Сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Еки тәреплеме қатнасықларды, соның ишинде, сиясий сөйлесиў ҳәм экономикалық бирге ислесиў механизмлерин жаратыў арқалы сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығыўға өз-ара қызығыўшылық билдирилди.

Саўда ҳәм инвестиция тараўларындағы бирге ислесиў потенциалын жүзеге шығарыў, аграр ҳәм азық-аўқат санааты, транспорт ҳәм басқа да тараўларда кооперация жойбарларын әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Жетекшилер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.