Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-ноябрьдеги "Өзбекстан Республикасында турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы ПП-219-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитетиниң жумысын шөлкемлестириў мақсетинде қарар етемен:
I. Мақсетлер.
1. Төмендегилер усы қарарды қабыл етиўдиң тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:
(а) урбанизация ҳәм турақ жай тараўында мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыў;
(б) Өзбекстан Республикасы Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў бойынша миллий комитети (кейинги орынларда - Миллий комитет) жумысын шөлкемлестириў;
(в) мәмлекетлик уйымлардың өз-ара интеграциясын шөлкемлестириў арқалы урбанизация ҳәм турақ жай тараўындағы бирге ислесиўин және де раўажландырыў;
(г) урбанизация ҳәм турақ жай тараўында жетекши сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў.
II. Мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў.
2. Төмендеги мәселелерди өз ишине алған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары Миллий комитет пенен мәжбүрий келисилиўи зәрүр болған тәртип белгиленсин:
(а) турақ жайларды қурыўда мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары;
(б) Нөкис ҳәм Ташкент қалалары, ўәлаят орайлары ҳәм басқа агломерацияларда турақ жай ҳәм турақ жай емес комплекслерди қурыў жойбарларын әмелге асырыў;
(в) "Жаңа Өзбекстан" массивлери ҳәм басқа да массивлерде көп квартиралы турақ жайлар қурыў бойынша жыллық мақсетли көрсеткишлерди тастыйықлаў;
(г) комплексли қурылыс жойбарлары әмелге асырылатуғын ҳәм "Жаңа Өзбекстан" массивлери қурылатуғын аймақларды анықлаў.
3. Төмендегилер:
(а) Миллий комитеттиң басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 50 штат бирлигинен ибарат;
(б) Миллий комитет жойбарларды басқарыў принципи тийкарында раўажландырыў жойбарларын әмелге асырыў ушын жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелер ҳәм экспертлерди, соның ишинде, илимпазлар, илимий излениўшилер ҳәм изертлеўшилерди тиккелей шәртнамалар тийкарында тартыўы (жумысқа алыўы) мүмкин;
(в) Миллий комитеттиң жумысы Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылады.
Өзбекстан Республикасы Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў бойынша миллий комитети ҳаққындағы реже қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Миллий комитет оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында Ташкент қаласы, Зульфияханым көшеси, 1а-жайда жайласқан ҳәкимшилик имаратқа жайластырылсын.
III. Қарар орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў.
Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў бойынша миллий комитеттиң баслығы белгиленсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў ҳәм оның орынланыўына жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев









