Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитиндеги шығып сөйлеген сөзи

    Ҳүрметли делегациялар басшылары! Сиз, әзизлер менен әсирлер даўамында Шығыс ҳәм Батыс арасында беккем көпир болып киятырған гөззал Будапешт қаласында ушырасып турғанымыздан оғада қуўанышлыман.

    Бүгинги мәжилисимизди жоқары дәрежеде өткерип атырған ҳүрметли Венгрия Бас министри Уллы Мәртебели Мырза Виктор Орбан ҳүрметине билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

    Шөлкемимизде табыслы басшылық етип атырған ҳүрметли Қырғыз Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Садир Нургожоевич Жапаровқа жаңа табыслар тилеймен.

    Ҳүрметли кәсиплеслер!

    Бүгинги саммитимиз жеделлик пенен өзгерип атырған глобал жағдай ҳәм алдыннан айтып болмайтуғын қурамалы процесслер шараятында өтпекте. Геосиясий ҳәм геоэкономикалық келиспеўшиликлер, регионаллық келиспеўшиликлер ҳәм климат өзгериўи ақыбетлериниң күшейиўи бәршемиз ушын үлкен сынақ болмақта.

    Сол себепли әҳмийетли машқалаларды шешиў бойынша мәмлекетлеримиздиң улыўма қатнас ҳәм позицияларын күшейтиў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып есапланады.

    Биз ең аўыр машқалаларға халықаралық ҳуқық нормалары, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Режеси тийкарында шешим табыў зәрүр, деп есаплаймыз.

    Украина әтирапындағы жағдайды дипломатия ҳәм сөйлесиўлер жолы менен шешиўге қаратылған әмелий ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаймыз. Ҳүрметли Түркия Президенти Уллы Мәртебели Мырза Режеп Таййип Эрдоғанның бул бағдардағы мүнәсип үлесин айрықша атап өтпекшимен.

    Газада тынышлық келисиминиң бузылыўы ҳәм әскерий ҳәрекетлердиң қайта басланыўы бәршемизди тереӊ тәшўишке салмақта. "Еки халық ушын - еки мәмлекет" принципи әмелге аспай турса, Палестина-Израил келиспеўшилигиниң әдил шешимин табыў мүмкин емес.

    Глобал ҳәм регионаллық қәўипсизлик ҳаққында сөз етер екенбиз, Аўғанстандағы қыйын жағдайды есапқа алыўымыз ҳәм оған биргеликте шешим табыўымыз зәрүр. Аўғанстан бойынша биргеликтеги билдириў қабыл етилип атырғаны структурамыздың бул мәселеге айрықша итибар қаратып киятырғанынан дәрек береди.

    Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

    Биз қысқа ўақыт ишинде Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде әмелий бирге ислесиў бойынша унамлы нәтийжелерге ериспектемиз. Жақында экономикалық таллаў орайларымыздың Ташкентте болып өткен конференциясында байланысларымызды кеңейтиў ушын үлкен имканият бар екени және бир мәрте өз тастыйығын тапты.

    Күн тәртибинен келип шығып, өз усынысларымды билдирмекшимен.

    Хабарыңыз бар, өткен жылы "Түркий мәмлекетлер арасында стратегиялық шериклик, мәңги дослық ҳәм туўысқанлық ҳаққында"ғы келисимди ислеп шығыў усынысын алға қойған едик.

    Бүгинги күнде бул ҳүжжеттиң әҳмийети ҳәм актуаллығы және де артып бармақта. Бул келисим халықларымызды және де жақынластырыў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўимиздиң узақ мүддетли ҳуқықый тийкарын беккемлеўге хызмет ететуғынына гүман жоқ. Бул ҳүжжетке Баку саммитинде қол қойыўды усыныс етемен.

    Алдымызда анық ўазыйпа тур - жақын жылларда өз-ара саўда үлесин кескин көбейтиў керек. Усы мақсетте "Түрк-трейд" онлайн платформасын жаратыў ҳәм Саўданы арттырыў әмелий бағдарламасын қабыл етиў басламаларын алға қоямыз.

    Транскаспий халықаралық коридоры арқалы жүк тасыў көлемин арттырыў ҳәм бажыхана-шегара тәртиплерин әпиўайыластырыў ушын "бир айна" ҳәм "жасыл коридорлар" системаларын тезирек жолға қойыўға шақыраман. Бул бағдардағы бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде ноябрь айында Ташкентте Түркий мәмлекетлердиң Халықаралық мультимодал транспорт ҳәм логистика форумын өткериўди режелестиргенбиз.

    Түркий инвестициялық қордың жумысы инвестициялар ағымының жеделлесиўине түртки беретуғыны сөзсиз екенин айрықша атап өтиўди қәлер едим.

    Биз инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын биргеликтеги венчур компаниясын шөлкемлестириў зәрүр, деп есаплаймыз. Бул бағдарда мәмлекетлеримиздиң инвестициялық имканиятларын толық сәўлелендирген "Бирден-бир инвестиция порталы"н енгизиў мақсетке муўапық.

    Және бир мәселе. Санаат кооперациясы тараўында әмелий бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў ўақты келди. Бул бағдарда химия, энергетика, таў-кән, жеңил санаат, фармацевтика, былғары аяқ кийим, азық-аўқат ҳәм қурылыс тараўларында салмақлы өндирис қуўатлықларын жаратыў бойынша Санаат кооперациясы бағдарламасын ислеп шығыўды усыныс етемен.

    Жақында Самарқанд қаласында өткерилген Халықаралық климат форумында "жасыл" раўажланыў тараўындағы регионаллық ҳәм глобал бирге ислесиўди беккемлеў бойынша әҳмийетли усыныслар билдирилди.

    Ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Виктор Орбанның басламасы менен Будапештте Шөлкемимиздиң Қурғақшылықтың алдын алыў институты өз жумысын баслағанын да қанаатланыўшылық пенен атап өтемиз. Бул институттың жумысына жәрдемлесиў ҳәм мақсетли жойбарларға кеңирек тартыў ушын "Қурғақшылық ҳәм экологиялық машқалалардың алдын алыў бойынша биргеликтеги "жол картасы"н ислеп шығыўды усыныс етемен.

    Усы жерде және бир әҳмийетли мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман.

    Дүнья илимине ҳәм мәдениятына үлкен үлес қосқан, ҳәммемиздиң мақтанышымыз болған уллы ата-бабаларымыздың мийрасын терең үйрениў ҳәм дүньяға танытыў биз ушын мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпа болып табылады. Соның ушын илимди раўажландырыў ҳәм жас әўлад ушын билимлендириў имканиятларын кеңейтиў нийетинде "Түркий дүнья хартиясы"нда "Илимнен басқа үмит жоқ" деген жоқары әдеп-икрамлылық идеясын мөрлеп қойдық.

    Усы ийгиликли мақсет жолында Ташкентте Түркий мәмлекетлер халықаралық университети ашылмақта. Бул оқыў орнында түркий мәмлекетлердиң жетик профессор ҳәм илимпазлары жумыс алып барыўы нәзерде тутылмақта. Бул болса жас әўладтың интеллектуаллық потенциалы ҳәм көзқарасын арттырыўға, олардың заманагөй билимлерди ийелеўине мүнәсип үлес қосатуғынына исенемен.

    Ҳүрметли делегациялар басшылары!

    Өткен жылы Өзбекстанның Түркий мәденият ҳәм мийрас қорына рәсмий ағза болып кириў ҳаққындағы қарарын жәриялаған едик. Бул структура шеңберинде улыўма түркий мәдений мийрасымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм оны келешек әўладларға зыянсыз жеткериў алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Бул тараўдағы сөйлесиўди кеңейтиў мақсетинде Қор Кеңесиниң гезектеги мәжилисин мәмлекетимизде өткериўди усыныс етемен.

    Мәмлекетлеримиз арасындағы мәдений бирге ислесиўди раўажландырыўда Халықаралық түркий мәденият шөлкеми - ТҮРКСАЙ айрықша орынға ийе. Бул бағдардағы ҳәрекетлеримизди жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм ТҮРКСАЙдың абырайын және де арттырыў ушын оның жумысы ҳәм структурасын заман талапларына сәйкес түрде жетилистириў зәрүр, деп есаплайман. Усы мақсетте сыртқы ислер ҳәм мәденият министрлеримизге Баку саммитине шекем тийисли усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасын тапсырсақ, дурыс болады, деп ойлайман.

    Ҳүрметли кәсиплеслер!

    Буннан үш жыл бурын түркий дүнья бирлигине қосқан үлкен үлеси ушын уллы ойшыл ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестирген едик.

    Бүгин бул абырайлы сыйлық пенен белгили түрк илимпазы, биохимик, Нобель сыйлығының лауреаты, мырза Азиз Санжар сыйлықланып атырғанынан оғада қуўанышлымыз. Бул белгили илимпаз Өзбекстан Миллий университетиниң ҳүрметли докторы екенлигинен биз әлбетте мақтанамыз.

    Бүгинги сыйлықлаў мәресими түркий дүнья илимпазларын, соның ишинде, илим жолына исенимли қәдем қойып атырған жасларымызды жаңа шеклерге қарай ийтермелейтуғынына исенемен.

    Әзиз дослар!

    Бүгинги Будапешт саммитинде қабыл етилген әҳмийетли қарар ҳәм ҳүжжетлер туўысқан халықларымыз арасындағы тынышлық, аўызбиршилик ҳәм турақлы раўажланыўды беккемлеў жолында жаңа бет ашатуғынына исенемен.

    Итибарыңыз ушын рахмет.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates