Бағдарламаға муўапық дәслеп үш мәмлекеттиң исбилермен топарларының 400 ден аслам ўәкиллериниң қатнасыўында дәслепки мәрте үш тәреплеме форматта өткерилген бизнес-форум болып өтти.
Бизнес ўәкиллерине Өзбекстанның инвестициялық тартымлылығының әҳмиетли тәреплери, соның ишинде, жеңилликлер ҳәм преференциялар, маман ҳәм оқыған жумысшы күш, қазылма байлықлар, диверсификацияланған санаат, регионаллық ҳәм Европа базарларына жеңиллетилген шығыў, Өзбекстанның ЖСШға ағза болыў бойынша жедел ҳәрекетлери ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, сырт ел инвесторларында үлкен қызығыўшылық оятқан тартымлы жойбарлар портфели таныстырылды.
Күн тәртибине муўапық, усы күнниң өзинде Өзбекстан, Түркия ҳәм Әзербайжан сыртқы ислер, саўда ҳәм транспорт министрлериниң үш тәреплеме ушырасыўы болып өтти.
Кейинги бес жылда үш мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми дерлик 45 процентке өсти ҳәм 2024-жылы 3,2 миллиард долларды қурады. Инвестициялық бирге ислесиў де табыслы раўажланбақта - Өзбекстанда Түркия ҳәм Әзербайжан капиталының қатнасыўындағы 2 100 кәрхана жумыс алып бармақта, бул 2020-жылға салыстырғанда 2,5 есеге көп. Ҳәзирги ўақытта Түркия ҳәм Әзербайжанда Өзбекстан инвестициясының қатнасыўындағы 577 қоспа кәрхана табыслы жумыс алып бармақта.
Лазиз Кудратов мәжилис қатнасыўшыларының итибарын және де жоқары нәтийжелерге ерисиў ушын бар экономикалық потенциалдан толық пайдаланыў зәрүр екенлигине қаратқан жағдайда, мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың перспективалы бағдарларына қаратылды.
Бул, биринши гезекте, 140 миллион адамлық улыўма базардан нәтийжели пайдаланыў арқалы саўда байланысларын раўажландырыў болып табылады. Сертификациялаў ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм санластырыў, тариф ҳәм тариф емес тосқынлықларды сапластырыў, үш мәмлекет ушын улыўма тән алынған халықаралық стандартлар ҳәм сертификатларды енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Және бир әҳмийетли бағдар - санаат кооперациясын раўажландырыў, жоқары қосымша қунға ийе өнимлер ислеп шығарыў көлемин арттырыў болып есапланады. Өзбекстанда ҳәр қандай қурамалы жойбарларды кейин ала жергиликли ҳәм регионаллық базарларға шығыў арқалы әмелге асырыў имканиятын беретуғын жеңиллетилген финанслық ҳәм инфраструктуралық шараятларға ийе еркин экономикалық зоналар шөлкемлестирилгени атап өтилди.
Ушырасыўда Түркия ҳәм Әзербайжанның тийисли министрликлери басшыларының да баянатлары тыңланды, көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша конструктивлик пикир алысылды ҳәм мәмлекетлер арасындағы инвестициялық және саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бағдарларын сәўлелендиретуғын Анкара декларациясына қол қойыў мәресими болып өтти.
Сапар шеңберинде Лазиз Кудратов Түркия Саўда министри Омер Болат, Әзербайжан Саўда министри Микайил Жабборов, Ҳектаş, «Ostim» EIZ, BCM, Sham Yapi, Yildizlar Group сыяқлы ири компаниялар басшылары менен бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер өткерди, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.