Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Бәринен бурын, усы саммитке мирәт еткени ушын әзиз достым, Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаён Уллы Мәртебели Мырзаға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Абы-Даби Турақлы раўажланыў ҳәптелиги Әмирликлердиң жедел раўажланыў, инновациялар, "жасыл" экономика ҳәм регионаллық байланыслылықты раўажландырыў бойынша халықаралық қарым-қатнас орайларынан бирине айланып баратырғанының өзине тән көриниси болып есапланады.
Бул гөззал үлкеде “COP-28” - Жәҳән ықлым саммити оғада нәтийжели ҳәм табыслы өткени де буның және бир айқын дәлили болып табылады.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Бүгинги күнде энергетика дәреклерин диверсификациялаў, олардың балансында углеводород үлесин кескин азайтыў - ықлым өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, турақлы раўажланыў ҳәм глобаллық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң тийкарғы шәрти болып есапланады.
Жаңа Өзбекстанның стратегиялық мақсети - экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, экономикалық өсиўдиң ресурсларды үнемлеўге тийкарланған "жасыл" раўажланыў моделине өтиў болып есапланады.
Сол себепли 2025-жылды Өзбекстанда "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияладық.
Аз углеродлы раўажланыў бойынша узақ мүддетли стратегия ҳәм "жасыл" қаржыландырыў миллий бағдарламасын ислеп шықтық. Инвестициялық жойбарларда "жасыл" компонентлерди келеси бес жылда 50 процентке шекем көбейтемиз.
Сондай-ақ, Зыянлы газлерди мониторинг етиў ҳәм Миллий эмиссиялық саўда системаларын енгиземиз. 2030-жылға шекем зыянлы шығындыларды 35 процентке қысқартыў ҳәм бул миннетлемени турақлы арттырып барыўды режелестиргенбиз.
"Жасыл мәкан" бағдарламасы шеңберинде қалалар аймақларының кеминде 30 проценти көклемзар майданларға айландырылады. Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды 100 процент енгизиў бойынша системалы жумыслар алып бармақтамыз.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Тез пәтлерде өсип баратырған экономикамыздың энергетикаға болған талабын толық қанаатландырыў ушын биз "жасыл" қуўатлықларды жедел раўажландырып атырмыз.
Өткен 5 жылда энергетика тараўына дерлик 20 миллиард доллар сырт ел инвестициялары тартылды ҳәм 9,6 гигаватт заманагөй энергия қуўатлықлары иске қосылды. Соның ишинде, 3,5 гигаваттлы 14 қуяш, самал электр станциялары ҳәм 300 мегаваттлы 2 сақлаў системалары иске қосылды.
Ҳәзирги ўақытта сырт елли шериклер менен баҳасы 26 миллиард доллардан аслам ҳәм улыўма қуўатлылығы 24 гигаватт болған 50 ден аслам ири жойбарлар әмелге асырылмақта. 2030-жылға шекем мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия үлесин 54 процентке жеткериўди режелестиргенбиз.
Бүгинги күнде "жасыл" раўажланыў Өзбекстанда улыўма миллий ҳәрекет дәрежесине көтерилди.
Бул бағдарда регионаллық бирге ислесиўди және де күшейтип, Орайлық Азияны "жасыл" экономикалық раўажланыў ҳәм "таза энергия" орайларынан бирине айландырыў нийетиндемиз.
Әййемги Уллы жипек жолын өз-ара энергетикалық байланыс арқалы тиклеў жолында да дәслепки қәдемлерди тасладық. Жақында “COP-29” шеңберинде қазақстанлы ҳәм әзербайжанлы бирге ислесиўшилеримиз бенен қол қойылған көп тәреплеме келисим Европаға "жасыл" энергияны экспорт етиў имканиятын береди.
Соны айрықша атап өтпекшимен, "жасыл" энергия тараўында Бирлескен Араб Әмирликлери бизиң исенимли ҳәм стратегиялық шеригимиз болып есапланады. Кейинги жыллары Әмирликлер менен инвестициялар портфели 26 миллиард доллардан артты. Олардың арасында қайта тиклениўши эенергетика жойбарлары тийкарғы локомотив болмақта.
Бүгинги глобал саммиттиң шөлкемлестириўшиси - “Masdar” компаниясы менен улыўма қуўатлылығы 1,5 гигаватт болған 5 электр энергиясы объектин иске қостық. Және 1,6 гигаваттқа тең 3 генерация жойбары ҳәм дерлик 520 мегаватт саат энергия сақлаў системалары қурылады.
Бундай жойбарларды Әмирликлердиң басқа да жетекши компаниялары және Саудия Арабстаны, Қатар, Түркия, Қытайлы шериклеримиз бенен де әмелге асырмақтамыз.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Биз Орайлық Азияның қуяш, суў, самал энергиясы ҳәм "жасыл" водородты ислеп шығарыў бойынша үлкен потенциалын биргеликте раўажландырыўдан мәпдармыз.
Дәслепки есап-санақларға бола, тек ғана Өзбекстанның өзинде 500 гигаватт қуяш, 100 гигаватт самал ҳәм 10 гигаватт гидроэнергетика ислеп шығарыў потенциалы бар.
Регионымыз үлкен уран ҳәм оғада әҳмийетли стратегиялық шийки зат резервлерине бай. Бул бағдарда ҳәр бир сырт елли шеригимизге барлық қолайлы шараятларды жаратып бериўге таярмыз.
Әнжуманымызда қатнасып атырған абырайлы илимий орайлар, эксперт ҳәм илимпазларды Ташкентте ашылған "Жасыл" университет пенен изертлеўлер ҳәм инновациялық бағдарламаларды әмелге асырыўда белсене бирге ислесиўге шақырамыз.
Усы Университет негизинде Жер деградациясы ҳәм шөллениўге қарсы гүресиў бойынша халықаралық илимий-изертлеў тармағын жаратыўды усыныс етпекшимен.
Соның менен бирге, биз Дубай ҳәм Бакуде болып өткен “COP-28” ҳәм “COP-29” саммитлери ҳәм халықаралық форумларда глобал ықлым өзгерислериниң унамсыз ақыбетлерин сапластырыў ушын Ықлым себепли жоғалтыўлар ҳәм зыянларды баҳалаў бойынша халықаралық орайды шөлкемлестириў, дәрья экосистемаларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, Суўды үнемлеўши технологиялар регионаллық хабын шөлкемлестириў, Өсимликлер генетикалық ресурслары банкин жаратыў басламаларын алға қойдық ҳәм барлық бирге ислесиўшилеримиз бенен әмелий жумысларды баслаўға таярмыз.
Усы жылы Өзбекстанда өтиўи режелестирилген Орайлық Азияның глобал ықлым машқалаларына бағышланған конференцияда улыўма регионаллық Жасыл раўажланыў концепциясын усыныс етемиз.
Сондай-ақ, 15-май - Халықаралық ықлым күнинде Аралбойы регионында болатуғын Санлы "жасыл" басламалар глобаллық жаслар фестивалына ўәкиллерин мирәт етемиз.
Ҳүрметли дослар!
Жаңа Өзбекстан турақлы раўажланыў ҳәм "жасыл" раўажланыў жолында пүткил дүньяға ашық болып, бәршеңизди кең көлемли әмелий бирге ислесиўге шақырамыз.
Сөзимниң жуўмағында әнжуман жумысына үлкен табыслар тилеп қаламан.