Өзбекстан Шығыс ҳәм Батыс, Қубла ҳәм Арқаны байланыстыратуғын ири авиация хабына айланыўды мақсет еткен

    Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятында жаңа халықаралық аэропорт жойбарының презентациясы менен танысты ҳәм бул үлкен комплекс қурылысының басланыўына бағышланған мәресимде қатнасты.

    Избе-из раўажланып, үлкен мегаполиске айланып атырған Ташкент қаласына дүньяның түрли регионларынан туристлер ҳәм исбилерменлер, инвесторлар ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлердиң келиўи көбейип бармақта. Анық санлар менен айтатуғын болсақ, Өзбекстан дүньяға кеңнен ашылғанынан соң сырт ел туристлериниң саны 3 миллионнан 10 миллионға артты. 2030-жылға барып, 15 миллионға жетеди.

    Жақсы қоңсышылық байланысларының тикленгени, шегаралардың ашылғаны нәтийжесинде адамлар ушын регионымыз бойлап биймәлел ҳәрекетлениў имканияты жаратылды.

    Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылып атырған Жаңа Ташкент қаласы да қолайлы жайласыўы, инвестициялық тартымлылығы, жасаў ушын барлық шараятларға ийе болғаны себепли, оғада ғалабалы орынлардан бири болыўы күтилмекте.

    Соған муўапық, транспорт инфраструктурасының барлық бағдарлары тең салмақлы раўажландырылмақта. Әсиресе, авиация тараўында жаңа экосистеманы қәлиплестириў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

    Атап айтқанда, аймақлардағы 7 халықаралық аэропорт заман талаплары тийкарында реконструкцияланбақта.

    Мойнақ, Қоқанд, Замин, Шаҳрисабз, Сариосиё, Сўх районларында жаңа аэропортлар қурылып, олардың саны 18 ге жеткерилди.

    Ең әҳмийетлиси, тараўда бәсеки орталығы жаратылғаны себепли 15 жаңа авиакомпания пайда болды. Олардың авиапаркиндеги ҳаўа кемелериниң саны 26 дан 105 ке жетти.

    Ҳәзирги ўақытта Саудия Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қатар, Корея, Қытай, Ҳиндстан, Малайзия, Түркия, Россия, Польша сыяқлы мәмлекетлердиң 51 авиакомпаниясы Өзбекстанға турақлы қатнаўларды әмелге асырмақта.

    Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде келешекте де транспорт инфраструктурасы жедел раўажландырылатуғынын атап өтти.

    Соның ишинде, келеси бес жылда авиапарктеги ҳаўа кемелери 180, жөнелислер 230 ға, жергиликли ҳәм халықаралық авиақатнаўлар саны болса жылына 200 мыңға жеткериледи. Аэропорт инфраструктурасын жеке меншик шериклик тийкарында раўажландырыў бойынша илажлар избе-из даўам еттириледи.

    - Бул реформаларымыздың соңғы нәтийжесинде Өзбекстанды Шығыс ҳәм Батыс, Қубла ҳәм Арқаны байланыстыратуғын ири авиация хабына айландырыўды мақсет еткенбиз,-деди Шавкат Мирзиёев.

    Жаңа халықаралық аэропорттың қурылысы оған үлкен тийкар болатуғыны атап өтилди.

    Таллаўларға бола, соңғы сегиз жылда пайтахтқа авиажолаўшылар ағымы 3 есеге артып, жылына 9 миллионға жетти. 2040-жылға барып, 24 миллионнан асады. Бирақ жылына 11 миллион адамға хызмет көрсететуғын ҳәзирги аэропорт қала аймағында жайласқаны ушын оны кеңейтиў имканияты жоқ. Сол себепли, тараўдағы жетекши сырт елли экспертлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен талқылап, Орта Шыршық ҳәм Төменги Шыршық районларындағы 1 мың 300 гектар майданда жаңа халықаралық аэропорт қурылмақта.

    Саудия Арабстанының “Vision Invest”, Японияның “Sojitz” ҳәм Кореяның “Inhceon” компанияларының қатнасыўындағы халықаралық консорциум менен биргеликте әмелге асырылатуғын жойбар 4 басқыштан ибарат болып, биринши басқышта 2,5 миллиард доллар есабынан аэровокзал ҳәм аэродром қурылады. Бул арқалы терминаллар арқалы жылына 20 миллион жолаўшы ҳәм 129 мың тонна жүк өткериў, саатына 30 ушыў-қоныў операциясын орынлаў, 14 телескоплық траплардан пайдаланыў ҳәм бир ўақыттың өзинде 62 ҳаўа кемесин сақлаў имканияты жаратылады.

    Бул аэропорт авиация хызметлериниң сапасын арттырыў, пәрўазлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, техникалық жақтан тәртипке салыў бойынша Халықаралық пуқаралық авиациясы шөлкеминиң талапларына толық жуўап береди.

    Ең алдынғы аэронавигация ҳәм пәрўазлар қәўипсизлигин тәмийинлеў системалары орнатылып, ҳәр қандай ҳаўа-райы шараятында самолётларды қабыл етиў мүмкин болады.

    Және бир әҳмийетли тәрепи, бул жойбар "жасыл" стандарт принциплерине жуўап беретуғын региондағы биринши аэропорт болады. Терминалда 46 мың квадрат метрлик “Duty free” зонасы шөлкемлестириледи.

    Жаңа аэропортты қурыў арқалы мультимодаль транспорт байланысы шөлкемлестириледи. Бул аймақ Ташкент - Самарқанд, Ташкент - Әндижан, Ташкент - Бостанлық төлемли автомобиль жолларына жалғанады. Бул жерде заманагөй темир жол станциясы қурылып, тезжүрер поезд қатнаўы жолға қойылады. Пайтахт ҳәм Жаңа Ташкент орайлары шаттл транспорт хызметлери арқалы байланысады.

    Ең тийкарғысы, жаңа аэропорт экономикалық жақтан да мәмлекет ушын тартымлы болып, бул жойбар мәмлекетимизге 27 миллиард доллардан аслам дәрамат келтиреди. Елимизде хызмет көрсетиў, өндирис, туризм тараўларының және де раўажланыўына, жаңа жумыс орынларының ашылыўына үлес қосады.

    Мәмлекетимиз басшысы илажда қатнасып атырған сырт елли бирге ислесиўшилер, қаржы шөлкемлери, туристлик компаниялардың ўәкиллерине миннетдаршылық билдирди. Жаңа аэропорттың қурылысында қатнасатуғын барлық қәнигелер, инженерлер ҳәм қурылыс топарына жоқары исеним билдирди.

    Президентимиз Шавкат Мирзиёев жаңа Ташкент халықаралық аэропортының тырнағына капсула қойып, қурылысын баслап берди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates