Жетекшилер Өзбекстан-АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери ҳәм тийкарғы бағдарларын толық додалады.

Регионаллық ҳәм глобал әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды. Усы жыл 5-сентябрь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиў жуўмағында ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы көрип шығылды.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Президент Дональд Трампты ишки ҳәм сыртқы сиясатты әмелге асырыўдағы жоқары табыслары менен қызғын қутлықлады. Оның халықаралық ҳәм регионаллық көлемдеги кескин келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў бағдарындағы жеке үлеси ҳәм ҳәрекетлери айрықша атап өтилди.

Өз гезегинде, АҚШ жетекшиси Жаңа Өзбекстанда экономиканы модернизациялаў, халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм халықаралық абырайды жоқарылатыўға қаратылған артқа қайтпайтуғын реформаларды және бир мәрте қоллап-қуўатлады.

Ҳәр қыйлы дәрежелердеги сиясий сөйлесиў ҳәм алмасыўлар жедел раўажланып атырғаны, исбилерменлик байланыслары жеделлескени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

АҚШ Президенти күни кеше Өзбекстан жетекшисиниң АҚШтың 50 ден аслам ири компания ҳәм банклериниң басшылары менен өткерген ушырасыў ҳәм сөйлесиўлердиң пайдалы нәтийжелерин жоқары баҳалады.

Пуқаралық авиация, таў-кән санааты, әҳмийетли минераллар, қаржы, инновациялар, химия, энергетика ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда шәртнамалар ҳәм перспективалы жойбарлар портфели қәлиплестирилди.

Бул жойбар ҳәм келисимлер еки мәмлекетте он мыңлаған жаңа жумыс орынларын жарататуғыны атап өтилди.

Сөйлесиўлер жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Президент Дональд Трампты өзи ушын қолайлы мүддетте Өзбекстанға рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм АҚШ Президенти Дональд Трамптың ушырасыўы ашық, конструктивлик ҳәм дослық руўхында өтти.