Ушырасыў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң барлық тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, экономика, инвестиция ҳәм мәденият тараўларындағы мәселелер додаланды. Қамбарата ГЭС-1 ҳәм "Қырғызстан-Қытай-Өзбекстан" темир жолын қурыў сыяқлы қоспа жойбарлар шеңберинде өз-ара бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды, деп жазады Қырғыз Республикасы Президентиниң баспасөз хызмети.
Атап өтилиўинше, Бахтиёр Саидов Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Сондай-ақ, Өзбекстан сыртқы ислер министри еки мәмлекет басшылары тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын барлық ҳәрекетлерди бағдарлаўға таяр екенин тастыйықлады.
"Соңында Президент Садир Жапаров Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа қызғын сәлем жоллап, сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидовқа жуўапкершиликли мәмлекетлик жумысында әўмет ҳәм табыслар тиледи", делинеди хабарда.