Өзбекстан, Түркменстан ҳәм Әзербайжан жетекшилериниң ушырасыўы болып өтти

    "Аваза" миллий туризм зонасында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң үш тәреплеме ушырасыўы болып өтти.

    Саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, энергетика ҳәм гуманитарлық тараўлардағы көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

    Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында Гурбангули Бердимуҳамедовты август айының басында БМШтың Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы табыслы өткерилгени менен және бир мәрте қызғын қутлықлады.

    Өзбекстан Президенти Әзербайжан жетекшиси Илҳам Алиевти жақында Вашингтон қаласында Армения менен тынышлық декларациясына қол қойылғаны менен де қызғын қутлықлайды.

    Мәмлекетимиз басшысы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша бир қатар анық усынысларды билдирди.

    Үш мәмлекеттиң үлкен транзит потенциалын толық иске қосыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Әмелдеги ҳәм перспективалы коридорлардың тутасыўы Қытайды мәмлекетлеримиз аймақлары арқалы Қубла Азия, Жақын Шығыс ҳәм Европа менен байланыстыратуғын турақлы ҳәм нәтийжели трансконтиненталлық жөнелисти қәлиплестириў имканиятын беретуғынына исеним билдирилди.

    Ҳәзирги күнде Қытай-Өзбекстан темир жолының қурылысы басланған. Буннан тысқары, жақында Пакистан ҳәм Аўғанстан менен Трансаўған коридорын қурыў жойбары бойынша меморандумға қол қойылды.

    Жаңа жүк ағымлары, бәринен бурын, Әзербайжан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан инфраструктурасынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлейтуғыны атап өтилди.

    Орта маршрутты, соның ишинде, Зангезур коридорын раўажландырыў бағдарындағы режелер де қоллап-қуўатланды.

    Ең әҳмийетли мәселелерди экспертлер дәрежесинде биргеликте ислеп шығыўға кирисиў усыныс етилди.

    Бул - өткериўшеңлик қәбилетин кеңейтиў, соның ишинде, Түркменбашы ҳәм Баку портларында заманагөй логистика инфраструктурасын жаратыў, келисилген тариф сиясатын жүргизиў, тәртип-қағыйдаларды санластырыў ҳәм жүклер қадағалаўын тәмийинлеў мәселелери болып есапланады.

    Өзбекстан тийкарғы базарларға бизнес ушын ең қысқа ҳәм пайдалы шығыўды тәмийинлеў мақсетинде жүк тасыў тарифлерин өз-ара тийкарда азайтыўға таяр екени билдирилди.

    Буннан тысқары, ҳәрекетлерди бирлестириў логистика инфраструктурасын раўажландырыўда қатнасыўы мүмкин болған донор мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен прагматикалық бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятын беретуғыны атап өтилди.

    Соның менен бирге, Өзбекстан Каспий теңизи арқалы жүклерди тасыў ушын өзиниң паром қуўатлықларын жаратыўдан мәпдар екени билдирилди.

    Энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде кооперацияны тереңлестириў ҳәм энергия ресурсларын үшинши мәмлекетлерге экспорт етиў жолларын раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Бул бағдарда Европаға "жасыл" энергия жеткерип бериўди шөлкемлестириў жойбары перспективалы екени атап өтилди.

    Дәстүрий углеводородлар бағдарында Каспий шелфинде геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм кәнлерди өзлестириў тараўында бирге ислесиў перспективаларын үйрениў усыныс етилди.

    Товар алмасыўды ҳәм санаат кооперациясы көлемин түп-тийкарынан арттырыў және бир тийкарғы бағдар сыпатында атап өтилди. Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Өзбекстанның Түркменстан ҳәм Әзербайжан менен өз-ара саўда көлеми 2 есеге артты. Товар алмасыў қурамында санаат өнимлериниң үлеси 40 процентке жетти.

    Турақлы саўда-логистика шынжырларын раўажландырыў, көтере саўда-бөлистириў орайларын шөлкемлестириў ҳәм ири саўда тармақларына шығыў, фитосанитария ҳәм карантин талапларын унификациялаў, өнимлерди санлы маркировкалаўды енгизиў, биргеликтеги электрон платформаларды иске қосыў ҳәм товар-шийки зат биржалары кооперациясын кеңейтиўди нәзерде тутатуғын комплексли ҳәрекетлер режесин биргеликте таярлаў усыныс етилди.

    Саўда-санаат палаталарының қәўендерлигинде көргизбе-ярмарка илажлары ҳәм исбилерменлик ушырасыўларын өткериў арқалы үш мәмлекет аймақларын бул процесслерге жедел тартыў усыныс етилди.

    Гуманитарлық байланысларды кеңейтиў шеңберинде мәмлекетлеримиз ҳәм үшинши мәмлекетлерден туристлердиң ағымын көбейтиў, халықларымыздың бай мәдений мийрасының уқсаслығын, дәстүр ҳәм үрп-әдетлериниң жақынлығын көрсетиў имканиятын беретуғын туризм ҳәм мәдений алмасыўлардың үш тәреплеме бағдарламасын қабыл етиў усыныс етилди.

    Жуўмағында мәмлекетимиз басшысы алға қойылған басламалар ҳәм ерисилген келисимлерди әмелге асырыў ушын "жол картасы"н таярлаў, сондай-ақ, тийкарғы бағдарлар бойынша министрлердиң қоспа ушырасыўлары механизмин иске қосыўды усыныс етти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates