Илажды Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева ҳәм Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси Республикалық Кеңесиниң Баслығы Наталья Кочанова кирис сөз бенен ашты.
Жалпы мәжилистиң ашылыўында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко тәрепинен жолланған мүрәжатлар оқып еситтирилди.
Бул мүрәжатларда еки мәмлекет басшыларының ҳаял-қызлардың қатнасыўындағы бизнес бирге ислесиўин раўажландырыўға қаратып атырған итибары айрықша атап өтилди.
Илажда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы, оның перспективалары, атап айтқанда, ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды.
Бизнес-форум нәтийжелери нәтийжели ҳәм әмелий жақтан бай болды. Форум шеңберинде 140 миллион доллардан аслам баҳадағы 10 коммерциялық келисим, 3 түсинисиў меморандумы, 27 шәртнама ҳәм 4 "жол картасы"на қол қойылды.
Илажда Өзбекстан ҳәм Беларусстан 200 ден аслам исбилерменлер қатнасты. Олардың 60ы өзбекстанлы исбилермен ҳаял-қызлар болып есапланады. Исбилерменлеримиз ҳәр қыйлы тараўларға байланыслы жойбарларды усынды ҳәм бирге ислесиў перспективаларын додалады.
Форум қатнасыўшылары тәрепинен Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы бирге ислесиўди және де тереңлестириў, жаңа басламалар ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын беккем тийкар жаратылғаны атап өтилди.
Жалпы мәжилис жуўмағында Өзбекстан ҳәм Беларусь исбилермен ҳаял-қызларының үшинши бизнес-форумының декларациясы қабыл етилди. Онда бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.
Өзбекстан-Беларусь исбилермен ҳаял-қызларының гезектеги - төртинши бизнес-форумын Өзбекстанда, тарийхый қалалардың биринде өткериў режелестирилип атырғаны атап өтилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









