Мәмлекет басшылары көп қырлы Өзбекстан-Франция қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелерин жүзбе-жүз ҳәм делегациялардың қатнасыўында ҳәр тәреплеме додалады.
Еки мәмлекет жетекшилериниң 2023-жыл ноябрь айында Самарқанд қаласында болып өткен ушырасыўы даўамында ерисилген келисимлер әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел сөйлесиўлер даўам етпекте. Өткен жылы товар алмасыў көлеми биринши мәрте 1 миллиард евродан артты, қоспа кәрханалардың саны 4 есеге көбейди.
Елимизде Францияның "“Orano”, “EDF”, “Total”, “SUEZ”, “Voltalia”, “Veolia” ҳәм көплеген басқа да жетекши компаниялары табыслы жумыс алып бармақта. Франция раўажланыў агентлиги менен бирге ислесиў жаңа сапаға ийе болды, оның менен жаңа Бирге ислесиў бағдарламасы қабыл етилмекте.
Сапарға таярлық шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси ҳәм "MEDEF" бизнес миссиясы нәтийжели өтти, Исбилерменлер палатасы өз жумысын баслады.
Усы күнлерде Париж, Тулуза, Лион ҳәм Ницца қалаларында аймақлардың белсене қатнасыўында қоспа илажлар өткерилмекте. Күни кеше биргеликтеги медицина форумы ҳәм илим ҳәм билимлендириў бойынша конференция, Өзбекстанның туризм потенциалы ҳәм мәдениятына бағышланған презентациялар өткерилди. Гретц-Арменвиль қаласында уллы ойшыл Әбиў Райхан Беруний бюсти ашылды.
Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық-финанслық тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, Францияның жетекши компаниялары ҳәм кәрханалары менен кооперация жойбарларын алға қойыўға тийкарғы әҳмийет қаратылды.
Бул ретки саммитке жаңа Инновация ҳәм санаат шериклиги бағдарламасы таярланған. Әҳмийетли минерал шийки зат ресурсларын қазып алыў ҳәм қайта ислеў, энергетика, инфраструктураны раўажландырыў, транспорт ҳәм басқа да тармақларда улыўма баҳасы 6,5 миллиард евро муғдарында биргеликтеги жойбарларды алға қойыў нәзерде тутылған.
Улыўма, биргеликтеги жойбарлар портфели 12 миллиард евродан асламды қурамақта.
Усы мәниде, қаржылай қоллап-қуўатлаў қуралларын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы узақ мүддетли кооперациялық байланысларды жолға қойыўға жәрдемлесиў мақсетинде Өзбекстан-Франция инвестициялық кеңесин шөлкемлестириў ҳәм оның биринши мәжилисин усы жылы июнь айында Ташкент инвестициялық форумы шеңберинде өткериўди усыныс етти.
Аймақлараралық байланысларды хошаметлеў мақсетинде келеси жылы Самарқанд қаласында еки мәмлекет аймақларының биринши форумын өткериўге келисип алынды.
Жетекшилер гуманитарлық бағдардағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратты. Париж қаласында Савицкий музейи топламындағы авангард шығармалар көргизбесин шөлкемлестириў, мәдений естеликлерди сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша бирге ислесиў ушын мәмлекетимизде Франция мийрасы институтының ўәкилханасын ашыў режелери қоллап-қуўатланды.
Усы жылы Ташкент қаласында Франциядан тәжирийбели қәнигелерди тартқан ҳалда Өзбекстан-Франция университетиниң ашылыўы билимлендириў тараўындағы тийкарғы келисим болғаны атап өтилди. Француз тили муғаллимлерин таярлаў тараўында да нәтийжели бирге ислесиў даўам еттириледи.
Исбилерменлик, туризм ҳәм мәдений алмасыўларды жеделлестириў мақсетинде тәреплер тиккелей авиақатнаўлардың санын көбейтиў мәселесин көрип шығады.
Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты. Көп тәреплеме шөлкемлер шеңберинде бир-бирин қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў, терроризм, экстремизм, радикализм, кибержынаятшылық ҳәм қәўипсизликке қәўип туўдырып атырған басқа да заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Системалы сөйлесиўди жолға қойыў ҳәм муўапықластырыў мақсетинде сыртқы ислер министрликлери басшылығында экономикалық уйымларды тартқан ҳалда Стратегиялық режелестириў топарын дүзиўге келисип алынды.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында мәмлекет басшылары еки мәмлекет арасында стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққында тарийхый қарарға келди.
Ушырасыў жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев Президент Эммануэль Макронды өзи ушын қолайлы ўақытта жуўап сапары менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.