыў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў агентлигиниң төмендеги басшылары:

    (i) директорлар Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи;

    (ii) директор орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи;

    (н) Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи комитети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бас басқармаларының (кейинги орынларда - аймақлық бөлимлер) басшылары Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен келисилген ҳалда Экология комитети баслығы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи;

    (о) районлардың (қалалардың) аймақлық бөлимлери ҳәм бөлимлери жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының структурасына кирмейди, өз жумысын еркин әмелге асырады ҳәм Экология комитетине есап береди;

    (п) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер экологиялық дипломатия бөлимлери хызметкерлерин лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў мәселелерин Экология комитети менен алдыннан келисип алыўы шәрт;

    (р) Экология комитетине қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳәм мәмлекетлик тоғай хожалықларының структурасын (үлги структурасын) тастыйықлаў ўәкиллиги бериледи.

    II. Тараўды санластырыў ҳәм экологиялық өндириске өтиў.

    Экология комитети Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте 2026-жыл 1-сентябрьге шекем Экология қорының қаржылары есабынан Бирден-бир экологиялық онлайн платформаның жумысын жолға қойсын.

    5. Бирден-бир экологиялық онлайн-платформаға қойылатуғын тийкарғы талаплар 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

    6. Қоршаған орталыққа тәсири бойынша I ҳәм II категориялы санаат кәрханалары (кейинги орынларда - I ҳәм II категориялы кәрханалар) 2026-жыл 1-мартқа шекем өз аймағында фонлық мониторинг станцияларын орнатыў ҳәм оларды Экология комитетиниң Миллий экологиялық мониторинг орайы менен интеграциялаў илажларын көрсин.

    7. 2026-жыл 1-марттан баслап анық мүддетте фонлық мониторинг станцияларын орнатпаған ҳәм Экология комитетиниң Миллий экологиялық мониторинг орайы менен интеграцияланбаған I ҳәм II категориялы кәрханаларға компенсация төлемлерин 5 есеге арттырған ҳалда қолланыў тәртиби енгизилсин.

    8. Төмендегилер:

    (а) 2026-жыл 1-марттан баслап тәбиятқа жеткерилген зыян бойынша компенсация төлемлеринен азат етиў түринде жеңиллик бериў менен байланыслы барлық нызам ҳүжжетлери ҳәм ҳуқықый күшке ийе көрсетпелер өз күшин жойытқан болып, бул мәселе бойынша жеңиллик бериў тек ғана нызам арқалы әмелге асырылады;

    (б) экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң талапларына әмел етилиўин ямаса оларға әмел етпестен руқсат бериў характерине ийе ҳүжжетлерди бериў, соның ишинде, мәмлекетлик экологиялық экспертиза жуўмағын бериў, терек ҳәм путаларды кесиў ҳәм көширип өткериўди нәзерде тутатуғын Ҳүкиметтиң қарарлары, бийликлери, протоколлары ҳәм жазба тапсырмалары, ведомстволараралық ҳүжжетлер, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ҳүжжетлерин қабыл етиў қатаң қадаған етиледи;

    (в) Экополиция хызметкерлерине физикалық күш, арнаўлы қураллар (электрошок қураллары) ҳәм хызмет қуралларын (резина оқлы, торлы) қолланыў ҳуқықы бериледи, сондай-ақ, олардың арнаўлы кийимине боди-камералар орнатылады;

    (г) нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерислер киргизилгенге шекем Экополиция хызметкерлери тәрепинен физикалық күш, арнаўлы қураллар ҳәм хызмет қуралын қолланыў тәртибине "Ишки ислер уйымлары ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында белгиленген тийкарлар ҳәм шәртлер қолланылады.

    9. 2026-жыл 1-апрельден баслап елатлы пунктлер (қалалар, посёлкалар ҳәм аўыллық елатлы пунктлер) диң тоғай фондына кирмейтуғын тереклер өсип турған жер майданларын алып қойыў ямаса басқа мақсетлерге ажыратыўға жәмийетшилик тәрепинен қадаған етиў бойынша баслама киргизиў имканияты жаратылатуғыны белгиленсин. Бунда:

    (а) пуқара Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етеди;

    (б) тереклер менен қапланған жер майданы жайласқан мәҳәлле халқының кеминде 10 проценти қадаған етиўге разы болса, Экология комитети тәрепинен бул жер майданын алып қойыў ҳәм басқа мақсетлерге ажыратыў қадаған етиледи;

    (в) Кадастр агентлиги тийисли жер майданының жеке меншик мүлк емеслигин ямаса басқа жерлер категориясына кирмейтуғынын үйренеди, унамлы жағдайларда Экология комитети тәрепинен усы майданға қойылған қадаған етиўди дизимнен өткереди.

    III. Қорғалатуғын тәбийий аймақларды басқарыўды жетилистириў.

    10. Тәртип белгиленсин, оған муўапық:

    (а) Экология комитети системасындағы қорғалатуғын тәбийғый аймақлар улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе қорғалатуғын тәбийғый аймақлар (кейинги орынларда - тәбийғый аймақлар) есапланады ҳәм оларға байланыслы төмендеги тәртип енгизиледи:

    (i) тәбийий аймақларды басқарыў ҳәм бойсындырыў тиккелей Экология комитети тәрепинен әмелге асырылады;

    (ii) жана тәбийий аймақларды шөлкемлестириў ҳәм бар тәбийий аймақлардың майданын кеңейтиў нызам асты актлери менен әмелге асырылады;

    (iii) тәбийий аймақлардың жумысын сапластырыў ямаса олардың майданын қысқартыў Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары менен әмелге асырылады;

    (б) жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен жергиликли әҳмийеттеги тәбият бағлары, қорықханалар, курорт тәбият зоналары ҳәм ботаника бағлары шөлкемлестирилиўи мүмкин ҳәм оларға төмендеги тәртип қолланылады:

    (i) басқарыў ҳәм бойсыныў район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен әмелге асырылады;

    (ii) олардың жумысын сапластырыў ямаса майданын қысқартыў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң қарарлары менен әмелге асырылады.

    Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери 2026-жыл 1-ноябрьге шекем екеўден жергиликли әҳмийетке ийе болған тәбийғый парклер шөлкемлестирсин.

    IV. Экология тараўындағы финанслық турақлылық.

    12. Экология тараўындағы улыўма миллий жойбарларды, экологиялық машқалаларды сапластырыў мақсетинде өткерилетуғын изертлеўлерди ҳәм әмелге асырылатуғын жойбарлар бағдарламаларын қаржыландырыў мақсетинде Экология комитети жанында улыўма миллий экологиялық машқалаларды сапластырыў бойынша Мәмлекетлик мақсетли қоры (кейинги орынларда - Арнаўлы қор) шөлкемлестирилсин ҳәм оның дәраматларын қәлиплестириў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

    (а) 2025-жылы - республикалық бюджеттен ажыратылатуғын 900 миллиард сум;

    (б) 2026-жылы - Өзбекстан Республикасы республика бюджетинен 8-қосымшаға муўапық илажлар ушын мақсетли ажыратылатуғын 548 миллиард сум;

    (в) 2026-жыл 1-январьдан баслап:

    (i) Өзбекстан Республикасы тәрепинен пайдаланылатуғын углерод бирликлери саўдасы нәтийжесинде түсетуғин қаржылардың 20 проценти;

    (ii) тәбиятты қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын айыпкер болған физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден ҳәкимшилик ҳәм суд тәртибинде өндирилетуғын тәбийғый орталықты патасландырғаны ҳәм шығындыларды жайластырғаны ушын компенсация төлемлери, жәриймалар ҳәм финанслық санкциялар, муғдарлары 9-қосымшада белгиленген пул қаржыларынан ажыратпалар;

    (iii) транспорт қуралларын "еркин айланыс ушын шығарыў (импорт) " бажыхана режиминде рәсмийлестирип атырған физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен төленетуғын утилизация жыйымынан 10 процент;

    (г) 2027-жыл 1-январьдан баслап:

    (i) пневматик резина шиналар ҳәм покришкалар ушын утилизация жыйымларының 100 проценти, сондай-ақ, кейин ала жаңадан енгизилетуғын утилизация жыйымлары;

    (ii) транспорт қуралларын "еркин айланыс ушын шығарыў (импорт) " бажыхана режиминде рәсмийлестирген физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен төленетуғын утилизация жыйымынан 90 процент.

    13. Усы қарардың 12-бәнтинде нәзерде тутылған утилизация жыйымлары бойынша дәраматлар Мәмлекетлик бюджет дәраматлары қурамында толық көрсетилген ҳалда Арнаўлы фондқа өткерилетуғыны белгиленсин.

    Улыўма миллий экологиялық машқалаларды сапластырыў бойынша мәмлекетлик мақсетли қорының Басқарыў кеңеси (кейинги орынларда - Қор Кеңеси) 10-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин. Бунда:

    (а) кейинги жыллар ушын әмелге асырылатуғын жойбарлар бағдарламасы ҳәр жылы ноябрь айында Арнаўлы қор есабынан ажыратылатуғын қаржылар анық көрсетилген ҳалда қор Кеңесинде дәслепки тәризде көрип шығылады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизиледи;

    (б) Қор Кеңеси Арнаўлы қорға келип түскен қаржылардың ашық-айдынлық ҳәм жәмийетшиликке есап бериў принциплери тийкарында жумсалыўын тәмийинлейди;

    (в) Арнаўлы қор дәраматларын қәлиплестириў ҳәм оның қаржыларынан пайдаланыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы тәрепинен белгиленеди.

    Экономика ҳәм қаржы министрлиги Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасына тийкарланып аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў қәрежетлеринде нәзерде тутылған қаржылар ҳәм 2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетиндеги мәмлекет қарызына хызмет көрсетиў бойынша процент төлемлери есабынан арнаўлы қорға 2025-жылдың ақырына шекем 900 миллиард сум ажыратсын.

    Экономика ҳәм қаржы министрлиги Салық комитети менен биргеликте бир ай мүддетте Экология комитети жанындағы Жасыл қайырқомлық қорына ажыратылатуғын ықтыярый қайырқомлық түриндеги қаржылар, сондай-ақ, жасыл бағлар жаратыў ҳәм оларды тәрбиялаў илажларына бағдарланатуғын қәрежетлерди пайда салығынан азат етиў бойынша нызам жойбарын киргизсин.

    17. Салық комитети Экология комитети менен биргеликте физикалық тәреплерге республикалық бюджеттен қайтарылатуғын республикамыз аймақлары бойынша ишки туризмди әмелге асырыў қәрежетлери ҳәм сатып алыў суммасының бир бөлегин "Солиқ" мобил қосымшасы арқалы терек нәллерин егиўге ықтыярлы түрде бағдарлаў имканиятын жаратсын.

    V. Қарар орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў.

    18. Экология комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

    Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.Ш.Мирзиёеваға жүкленсин.

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Ш.Мирзиёев

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates