Бәринен бурын, Қытай Халық Республикасының Баслығы, ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Си Цзиньпинге мәжилисимизди жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ҳәм шын жүректен қабыллағаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Сондай-ақ, барлық қатнасыўшыларды халықларымыз үлкен үлес қосқан Екинши жер жүзилик урыста ерисилген уллы жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлаўға да руқсат еткейсиз.

Қырғыз Республикасының Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен ҳүрметли Президент Садир Нурғожаевич Жапаровқа билдирилген қутлықлаўларға қосыламан ҳәм Өзбекстанның ең уллы ҳәм тийкарғы мәмлекетлик байрамы мүнәсибети менен билдирилген жыллы сөзлериңиз ушын миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Бизиң ушырасыўымыз Қытайдың әййемги мәденияты ҳәм оның санаат ҳәм технологиялық бағдардағы жедел раўажланыўы арасындағы үнлесликти өзинде жәмлеген Тяньцзин қаласында болып өтпекте.

Бул жерде уллы Конфуцийдиң "Өмирде өз орныңды табыўды қәлесең, басқаларға жәрдем бер, табысқа умтылып атырсаң, басқалардың жетискенлигине жәрдемлес", деген ҳикметли сөзлери өзгеше руўхта жаңлайды.

Бул мың жыллық философия өз-ара ҳүрмет ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаў, ҳәр бир ағза мәмлекет мәплерин есапқа алыў принциплерине тийкарланған Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң бүгинги миссиясына үнлес болып есапланады.

ШБШ мәканында улыўма раўажланыў ҳәм абаданлық мине усындай беккем тийкар үстинде қурылып атыр, деп есаплайман.

Қытайдың нәтийжели басшылығы себепли Шөлкемимиздиң абырайы және де беккемленди, мәмлекетлеримиздиң өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўи кеңейди.

Өтип атырған бул саммит жаңа тарийхый дәўирди баслап беретуғынына ҳәм өз-ара қатнасықлардың узақ перспективаға мөлшерленген стратегиялық бағдарларын белгилеп алыўға хызмет ететуғынына исенемен.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Экономикалық, интеллектуаллық, ресурс ҳәм технологиялық бағдарларда үлкен потенциалға ийе болған Шанхай бирге ислесиў шөлкеми халықаралық майданда өз тәсирин избе-из кеңейтип бармақта. Глобал анықсызлық бақланып атырған ҳәзирги шараятта бул айрықша әҳмийетке ийе.

Исенимниң системалы кризиси, келиспеўшиликлердиң кеңейип барыўы, көп тәреплеме институтлардың ҳәлсиреўи ҳәм жәҳән саўда системасының ыдыраўы халықаралық қәўипсизлик ҳәм турақлылық архитектурасының тийкарларына зыян жеткермекте. Бундай шараятта ШБШ мәмлекетлериниң өз-ара түсинисиў ҳәм тилеклеслиги - бул тек ғана баҳалы байлық емес, ал бизиң шексиз регионымызда тынышлықты сақлаўдың гилти болып есапланады.

Әсиресе, ШБШ тең ҳуқықлы сөйлесиў, өз-ара ҳүрмет ҳәм шериклик мәканы болып қалып атырғаны әҳмийетли. Мине, усы тәрепи мәплер теңсалмақлығын тәмийинлеў ҳәм заманымыздың ең қурамалы қәўип-қәтерлерине биргеликте жуўап табыў имканиятын бермекте.

ШБШның ҳаўазы бизиң улыўма сиясий ерк-ықрарымыздың көриниси, тыныш келешек ҳәм турақлы раўажланыў жолындағы исенимли ҳәрекетлерге шақырыўымыз сыпатында және де исенимли ҳәм бәлент ҳаўазда жаңлаўы керек, деп есаплаймыз.

Көп тәреплеме бирге ислесиўди және де тереңлестириў бойынша өз көзқарасларымыз бенен ортақласыўды қәлер едим.

Бәринен бурын, Шөлкемниң нәтийжелилигин арттырыў, оның институтлары ҳәм қарарларын әмелге асырыў механизмлерин беккемлеў зәрүр. Шөлкемди трансформациялаў бойынша Самарқанд саммитинде басланған процесслер усы әҳмийетли ўазыйпаларды шешиўге жәрдем береди, деп исенемен.

Биз Шөлкемниң избе-из кеңейиўи тәрепдарымыз. Себеби "ШБШ модели"ниң табысы оның ашық-айдынлығы ҳәм кең көлемли бирге ислесиўге қаратылғанында. Биз өз келешегин ШБШ менен байланыслы ҳалда көрип атырған мәмлекетлердиң умтылысларын қоллап-қуўатлаўға таярмыз.

ШБШның қарым-қатнас бойынша шериклериниң қурамы, соның ишинде, басқа регион мәмлекетлери есабынан кеңейип атырғаны Шөлкемди Глобал Қубла мәмлекетлери менен бирге ислесиў платформасына айландырыўға жәрдем береди.

Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиў - ШБШның шешиўши тийкарғы бағдарларынан бири. Бүгинги күнде келисилген көзқарасларға және исеним ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўдиң жаңа механизмлерине талап күшейип бармақта.

Ядролық қәўипсизлик жолында көп тәреплеме шерикликти беккемлеў бойынша ШБШ декларациясын қабыл етиў ўақты келди, деп есаплаймыз. Бул декларация тынышлық жолындағы атомды раўажландырыў ҳәм айрықша жағдайларға жуўап бериўдиң беккем тийкарына айланады, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қәўендерлигиндеги тарқатпаў глобаллық режимине мүнәсип үлес болады.

Терроризм ҳәм экстремизмниң тәбияты сезилерли дәрежеде өзгерип атырғаны, кибержынаятшылық, синтетикалық наркотиклер ислеп шығарыў ҳәм айланысының өсип атырғаны, шөлкемлескен жынаятшылықтың күшейип атырғаны мүнәсибети менен билдирилип атырған қәўетерлерге қосыламыз.

Бул қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў мақсетинде Ишки ислер ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик министрлери кеңесиниң жумысын қайта тиклеў, Жынаятшылыққа қарсы гүресиўде бирге ислесиў ҳаққындағы келисимди қайта көрип шығыў, Нәшебентликке ғәрезли болып қалыўға қарсы гүресиўдиң 2030-жылға шекем мөлшерленген бағдарламасын ислеп шығыўды усыныс етемиз.

"ШБШ - Аўғанстан" сөйлесиў топарының жумысы қайта тиклениўин қоллап-қуўатлаймыз. Конструктивлик сөйлесиўлерди раўажландырыў ҳәм Аўғанстандағы социаллық-экономикалық жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша усынысларды ислеп шығыў оның тийкарғы ўазыйпаларынан бири болыўы мүмкин.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Жәҳән экономикасында бақланып атырған ҳәзирги тенденцияларды есапқа алып, саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге тийкарғы әҳмийет қаратамыз.

Биз кең регионымызда экономикалық бирге ислесиўдиң турақлы моделлерин қәлиплестириў тәрепдарымыз.

ШБШ мәканында регионаллық ишки өним алмасыў көлемин арттырыўға түртки беретуғын Саўданы әпиўайыластырыў тәртип-қағыйдалары ҳаққындағы келисимге қол қойылыўын әҳмийетли ўазыйпа, деп есаплаймыз.

Исенимли өндирис-логистика шынжырларын раўажландырыў ҳәм өз-ара инвестицияларды хошаметлеў зәрүр екенин атап өтпекшимен.

Усы мүнәсибет пенен ШБШ шеңберинде минералларды қазып алыў ҳәм терең қайта ислеўде алдынғы технологияларды енгизиў мақсетинде Стратегиялық материаллар бойынша ШБШ регионаллық орайы, мәмлекетлеримизде муўапықластырылған сиясат алып барыў ҳәм "жасыл" энергетиканы жедел раўажландырыў ушын ШБШ Энергетика консорциумы, стартап ҳәм инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў ушын Венчур компаниялары ҳәм қорлары тармағы, мәмлекетлеримиз регионларын тартқан ҳалда, бизнес бойынша сөйлесиўлерди жолға қойыў ҳәм инвестицияларды алға қойыў ушын Арнаўлы электрон портал сыяқлы бир қатар жаңа көп тәреплеме платформалар ҳәм кооперацияны қоллап-қуўатлаў қуралларын шөлкемлестириўди усыныс етемен.

Регионаллық санаат ҳәм инфраструктура жойбарларын қаржылай қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели механизмлерин тезирек енгизиў әҳмийетли. Бул мәселени ўәкилликли министрлер дәрежесинде және бир мәрте көрип шығыўды усыныс етемиз.

Арқа-Қубла ҳәм Шығыс-Батыс жөнелислери бойынша транспорт-транзит потенциалын толық иске қосыў еллеримиздиң улыўма мәплерине жуўап береди.

Орайлық Азия арқалы Персия қолтығы ҳәм Ҳинд океаны портларына шығатуғын қубла жөнелистеги коридорларды раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Биз "ШБШ бирден-бир транспорт мәканы"н қәлиплестириў ҳәм оны "Бир мәкан - бир жол" стратегиялық басламасы менен байланыстырыў бойынша ҳәрекетлерди муўапықластырыў ушын үлкен имканиятларды көрмектемиз. Бул жаңа мультимодал тармақлар, санлы платформалар ҳәм "жасыл" коридорлар жаратыўды нәзерде тутады. Бул бағдарда тийисли көп тәреплеме концепцияны ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Және бир тийкарғы бағдар - ШБШның "жасыл" трансформация тараўындағы бирге ислесиўин кеңейтиў. Қытай тәрепиниң басламасы менен "Жасыл" санаат тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы билдириў өз ўақтында қабыл етилмекте, деп есаплайман.

Сондай-ақ, климат өзгериўине бейимлесиў, ҳаўаға зәҳәрли газлердиң шығарылыўын азайтыў, экологиялық қәўип-қәтерлерди болжаў ушын жасалма интеллект технологияларын енгизиў мәселелери бойынша регионаллық платформаны иске қосыў зәрүр.

Мәдений байланысларды және де тереңлестириў ҳәм халық дипломатиясы институтын күшейтиў ШБШ шеңбериндеги узақ мүддетли шерикликтиң әҳмийетли факторы болып есапланады.

Халық дөретиўшилиги халықаралық фестивалларын өткериў, "ШБШ университети" шериклик тармағының онлайн кампусын жаратыў, инновациялық бағдарлар бойынша ҳәр жылы студентлер ҳәм жас қәнигелер арасында таңлаў ҳәм олимпиадалар шөлкемлестириў гуманитарлық алмасыўларды раўажландырыў ҳәм халықларымызды және де жақынластырыўға күшли түртки бериўи мүмкин.

Буннан тысқары, "Туристлик коридор" ҳәм ШБШ медициналық туризм альянсын иске қосыў сыяқлы перспективалы жойбарларды ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Пурсаттан пайдаланып, Қырғызстан Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылықты қабыл етип алғаны мүнәсибети менен Садир Нурғожаевичти қутлықлап, Сизге бул бағдарда үлкен табыслар тилеймен.

Сөзимниң жуўмағында бүгин қабыл етилип атырған Тяньцзинь декларациясы, ШБШны 2035-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы ҳәм басқа да жуўмақлаўшы ҳүжжетлер көп қырлы бирге ислесиўимизди кеңейтиў ҳәм заманагөй қәўип-қәтерлерге нәтийжели шешимлер табыўда әҳмийетли тийкар болып хызмет ететуғынына исеним билдиремен.

Биз ШБШ шеңберинде дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы улыўма ўазыйпаларды шешиў ушын биргеликте жумысларды даўам еттириўге таярмыз.

Итибарыңыз ушын рахмет.