Ушырасыў алдында мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеп, бул бағдардағы тийкарғы мақсет ҳәм нәтийжелерди көрсетип өтти.

- Исбилерменликти раўажландырыў - биз ушын стратегиялық ўазыйпа. Бизиң таянышымыз да, сүйенишимиз де, ең үлкен күшимиз де усы тараўда жәмленген. Соның ушын исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў орайдан баслап ең төменги буўынға шекем - барлық басшылардың күнделикли иси болыўы шәрт. Әсиресе, орынларда ҳәкимлер ҳәр бир исбилермен менен көбирек сөйлесип, кәрханаларға барып, олардың дәрти менен жасаўы керек. Биз үлкен талант иелери болған бизнес ўәкиллерин қәстерлеп сақлаўымыз зәрүр. Олар биз ушын оғада қәдирли инсанлар, - деди Шавкат Мирзиёев.

Усы әҳмийеттен келип шығып, Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша жәмийетлик кеңес дүзилген. Бул кеңес мәмлекет ҳәм исбилерменлер арасында көпир болып, анық усынысларды билдирмекте. Усы жылдың өзинде исбилерменлердиң жумысы ушын оғада әҳмийетли болған 5 нызам, 101 пәрман ҳәм қарар қабыл етилди.

Кейинги жыллары экономикамызда пул көбейди. Бул инвестициялық жойбарларды турақлы қаржыландырыўға тийкар болмақта. Соның ишинде, кәрханалардың банклердеги қаржылары 20 триллион сумға артып, 107 триллион сумға, халықтың аманатлары 25 триллион сумға көбейип, 105 триллион сумға жеткен.

Жыл жуўмағы менен ажыратылған жәми кредитлер 275 триллион сумды қурайды. 2025-жылы бул 300 триллион сумнан артыўы есап-санақ етилген. Әсиресе, киши бизнеске берилетуғын кредитлердиң үлеси ҳәзирги 28 проценттен 40 процентке арттырылып, 120 триллион сумға жеткериледи.

Исбилерменлердиң талабынан келип шығып, банклер 2025-жылы сырт елден мәмлекет кепиллигисиз 6 миллиард доллар алып келиўди режелестирген.

Факторинге кең жол ашылғаны нәтийжесинде усы жылдың өзинде 100 миллион доллар муғдарында бундай хызметлер көрсетилген.

Бизнес ушын жол, суў, электр, газ, темир жол сыяқлы инфраструктуралар ушын усы жылы 35 триллион сум қаратылған. Келеси жылы және 43 триллион сум режелестирилген.

Кәрханаларды турақлы энергия менен тәмийинлеў ушын электр ислеп шығарыў 82 миллиард киловатт саатқа жетти. Быйыл иске қосылған 6,3 миллиард долларлық 17 энергия қуўатлылығы есабынан, келеси жылы дерлик 90 миллиард киловатт саат электр ислеп шығарылады. Бул жумысларды даўам еттирип, 2025-жылы және 6,4 миллиард долларлық 25 жойбар шеңберинде 4,8 гигаватт жаңа қуўатлықлар қурылады.

Ҳәзирги күнде елимизде ғәрезсиз энергия ислеп шығарыўшылардың саны 24 ге жетти. 2025-жылы биринши мәрте электр энергиясының онлайн көтере саўда базары иске қосылады. Тәжирийбе сыпатында Самарқанд, Жиззақ ҳәм Сырдәрьядағы электр тармақлары жеке меншик секторға бериледи.

Туризм тараўы да раўажланбақта. Исбилерменлердиң 6,5 триллион сум инвестициясы менен 24 мың орынлық мийманханалар иске түсти. Келеси жылы мийман орынлары және 30 мыңға артады. Быйыл иске түскен 17 ири саўда ҳәм туризм орынларына келеси жылы және 25 усындай комплекслер қосылады.

Саўданы раўажландырыў бойынша өз алдына компания шөлкемлестирилип, экспортты қаржыландырыў ушын 350 миллион доллар берилди. Нәтийжеде бул пулдан берилген ҳәр 1 доллар арқалы исбилерменлер 6 долларлық экспорт етти. Келеси жылы және 300 миллион доллар қаратылады.

Исбилерменлер быйыл 11,5 триллион сумлық 3 мың мәмлекетлик мүлк ҳәм 4 мың гектар жерди сатып алып, бизнесин баслады. Келеси жылы және 4,5 мың имарат ҳәм 6 мың гектар жерлер исбилерменлерге усыныс етиледи.

Узақ жыллардан берли мәмлекет монополиясында болған жолларды оңлаў ҳәм сақлаўға жеке меншик секторды тартыў кеңейтиледи. Быйыл 260 километр жолларды сақлаў жумыслары исбилерменлерге берилди. Келеси жылы бул 3 мың километрге жеткериледи. Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында 86 районда қурылатуғын 841 километр жоллар толық жергиликли жумысты бөлип алып ислеўшилер тәрепинен әмелге асырылады.

Темир жол тараўында санластырыў ҳәм операциялық нәтийжелиликти арттырыў есабынан, жүк тасыў мүддетлери 40 процентке қысқарды. Әҳмийетлиси, станцияларда жүклерди төлемсиз түсириў ўақты 2 сааттан 3 күнге создырылғаны ушын исбилерменлер жылына 57 миллиард сум үнемлемекте.

Авиция тараўында жеке меншик компаниялар саны 14 ке жетти. Қосымша 6 жүк ҳәм 16 жолаўшы ҳаўа кемеси алып келинди. Бухара, Наманган аэропортлары жеке меншик шерикликке берилди, Әндижан ҳәм Үргенш аэропортлары бойынша тендер даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы қолайлы ҳәм тартымлы бизнес орталығын сақлап қалыў ушын турақлы салық сиясаты жүргизилетуғынын атап өтти.

Соның ишинде, ҳәзирги күнде бюджет түсимлери қаншелли зәрүр болмасын, тийкарғы салықлар бойынша ставкалар өзгермейди. Сондай-ақ, 1-январьдан баслап, жер ямаса мәмлекетлик мүлк қосымша қун салығынан азат етиледи, мобил байланыс ушын акциз салығы бийкар етиледи. Қала шегарасындағы аўыллық жерлерге 2 еселик жер салығын есаплаў тоқтатылады. Баспа кәрханалары пайда салығын төлеўден 5 жылға азат етиледи.

Буннан тысқары, IТ-парк резидентлерине барлық түрдеги салықларды төлеўден азат етиў бойынша жеңилликлер 2040-жылға шекем создырылады. Жеке меншик мектеп ҳәм бақшалар, сырт ел муғаллимлери ҳәм қәнигелери ушын берилген барлық салық жеңилликлери 2030-жылға шекем әмел етеди.

Бизге белгили, Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процеси жуўмақлаўшы басқышқа кирмекте. Экономикада бул шөлкемниң қағыйдаларына қайшы болған жеңилликлер бийкар етилмекте. Сонлықтан исбилерменлердиң әдалатлы бәсеки орталығында ислеўи ушын барлық шараятлар жаратылатуғыны айтылды.

Бизнес ушын транспорт ҳәм логистика мәселеси оғада әҳмийетли. Сонлықтан қоңсы мәмлекетлер менен келисип, "Ханабад," "Мингтепа," "Қорасуў" ҳәм "Үшқорған" шегара постлары тикленди. Келеси жылы "Гишткөпир," "Наўайы," "Даўыт-ата," "Шават" ҳәм "Гүлбәҳәр" шегара постларында қосымша коридорлар қурылып, өткериў қуўатлылығы 5 есеге арттырылады.

Улыўма, қурамалы геосиясий шараятқа қарамастан, быйыл мәмлекетимиз экономикасы 6,3 процентке өсип, 111 миллиард доллардан асты. Санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўына 38 миллиард доллар инвестиция киргизилди, экспорт 26 миллиард доллардан асты.

Мәмлекетимиз басшысы бул нәтийжелерде, халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда исбилерменлердиң орны үлкен екенин атап өтип, оларға миннетдаршылық билдирди.

Бул пәтти даўам еттирип, келеси жылы жалпы ишки өнимди 120 миллиард долларға ҳәм экспортты 30 миллиардқа жеткериў, 42 миллиардтан аслам инвестиция тартыў мөлшерленбекте.

Бул шеклерге ерисиў ушын исбилерменликке және де кең имканиятлар бериў зәрүр. Ушырасыўда усылар ҳаққында пикир алысылды. Исбилерменлер бизнес қағыйдаларын әпиўайыластырыў, шийки затты терең қайта ислеп, жоқары қосымша қун ҳәм экспортты кескин арттырыў бойынша усынысларын айтты. Барлық пикир-усыныслар ашықтан-ашық додаланып, зәрүр илажлар белгиленди.

Бәринен бурын, жеке меншик секторда ислейтуғын адамлардың дәраматын көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы мақсетте кеминде 2,5 миллион сум айлық мийнет ҳақы төлейтуғын, 15 проценти жумысшысы жәрдемге мүтәж шаңарақтан болған, таяр өним ислеп шығаратуғын тоқымашылық ҳәм былғары кәрханаларына жеңилликлер бериледи. Олардың пайда салығы да, жумысшысының дәрамат салығы да 1 процент болады.

Мәмлекетимиз басшысы усындай социаллық норма тийкарында басқа тармақларға да қолайлық жаратыўға таяр екенин билдирди.

Енди исбилерменлер банк кредити менен шекленип қалмастан, халықаралық стандартларға бейимлесип, шеттен еркин қаржы алып келиўи керек. Оның ушын халықаралық консалтинг компанияларын тартып, исбилерменлердиң сыртқы қаржы базарларына шығыўына жәрдемлесетуғын орай ашылатуғыны айтылды.

Елимизде жумысшылары 5 мыңнан аслам, жыллық дәраматы 1 триллион сумнан асқан 142 "чемпион" исбилермен бар. Олар "бир тармақтан - көп тармақлы" корпорацияға айланып, тутас тараўлардың раўажланыўына да үлкен үлес қоспақта.

Бундай потенциаллы исбилерменлерди қоллап-қуўатлап, басқаларды да изине алыў мақсетинде оларға жер ҳәм имаратты тиккелей бериў, мәмлекетлик кәрханаларды да узақ мүддетке басқарыўға тапсырыў мүмкин болады.

Бизге белгили, дүньядағы 10 ең бай компанияның 7 и мәлимлеме технологиялары ҳәм финанслық хызметлер тараўларынан шыққан. Елимизде де бундай компаниялар көбейиўи ушын қолайлықлар арттырылады. Атап айтқанда, оларға изертлеў ҳәм раўажланыў орайлары (R&D) ушын лаборатория үскенелерин, технологиялық үскенелерди бажысыз алып келиўге рухсат бериледи.

Мәмлекетимиздеги мыңға шамалас кәнлерде 100 ден аслам түрдеги минерал шийки зат қоры бар. Олардың тийкарында жоқары баҳалы өнимлер таярлаў ушын январьда 400 жаңа кән аукционға шығарылатуғыны мәлим етилди.

Пахта ҳәм ғәлледен қысқаратуғын жерлер 50 гектарға шекем ири лотларда аукционға қойылып, санаатласқан плантация қурыў ушын профессионал инвесторларға сатылады. Бул жерлердеги 20 сотихқа шекемги майданда шок усылында музлатыў, сортлаў ҳәм қадақлаў цехларын қурыўға рухсат бериледи.

Исбилерменликке байланыслы нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеми ҳәм заман талапларына бейимлестириў мақсетинде жаңаланған Бажыхана кодексиниң жойбары ислеп шығылыўы белгиленди.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы исбилерменлердиң жойбар ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаўға бәрқулла таяр екенин атап өтти.

- Өзбекстанда исбилерменлик ҳәрекети артқа қайтпайтуғын үлкен күшке айланды. Биз мәмлекет көлеминде қандай үлкен мақсет ҳәм ўазыйпаларды өз алдымызға қоймайық, оларды әмелге асырыўда пүткил халқымыз бенен бирге, бәринен бурын, сизлерге сүйенемиз. Исбилерменлеримиз қанша бай болса, халқымыз сонша абадан жасайды, мәмлекетимиз сонша қүдиретли болады. Исбилерменниң табысы - бул пүткил халқымыздың табысы, - деди Президент.